Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Халықтың саламатлығын сақлаў ҳәм коронавирусқа қарсы гүресиў илажлары белгиленди

2021-04-02 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 1-апрель күни халықтың саламатлығын сақлаў ҳәм коронавирусқа қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Ҳәммемизге белгили,  2020-жыл 12-ноябрьде мәмлекетимиз басшысының  дәслепки медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелериниң жумысына пүткиллей жаңа механизмлерди енгизиў ҳаққында пәрманы, медициналық профилактика жумысларының нәтийжелилигин және де арттырыў арқалы жәмийет саламатлығын тәмийинлеў бойынша қарары қабыл етилген еди. Оларға муўапық, кеселликлерди ерте анықлаў, дурыс диагноз ҳәм емлеў методларын өзгертип, бул бағдарда жаңаша система шөлкемлестириле баслаған еди.

Мәжилисте усы ўазыйпалардың орынланыўы ҳаққында сөз болып, Президент үш сораўды ортаға қойды:

биринши – енгизилген жаңа система бойынша медициналық картаның қәлиплестирилгени, халықтың қәўип топарларына бөлингени нени көрсетти?

екинши – мәҳәллелер кесиминде медицина бригадалары қәлиплестирилип, халық пенен мәнзилли ислесе баслағанынан қанша адам разы болды?

үшинши – медициналық мәкемелерде қайсы хызметлер бийпул болды?

Ҳәзирги жағдайдың талапқа жуўап бермей атырғанын, тараўдағы өзгерислерди халық тезирек сезиўи керек екенлиги атап өтилди. Реформаларды жеделлестириў ушын Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларға Бас министрдиң орынбасары, денсаўлықты сақлаў министри ҳәм оның орынбасарларынан жуўапкерлер бириктирилди.

Президенттиң 12-ноябрьдеги және бир қарарына бола, Сырдәрья ўәлаятында денсаўлықты сақлаў системасын шөлкемлестириўдиң жаңа модели ҳәм мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша тәжирийбе-сынақ өткерилди. Мәжилисте Сырдәрья ўәлаяты денсаўлықты сақлаў басқармасы баслығы усы жаңа системаның нәтийжелери ҳаққында есабат берди.

Атап өтилгениндей, Сырдәрья ўәлаятының 236 мәҳәллесин толық қамтып алыў ушын 421 медицина бригадасы шөлкемлестирилген. Халықтың саламатлық жағдайы хатлаўдан өткерилип, олар 4 қәўипли топарға ажыратылған ҳәм ўәлаяттың «электрон медициналық картасы» жаратылған.

Мысалы ушын, Боёвут районында 31 мың халық өзин саламат деп билсе-де, артықша салмақ, надурыс аўқатланыў, зыянлы әдетлер себепли оларда жүрек-қан тамыр, диабет, өкпе кеселликлерине шатылыў итималының жоқары екени анықланған. Сондай-ақ, бурын шыпакерге мүрәжат етпеген 257 пуқарада кеселликлер аўыр басқышта екени белгили болған.

Мәмлекетимиз басшысы бул тәжирийбени системалы даўам еттирип, барлық аймақларда енгизиў бойынша көрсетпе берди. Оның ушын аўыл ҳәм мәҳәллелерде медицина бригадалары шөлкемлестирилип, халықты мәнзилли тексериўден өткериў ҳәм емлеў жумыслары алып барылады, аймақлардың «медициналық карталары» қәлиплестириледи.

Республикалық қәнигелестирилген медицина орайларының вертикал жумыс системасын жетилистирип, оларды шаңарақлық шыпакер пунктлери менен байланыстырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Яғный, наўқасларды әўере етип пайтахтқа жибермей, оларға жасаў орнында жетик медициналық жәрдем алыў имканиятын жаратыў керек.

Өткен жылы қәнигелестирилген орайларда емлениўге мүтәж 84 мың наўқастан тек ғана 51 мыңы бийпул ордер менен тәмийинленген.

Президент ордерлер ушын қаржыны дерлик 1,5 есеге көбейтип, қосымша 80 миллиард сум ажыратыў бойынша Қаржы министрлигине көрсетпе берди.

Денсаўлықты сақлаў министрлигине ҳәкимликлер менен бирге, жылдың ақырына шекем ҳәр бир наўқастың саламатлығын тиклеў  мәнзили ҳәм мүддетлерин белгилеп, емлеўди шөлкемлестириў бойынша ўазыйпа қойылды. Қәнигелестирилген медициналық орайлар өзиниң бағдары бойынша аймақлардағы 3 мыңнан аслам шаңарақлық шыпакерди қысқа мүддетли курсларда оқытатуғын болды.

Және бир мәселе – бүгинги күнде донор наўқастың жақын туўысқаны болмаса, трансплантацияға руқсат берилмеген. Ақыбетинде, көпшилик пуқараларымыз бундай әмелиятты сырт елде өткериўге мәжбүр болмақта. Соның ушын инсан органлары трансплантациясының нызамлы тийкарларын ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Медициналық хызметлер менен қамтып алыўды кеңейтиў мақсетинде елимизде жеке меншик медициналық шөлкемлер ушын барлық ҳуқықый тийкарлар, имканиятлар жаратылған. Бирақ аймақларда кеселликлердиң түрине қарап, жеке меншик емлеў орынларын шөлкемлестириў жумыслары жетерли дәрежеде емеслиги атап өтилди.

Мысал ушын, халық арасында талап жоқары болған гемодиализ, медициналық диагностика ҳәм реабилитация хызметлери бойынша жеке меншик клиникалар жетиспейди.

Жуўапкерлерге мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарындағы жойбарларды көбейтиў, 170 районлық ҳәм қалалық медицина бирлеспелерин компьютер томографлары менен тәмийинлеў, олардан пайдаланыў бойынша хызметкерлердиң маманлығын арттырыў бағдарында тапсырылмалар берилди.

Тараўдағы коррупция иллетине де тоқтап өтилди. Өткен жылы системада 30 миллиард сумнан аслам қаржы талан-тараж етилгени айтылды. Соның ушын, тәсиршең қадағалаў системасын орнатып, ажыратылып атырған қаржылар орнына жетип барыўы, дәри-дәрмақ ҳәм медицина үскенелериниң ашық-айдын сатып алыныўы, төлемли хызметлерден түсимлер мақсетли ислетилиўин тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәжилисте кадрлар мәселесине айрықша итибар қаратылды. Ҳәммемизге белгили, бул бойынша шетки аймақларда талаптың жоқары екенлигин есапқа алып, «Аўыл шыпакери» бағдарламасы қабыл етилген еди. Бундай орынларда ислемекши болған шыпакерлерге 30 миллион сум пул берилетуғыны белгиленип, бул мақсетлер ушын бюджеттен 20 миллиард сум ажыратылған. Бирақ, арадан 4 ай ўақыт өткен болса да, ҳеш бир талабан менен шәртнамаға қол қойылмаған. Бүгинги күнде алыс ҳәм шетки аймақлар ушын 220 шыпакер зәрүр. Буннан тысқары, аймақларда 10 мың тар қәниге жетиспейди.

Соның ушын келеси оқыў жылынан клиникалық ординатураның қабыллаў квотасының еки есеге арттырылатуғыны белгиленди. Бул жаңа системада ординаторлар оқыў процесиниң ярымын жоқары оқыў орны ҳәм қәнигелескен орайларда, қалған ярымын болса жумыс орнында даўам еттиреди. Ўәлаят ҳәкимлери өзиниң аймағы ушын зәрүр болған тар қәнигеликтеги шыпакерлерди таярлаў ушын жергиликли бюджеттен грант ажыратады.

Мәмлекетимиз басшысы коронавирус пандемиясы менен байланыслы жағдайда айрықша тоқтап өтти.

– Усы жылдың басында күнине орташа 30-40 наўқас анықланған болса, март айының орталарынан бул көрсеткиш 160-180 ди қурамақта. Кеселликтиң жүдә аўыр өтиўи, ҳәттеки өлимшилик жағдайлары да дизимге алынбақта. Оның себеби – көпшилик пуқаралар арқайынлыққа берилип, медициналық нықап тағыў, социаллық аралықты сақлаў, антисептик қураллардан пайдаланыў сыяқлы карантин талапларына бийпәрўа болып қалды, – деди Шавкат Мирзиёев.

Бас министрге коронавирусқа қарсы гүресиў бойынша аймақлық штаблардың жумысын күшейтиў, күни-түни ислейтуғын «колл-орай»лар ҳәм мобиль бригадалардың жумысын жолға қойыў бойынша тапсырма берилди. Дәри-дәрмақ ҳәм қорғаныў қуралларының кеминде 3 айлық резервин қәлиплестириў, аймақларда 60 кислород станциясын иске қосып, реанимация ҳәм интенсив емлеў бөлимлерин кислород пенен үзликсиз тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды.

– Тилекке қарсы, бул бәлениң ақыры көринбей атыр. Европа мәмлекетлери және локдаунға кирип атыр. Қоңсыларымызда да жағдай жақсы емес. Қәўип қасымызда жүр. Соның ушын қырағы болыўымыз керек. Алдын қандай ислеген болсақ, сол тәртипти тиклеймиз. Қудай көрсетпесин, сонша еткен ҳәрекетимиз бийкарға кетиўи мүмкин. Экономикалық көзқарастан жүдә үлкен шеклер қойғанбыз. Егер жаўылып қалсақ, бул нәтийжелерге ерисе алмаймыз. Ҳеш жерди жаўмаймыз, бирақ тәртип-интизамды күшейтемиз. Кеселленгенлерди де тез-тез емлеў илажларын көриў керек, – деди Президент.

Апрель-июнь айларында қәўипли топарға тийисли  4  миллионнан аслам халықты коронавирусқа қарсы шаншыў режелестирилген. Ҳәзирги күнде 660 мың доза вакцина алып келинген. Ҳүкимет комиссиясына Қытайдан және 3,5 миллион доза ҳәм Россиядан 1 миллион доза сатып алыў бойынша көрсетпе берилди.

Пуқараларды жасаў мәнзили бойынша шаншыў күни ҳәм орны ҳаққында хабардар етип барыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша министрлер, ҳәкимлер ҳәм медицина мәкемелериниң басшылары мәлимлеме берди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться