Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан – Аўғанстан: көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў жолында
2021-02-02 | Экономика
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри Сардор Умурзоқовтың Аўғанстан Ислам Республикасы сыртқы ислер министри Муҳаммад Ҳаниф Атмар ҳәм АИР Президенти Администрациясының басшысы Муҳаммад Шокир Коргардың басшылығындағы Аўғанстан делегациясы менен ушырасыўы болып өтти.
Күн тәртибине сиясий, инвестициялық, саўда-экономикалық, транспорт ҳәм логистика және еки мәмлекет арасындағы финанслық-техникалық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери киргизилди.
Тәреплер Аўғанстанның Орайлық Азия жериндеги экономикалық қатнасықларға тартылғанлығы дәрежесин арттырыў бойынша бирге ислесиўди жеделлестириўге таяр екенлигин билдирди.
Ушырасыўда, сондай-ақ, энергетика, саўда ҳәм инфраструктураны раўажландырыў тараўларында биргеликте, жойбарларды әмелге асырыў бағдарында тийкарғы ўазыйпалар додаланды. Сол көзқарастан, «Сурхон – Пули-Хумри» электр жеткерип бериў линиясын қурыў жойбары шеңберинде жумысларды имканы барынша жедел баслап жибериў бойынша гезектеги биргеликтеги илажлар келисип алынды.
Сәўбетлесиў даўамында бир қатар еки тәреплеме ҳүжжетлер, атап айтқанда, Өзбекстан ҳәм Аўғанстан арасындағы жеңилликли саўда ҳаққындағы келисимди биргеликте ислеп шығыўды жеделлестириў бойынша перспективалы илажлар додаланды. Тәреплерди өз-ара қызықтырған мәселелердиң биргеликте шешимин табыў бойынша жумысларды жеделлестириўге келисилди. Буннан тысқары, тәреплер Аўғанстан ҳәм Өзбекстан арасында транзит тасыўлары ҳаққындағы келисим үстинде ислесиўди баслаў ҳәм өз-ара саўда тәртиплерин әпиўайыластырыў ушын қосымша механизм жаратыў шараятын додалады.
Додалаў күн тәртиби шеңберинде «Мозори – Шариф – Кабул – Пешавор» темир жол қурылысының жойбарын әмелге асырыў бойынша жоқары дәрежедеги Үш тәреплеме жумысшы топарының биринши мәжилисин өткериўге байланыслы мәселелерге айрықша итибар қаратылды.
Ушырасыў жуўмағы бойынша тәреплер саўда-экономикалық, транспорт ҳәм логистика, мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди тереңлестириў бойынша «Жол картасы»на тез қол қойыў мақсетинде оны биргеликте ислеп шығыўды жеделлестириўге келисип алды. Соның менен бирге, режелестирген баслама ҳәм келисимлерди әмелге асырыў бойынша гезектеги ис-ҳәрекетлер де белгилеп алынды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги