Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Президентиниң Түркия Президенти менен телефон арқалы сөйлесиўи ҳаққында
2020-12-31 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 31-декабрь күни Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған менен телефон арқалы сөйлести.
Сәўбетлесиў басында мәмлекет басшылары кирип киятырған жаңа 2021-жыл мүнәсибети менен бир-бирин қызғын қутлықлап, мәмлекетлеримиздиң дос халықларына тынышлық, абаданлық ҳәм аманлық тиледи.
Президентлер коронавирустиң глобал көлемде тарқалыўы ҳәм жәҳән экономикасына унамсыз тәсири менен байланыслы қыйын шараятта Өзбекстан менен Түркия арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиў ҳәм көп қырлы шерикликти избе-из раўажландырыўға ерисилгенлигин айрықша атап өтти.
Пандемияға қарсы гүресиўде көрсетилген әмелий жәрдем ушын Түркия тәрепине айрықша миннетдаршылық билдирилди.
Саўда-экономикалық тараўдағы бирге ислесиўдиң нәтийжелери де қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў көрсеткишлери ҳәм транспорт қатнаўлары сақлап қалынды, бир жылда Түркия инвесторларының қатнасыўында 300 жаңа кәрхана шөлкемлестирилди. Еки мәмлекеттиң жетекши компаниялары тәрепинен энергетика, қала қурылысы, инфраструктураны модернизациялаў, аўыл хожалығы ҳәм экономиканың басқа тармақларында ири жойбарлар әмелге асырылмақта.
Өзбекстанда тийкарғы бағдарларда әмелге асырылып атырған институционаллық реформаларды қоллап-қуўатлаў ушын Түркиядан тәжирийбели экспертлер ҳәм мәсләҳәтшилер тартылған.
Мәдений-гуманитарлық алмасыўлардың бағдарламасы кеңеймекте.
Мәмлекет басшылары Өзбекстан-Түркия қатнасықларының пүткил потенциалын нәтийжели иске қосыў ҳәм кең көлемли бирге ислесиўди раўажландырыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Жақын жылларда товар алмасыў көлемин 5 миллиард долларға жеткериў имканиятын беретуғын Өзбекстан ҳәм Түркия арасында преференциялы саўда келисими тез пурсатта қабыл етиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Халықаралық ҳәм регионналлық әҳмийетке ийе әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысылды. 2021-жылғы еки ҳәм көп тәреплеме илажлардың режеси көрип шығылды, оларға пуқта таярлық көриў бойынша биринши гезектеги илажлар белгилеп алынды.
Өзбекстан ҳәм Түркия басшыларының телефон арқалы сөйлесиўи ҳәр қашанғыдай исеним, ашық-айдын ҳәм дослық руўхында өтти.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги