Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Президенти Россия елшисин қабыллады

2021-03-17 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-март күни Россия Федерациясының Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Владимир Тюрденевти елимиздеги дипломатиялық миссиясының жуўмақланғаны мүнәсибети менен қабыллады.

Мәмлекетимиз басшысы Россияның Өзбекстандағы дипломатиялық ўәкилханасына 11 жылдан аслам ўақыт даўамында басшылық етип киятырған елши Владимир Тюрденевтиң еки тәреплеме дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын беккемлеў, мәмлекетлеримиз арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиўге қосқан жеке үлесин айрықша атап өтти.

Елшиниң белсене қатнасы ҳәм жәрдеминде ҳәр қыйлы дәрежелерде  системалы сөйлесиўлер ҳәм нәтийжели байланыслардың жолға қойылғаны атап өтилди. Саўда-экономикалық тараўда сезилерли жетискенликлерге ерисилди. Атап айтқанда, кейинги жыллары өз-ара саўда көлеми артты, ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта. Өзбекстан ҳәм Россия аймақлары менен исбилермен топарларының экономиканың тийкарғы тармақларындағы кооперациясы күшейди.

Билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм мәдений гуманитарлық алмасыў бойынша әҳмийетли бағдарламалар әмелге асырылмақта. Бүгинги күнде елимизде Россия жетекши мәкемелериниң 12 филиалы жумыс ислемекте.

Ушырасыў соңында Өзбекстан Президенти Россия елшисин мәмлекетлераралық қатнасықларды тереңлестириў ҳәм ҳәр тәреплеме байланысларды раўажландырыўға қосқан үлеси, халықларымыз арасындағы дослық байланыслары ҳәм өз-ара түсинисиўди беккемлеўдеги белсене қатнасы ушын Өзбекстан Республикасының Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықлады.

Владимир Тюрденев оның дипломатиялық жумысына берилген жоқары баҳа, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы кең көлемли бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылып атырған айрықша итибар ушын мәмлекетимиз басшысына терең миннетдаршылық билдирди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться