Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Жасалма интеллект технологияларын жедел енгизиў ушын шараятлар жаратыў илажлары ҳаққында
2021-02-18 | Ҳүжжетлер
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
«Санлы Өзбекстан – 2030» Стратегиясына муўапық және жасалма интеллект технологияларын жедел енгизиў ҳәм оларды елимизде кеңнен қолланыў, санлы мағлыўматлардан пайдаланыў имканиятын ҳәм олардың жоқары сапасын тәмийинлеў, бул тараўда маман кадрлар таярлаў ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде:
1.Төмендегилер тастыйықлансын:
а) төмендеги тийкарғы әҳмийетли бағдарларды нәзерде тутатуғын 2021-2022-жыллары жасалма интеллект технологияларын үйрениў ҳәм енгизиў бойынша илажлар бағдарламасы (кейинги орынларда-Бағдарлама) 1-қосымшаға муўапық:
жасалма интеллектти қолланыўдың тийкарғы бағдарлары ҳәм принциплерин, сондай-ақ, жақын ҳәм узақ келешекте бул тараўды комплексли қәлиплестириў ушын шараятларды белгилеўши Жасалма интеллектти раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў;
экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўда тараўда, мәмлекетлик басқарыў системасында жасалма интеллект технологияларын ислеп шығыў ҳәм олардан пайдаланыўда бирден-бир талаплар, жуўапкершилик, қәўипсизлик ҳәм ашық-айдынлықты белгилеўши нормативлик-ҳуқықый базаны ислеп шығыў;
халық мәплери жолында мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң сапасын жақсылаў, сондай-ақ, мағлыўматларды қайта ислеўде мәмлекетлик уйымлардың нәтийжелилигин арттырыў ушын жасалма интеллект технологияларынан кеңнен пайдаланыў;
пайдалы технологиялық шешимлерди ислеп шығыў бойынша фундаменталь ҳәм әмелий илимий изертлеўлерди өткериў ҳәм оларды кейин ала коммерцияластырыўды хошаметлеўши жасалма интеллект тараўында инновациялық қолланбалардың жергиликли экосистемасын жаратыў;
жасалма интеллект технологияларын қолланыўшы программалық тәмийнатты ислеп шығыўшыларға санлы мағлыўматлардан пайдаланыў ушын шараят жаратыў, сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң тийисли мағлыўматларын оператив санластырыўды тәмийинлеў;
жасалма интеллект тараўындағы илимий жумыслар ҳәм қолланбалардың инвестициялық тартымлылығын қәлиплестириў, соның ишинде, товарлардың (мийнет ҳәм хызметлердиң) ишки ҳәм сыртқы базарларда бәсекиге шыдамлылығын арттырыў;
жергиликли кәрханалар ҳәм қәнигелердиң жасалма интеллект тараўындағы мәлимлеме ресурслары ҳәм билимлерден пайдаланыў имканиятын тәмийинлеў, сондай-ақ, зәрүр билимлендириў орталығын раўажландырыў;
қоспа халықаралық изертлеў жумысын әмелге асырыў, кадрлар таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў, республикамыздың абырайлы рейтинглер ҳәм индекслерде позициясын жақсылаў мақсетинде жасалма интеллект ҳәм оны қолланыў технологиялары тараўында халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў;
б) төмендеги тийкарғы тармақлар ҳәм тараўларда, соның ишинде, Программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары технологиялық парки резидентлерин тартқан ҳалда Жасалма интеллект технологияларын енгизиў бойынша 2021-2022-жыллары әмелге асырылатуғын тәжирийбе-сынаў жойбарлары дизими 2-қосымшаға муўапық:
аўыл хожалығы тараўында: жерди аралықтан зондлаў мағлыўматлары тийкарында топырақ ҳәм аўыл хожалығы егинлериниң жағдайын, аўыл хожалығы техникасы, соның ишинде, комбайнлардың жумысын мониторинг етиў процесинде жасалма интеллект технологияларын қолланыў – Аўыл хожалығы министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, «Өзбеккосмос» агентлиги (Ж.Ходжаев, Қ.Юлдашев, Ш.Қодиров);
банк тараўында: коммерциялық банклердиң жумысын мониторинг етиў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм олар тәрепинен тәртипке салыў талаплары (SubTech ҳәм RegTech) орынланыўын әпиўайыластырыў, сондай-ақ, банк хызметлерин көрсетиў сапасын таллаў, пайдаланыўшыларды аралықтан биометрикалық идентификациялаў (Face-ID) ҳәм кредит тәўекелшиликлерин баҳалаў ушын жасалма интеллект технологияларын қолланыў – Орайлық банк, «Өзбекстан Республикасы сыртқы экономикалық жумыс миллий банки» АЖ, АК «Алоқабанк» (М.Нурмуратов, А.Мирсоатов, К.Ирисбекова);
қаржы тараўында: бюджет қәрежетлери, пенсия, социаллық ҳәм қамсызландырыў төлемлери, сондай-ақ, напақа төлемлерин таллаў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў ушын жасалма интеллект технологияларын қолланыў – Қаржы министрлиги (Т.Ишметов);
салық тараўында: юридикалық тәреплердиң салық түсимлерин таллаў, салық төлемлериндеги айырмашылықларды анықлаўда жасалма интеллект технологияларын қолланыў – Мәмлекетлик салық комитети, Қаржы министрлиги (Ш.Кудбиев, Д.Султонов);
транспорт тараўында: локомотивлерди басқарыў процесинде олардың ҳәрекетин бақлап барыў ҳәм қәўипли жағдайларда машинистлерди ескертиўде, жәмийетлик транспорт ҳәрекетин таллаў ҳәм олардың оптимал жөнелислерин анықлаўда, сондай-ақ, автомобиль ҳәрекетин ҳәм транспорт тығылысларын мониторинг етиўде жасалма интеллект технологияларын қолланыў – Транспорт министрлиги, «Өзбекстан темир жоллары» АЖ, «Тошшаҳартрансхизмат» АЖ, Ишки ислер министрлиги (И.Маҳкамов, Х.Хасилов, А.Жўраев, А.Икрамов);
энергетика тараўында: энергия ресурсларын ислеп шығарыў ҳәм олардан пайдаланыўды прогноз етиўде, технологиялық үскенелердиң жумысын оптималластырыўда жасалма интеллект технологияларын қолланыў – Энергетика министрлиги, «Аймақлық электр тармақлары» АЖ (А.Султонов, У.Мустафоев);
денсаўлықты сақлаў тараўында: инсан өкпесиниң компьютер томографиясы анализи тийкарында пневмонияны анықлаў және маммография анализи тийкарында көкирек бези рагине басланғыш басқышта диагноз қойыў ушын жасалма интеллект технологияларын қолланыў – Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Хаджибаев, А.Азизов);
фармацевтика тараўында: базардың дәри қураллары ҳәм медициналық буйымларға болған талапларын таллаў ҳәм прогнозластырыўда жасалма интеллект технологияларын қолланыў – Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги, «Дәри-Дәрмақ» АК, Денсаўлықты сақлаў министрлиги (С.Кариев, У.Салихбаева, А.Азизов);
электрон ҳүкимет тараўында: электрон мәмлекетлик ҳәм қаржы хызметлерин көрсетиўде пайдаланыўшыларды аралықтан турып биометрикалық идентификациялаў (Face-ID) ушын жасалма интеллект технологияларын қолланыў – Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.Садиков).
2.Төмендегилерге:
Инновациялық раўажланыў министрлигине (И.Абдурахмонов) жасалма интеллект тараўында илимий-техникалық изертлеўлер ҳәм инновациялық қолланбаларды қоллап-қуўатлаў;
Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигине (Ш.Садиков) жасалма интеллект тийкарындағы программалық өнимлерди ислеп шығыў ҳәм енгизиў ушын технологиялық шараятларды жаратыў;
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 5-октябрьдеги ПП- 6079-санлы пәрманы менен шөлкемлестирилген «Санлы Өзбекстан – 2030» Стратегиясын әмелге асырыў бойынша муўапықластырыў комиссиясына (А.Н.Арипов) (кейинги орынларда – Муўапықластырыў комиссиясы) Бағдарламаны және жасалма интеллект технологияларын шөлкемлестириў ҳәм қолланыўға байланыслы басқа да басламаларды комплексли муўапықластырыў бойынша жуўапкершилик жүкленсин.
3.Муўапықластырыў комиссиясы (А.Н.Арипов) жетекши сырт ел қәнигелери ҳәм компанияларын тартқан ҳалда 2021-жыл 1-декабрьге шекем жақын ҳәм узақ келешекке мөлшерленген Жасалма интелектти раўажландырыў стратегиясын тастыйықлаў ушын киргизсин.
4.Жасалма интеллект тараўында илимий изертлеўлер ҳәм инновациялық қолланбаларды қаржыландырыў Инновациялық раўажланыў ҳәм новаторлық идеяларды қоллап-қуўатлаў қоры (кейинги орынларда – Қор) қаржылары есабынан бул мақсетлер ушын өз алдына ашылатуғын есап бети арқалы әмелге асырылатуғыны;
жасалма интеллект технологияларын қолланыўшы илимий-изертлеўлер ҳәм инновациялық қолланбаларды мақсетли қаржыландырыў Қордың қаржылары есабынан Муўапықластырыў комиссиясы жумысшы уйымының жуўмағына бола әмелге асырылатуғыны;
Инновациялық раўажланыў министрлиги Муўапықластырыў комиссиясының жуўмағына бола, мәмлекетлик илимий бағдарламалар бойынша илимий жойбарларды қаржыландырыў ушын мөлшерленген Мәмлекетлик бюджеттиң қаржылары шеңберинде Қорға жасалма интеллект тараўында илимий-изертлеў ҳәм инновациялық қолланбаларды және бул тараўды раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў илажларын қаржыландырыўға қаржыларды қаратыў ҳуқықына ийе екенлиги белгиленсин.
5.Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологилары университети жанындағы Мәлимлеме-коммуникация технологиялары илимий-инновациялық орайы және Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университети жанындағы Инттелектуаллық-программалық системалар илимий-әмелий орайы тийкарында Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги жанындағы Санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллектти раўажландырыў илимий-изертлеў институты (кейинги орынларда – Институт) шөлкемлестирилсин.
Төмендегилер Институттың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
«Санлы Өзбекстан – 2030» Стратегиясын ҳәр тәреплеме әмелге асырыўға қаратылған илимий-изертлеўлерди шөлкемлестириў және экономика тармақлары, социаллық тараў ҳәм мәмлекетлик басқарыў системасында жасалма интеллект технологияларын енгизиў;
жасалма интеллект тараўында фундаменталь ҳәм әмелий илимий изертлеўлерди алып барыў, санлы технологияларды раўажландырыўдың илимий экосистемасын қәлиплестириў;
жасалма интеллект технологиялары тийкарында басқарыў ҳәм өндирислик процесслерди автоматластырыў бойынша инновациялық өнимлерди және олардың модельлери, алгоритмлери ҳәм программалық тәмийнатын ислеп шығыў;
жасалма интеллект технологияларды раўажландырыў бойынша жетекши сырт ел инновациялық ҳәм илимий мәкемелери менен бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәм қоспа жойбарларды әмелге асырыў.
6.Институт юридикалық тәреп статусына ийе мәмлекетлик илимий шөлкем болып, Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университети жанындағы Мәлимлеме-коммуникация технологиялары илимий-инновациялық орайы және Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан миллий университети жанындағы Интеллектуаллық-программалық системалар илимий-әмелий орайының шәртнамалары ҳәм миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасхоры болып есапланатуғыны;
2021-жыл 1-марттан баслап Институттың ағымдағы жумысы, имарат ҳәм объектлерден пайдаланыў, хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеў (илимий хызметкерлерден тысқары) бойынша қәрежетлерди қаржыландырыў Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны;
Институт хызметкерлерине Илимлер академиясы системасындағы илимий-изертлеў мәкемелериниң тийисли лаўазымлары ушын белгиленген мийнетке ҳақы төлеў муғдарлары ҳәм шәртлери қолланылатуғыны;
Мәмлекетлик бюджеттиң усы қарар шеңберинде Институт жумысын шөлкемлестириў менен байланыслы қәрежетлери 2021-жылы биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўши сыпатында Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ушын ажыратылған бюджет ажыратпалары шеңберинде қаржыландырылатуғыны, 2022-жылдан баслап болса Мәмлекетлик бюджеттиң қәрежетлер параметрлеринде белгиленген тәртипте нәзерде тутылатуғыны белгиленсин.
7.Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги орайлық аппараты структурасында 15 штат бирлигинен ибарат болған Жасалма интеллект технологияларын енгизиў ҳәм раўажландырыў департаменти дүзилсин.
Департамент хызметкерлериниң саны усы қарардың 5-бәнтине муўапық қайта шөлкемлестирилип атырған орайлардың штат бирликлери есабынан қәлиплестирилетуғыны;
департамент жумысын улыўма муўапықластырыў, оны маман кадрлар менен толықтырыў Бас министрдиң кеңесгөйи – Министрлер Кабинетиниң 8Т -технологиялар, телекоммуникациялар ҳәм инновациялық жумысты раўажландырыў мәселелери бойынша департаменти баслығы тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
8.Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги, мәмлекетлик уйымлар, коммерциялық банклер ҳәм ири санаат кәрханаларының Жасалма интеллектти раўажландырыў бойынша қоспа альянсты 3-қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестириў бойынша усынысы мақуллансын.
Қоспа альянс жасалма интеллект технологияларын экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўда, мәмлекетлик басқарыў системасында енгизиў бойынша тийкарғы жойбарларды жедел ҳәм биргеликте әмелге асырыў, оларды ислеп шығыў қәрежетлерин оптималластырыў, бул тараўдағы ең жақсы тәжирийбелерди мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер арасында ғалаба ен жайдырыў мақсетинде шөлкемлестирилетуғыны;
Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Қоспа альянстың жумысшы уйымы болып есапланатуғыны белгиленсин.
9.Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Мәмлекетлик статистика комитети 2021-жыл 1-сентябрьге шекем Өзбекстан Республикасы Ашық мағлыўматлар порталының жумысы шеңберинде жергиликли илимий шөлкемлер ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери және мәлимлеме технологиялары тараўындағы программистлер ҳәм шөлкемлерге жасалма интеллект тийкарындағы программалық тәмийнаттан пайдаланыў ушын мәмлекетлик ҳәм басқа да мағлыўматлар топламларын алыў имканиятын беретуғын санлы мағлыўматлар платформасын жаратсын.
10.Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Монополияға қарсы гүресиў комитети, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Иннвоациялық раўажланыў министрлиги, Әдиллик министрлиги және Орайлық банк уйымлараралық жумысшы топарын шөлкемлестирсин ҳәм ең жақсы сырт ел тәжирийбелери тийкарында 2021-жыл 1-июньға шекем Министрлер Кабинетине экспериментал инновациялық изертлеўлер шеңберинде жасалма интеллект технологияларын қолланыў бойынша арнаўлы ҳуқықый режимди енгизиўдиң анық механизмлери ҳаққында, соның ишинде, төмендегилерди нәзерде тутатуғын усынысларды киргизсин:
исбилерменлик субъектлериниң жумысын жасалма интеллект технологиясы тийкарында трансформациялаўды қаржыландырыўға жәрдемлесиў бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм енгизиў;
исбилерменлик субъектлериниң жумысын жасалма интеллект технологиясы тийкарында трансформациялаў нәтийжесинде жумыс орынларын сақлап қалыў мақсетинде хызметкерлердиң маманлығын арттырыў ҳәм қайта таярлаўға кеткен қәрежетлерди субсидиялаў бағдарламасын ислеп шығыў;
исбилерменлик субъектлери ушын жасалма интеллект шешимлерин ислеп шығыў ҳәм өз жумысын енгизиў бойынша изертлеўлер ҳәм қолланбаларды (R&D) хошаметлеўши илажлар көриў.
11.Муўапықластырыў комиссиясының 2021-жылы жасалма интеллект тараўында жойбарларды әмелге асырыў ушын ашық түрде берилетуғын мәмлекетлик мағлыўматлар жаратылатуғын платформада 4-қосымшаға муўапық дизим бойынша жайластырыў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.
Жасалма интеллект ушын мәмлекетлик мағлыўматларды қәлиплестириўге жуўапкер тийисли министрлик ҳәм уйымлардың басшылары өзине тийисли бөлимлерде мағлыўматларды өз ўақтында жайластырыў, сондай-ақ, олардың толық екенлиги, әҳмийетли екенлиги және исенимлилиги бойынша жеке жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын.
Мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникациялар тараўында қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекция жасалма интеллект технологиялары тийкарында қайта ислеў ушын берилетуғын санлы мәмлекетлик мағлыўматлар топламларына кириў имканиятын шөлкемлестириў және олардың сапасы үстинен системалы қадағалаўды тәмийинлесин.
12.Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Инновациялық раўажланыў министрлиги және «Өзстандарт» агентлиги менен биргеликте бир ай мүддетте жасалма интеллект ҳәм үлкен көлемдеги мағлыўматлар тараўындағы халықаралық стандартларды Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик стандартлары сыпатында қабыл етиў бойынша жумыслар кестесин тастыйықласын.
13.Төмендегилер:
2021/2022-оқыў жылынан баслап грант тийкарында «Жасалма интеллект» бағдары бойынша кадрлар таярлаў басқышпа-басқыш басланатуғын жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм илимий шөлкемлердиң дизими 5-қосымшаға муўапық;
Экономика тармақлары, социаллық тараў ҳәм мәмлекетлик басқарыў системасында жасалма интеллект технологияларын әмелий қолланыў бойынша оқыў курслары ҳәм пәнлерин енгизиў нәзерде тутылған жоқары билимлендириў мәкемелериниң дизими 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Инновациялық раўажланыў министрлиги менен биргеликте 2021/2022-оқыў жылынан баслап 5- ҳәм 6-қосымшаларда көрсетилген ҳәр бир жоқары билимлендириў мәкемесине кеминде бир жетекши сырт ел экспертин ҳәм илимпазын жасалма интеллект ҳәм оны қолланыў технологиялары тараўында оқытыўда қатнасыў ушын тартсын.
Сырт ел экспертлери ҳәм илимпазларын жоқары билимлендириў мәкемелерине тартыў менен байланыслы қәрежетлер олардың бюджеттен тысқары қаржылары есабынан қапланатуғыны белгиленсин.
14.Инновациялық раўажланыў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Қаржы министрлиги 2021-жылдан баслап жасалма интеллект тараўында стажёр-изертлеўшилер және таяныш доктарантурада оқыўы ушын ҳәр жылы 5 адамлық квотаны мақсетли ажыратыўды нәзерде тутсын.
15.Министрлер Кабинети жанындағы Жоқары аттестация комисиясы, Инновациялық раўажланыў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги «Санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект» докторантура қәнигелигин шөлкемлестириўди нәзерде тутсын.
16.Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, АК «Алоқабанк», «Өзбекстан Республикасы Сыртқы экономикалық жумыс миллий банки» АЖ тәрепинен «Сбер» топары (Россия) менен биргеликте жасалма интеллект технологияларын қолланыў тараўында өз-ара бирге ислесиўди жолға қойыў жумысларының алып барылып атырғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Бас министрдиң кеңесгөйи О.М.Умаров, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.Садиков, О.Пекось), Инновациялық раўажланыў министрлиги (И.Абдурахмонов, А.Назаров), АК «Алоқабанк» (К.Ирисбекова), «Өзбекстан Республикасы Сыртқы экономикалық жумыс миллий банки» АЖ (А.Мирсоатов) экономика тармақлары ҳәм социаллық тараў, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының талапларынан келип шығып, «Сбер» топары (Россия) менен алдынғы сырт ел тәжирийбеси және ең жақсы тәжирийбелер тийкарында жасалма интеллект технологияларын ҳәм басқа да программалық өнимлерди енгизиў мәселелери бойынша бирге ислесиўди жеделлестириў илажларын көрсин, соның ишинде:
бир ай мүддетте пилот жойбарларын жедел ҳәм нәтийжели әмелге асырыў, жергиликли қәнигелерди оқытыўды шөлкемлестириў, сондай-ақ, усы қарарда белгилеп берилген басқа бағдарларда бирге ислесиў бойынша биргеликте «жол картасы»н ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;
жасалма интеллектти раўажландырыў және мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң жумысында, сондай-ақ, бул тараўда нормативлик-ҳуқықый базаны таярлаўда мәсләҳәтши сыпатында қатнасыў ушын «Сбер» топарының (Россия) жетекши қәнигелери ҳәм экспертлериниң тартылыўын тәмийинлесин.
17.Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Инновациялық раўажланыў министрлиги, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги және Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы менен биргеликте ғалаба хабар қуралларында усы қарардың мәниси ҳәм әҳмийети ҳаққында мақалалар ҳәм тематикалық телекөрсетиўлер шөлкемлестирсин.
18.Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Инновациялық раўажланыў министрлиги мәпдар шөлкемлер менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
19.Инновациялық раўажланыў министри И.Ю.Абдурахмонов және мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министри Ш.М.Садиковларға усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.
Усы қарардың 2-, 3- ҳәм 4-қосымшаларында көрсетилген министрлик, уйым ҳәм шөлкемлер Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен келискен ҳалда жигирма күн мүддетте жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша «мәнзилли жол карталары» (илажлар бағдарламалары)н тастыйықласын.
Муўапықластырыў комиссиясы (А.Н.Арипов) усы қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалаў, жуўапкер министрлик, уйым ҳәм шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў және қадағалаўды тәмийинлесин.
20.Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйлери Р.А.Гулямовқа, А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 17-февраль
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги