Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан ҳәм Қазақстан президентлери еки тәреплеме ҳәм регионаллық күн тәртибин додалады

2021-03-15 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 15-март күни Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен телефон арқалы сөйлести

Сөйлесиўде көп қырлы Өзбекстан-Қазақстан қатнасықларын буннан былай да кеңейтиў, мәмлекетлеримиз арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Пандемияның унамсыз ақыбетлерин тез пурсатта жеңип өтиў масетинде  экономикалық тараўдағы бирге ислесиўди жеделлестириўге айрықша итибар қаратылды.

Буның ушын өз-ара саўда көлемин арттырыў, қабыл етилген «жол картасы» шеңберинде санаат кооперациясы бойынша биргеликтеги жойбарларды алға қойыў және шегара алды районларда нәтийжели транспорт коммуникациялары ҳәм логистика инфраструктурасын раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Буннан тысқары, денсаўлықты сақлаў, фармацевтика ҳәм билимлендириў тараўларында ҳүкиметлер, мәпдар уйымлар ҳәм шөлкемлер дәрежесинде белсенди алмасыўларды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша пикир алысылды. Болажақ еки ҳәм көп тәреплеме илажлардың режеси көрип шығылды.

Сәўбетлесиў жуўмағында мәмлекет басшылары жақынлап киятырған бәҳәр әййями – Наўрыз мүнәсибети менен бир-бирин қызғын қутлықлап, туўысқан халықларымызға тынышлық, абаданшылық ҳәм раўажланыў тиледи.

Өзбекстан ҳәм Қазақстан Президентлериниң телефон арқалы сөйлесиўи ҳәр қашанғыдай исшең ҳәм дослық руўхында өтти

Дерек: ӨзА

Поделиться