Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан ҳәм Түркменстан Президентлериниң телефон арқалы сөйлесиўи ҳаққында

2020-12-21 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 21-декабрь күни Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов пенен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў алдында Түркменстан Президенти мәмлекетимиз басшысын елимиз ҒМДАға нәтийжели басшылық еткени ҳәм Дослық Аўқамы саммитин табыслы өткергени менен қызғын қутлықлады.

Жәҳән экономикасындағы кризисли жағдайлардың күшейиўи ҳәм коронавирус инфекциясының тарқалыўы менен байланыслы қурамалы шараятта Өзбекстан Дослық Аўқамға басшылық концепциясын толық жүзеге шығарыўға және көп тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша әҳмийетли басламаларды әмелге асырыўға ерискени айрықша атап өтилди.

Президентлер еки мәмлекет арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларында жоқары дәрежеге ерисилгенин үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Пандемия ақыбетлерине қарамастан, саўда байланыслары раўажланбақта, экономика тармақларында, энергетика, транспорт ҳәм логистика тараўларында өз-ара пайдалы бирге ислесиў тереңлесип, гуманитарлық алмасыўлар кеңейип бармақта.

Мәмлекет басшылары санаат кооперациясы  бойынша жаңа жойбарларды алға қойыў ушын Ҳүкиметлераралық қоспа комиссия жумысын жеделлестириў керек екенлигин атап өтти.

Мәденият, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларындағы жедел сөйлесиўлерди даўам еттириўге, онда еки халықтың белгили көркем өнер ҳәм илим ғайраткерлериниң кеңнен қатнасыўында еллеримизде қоспа илаж ҳәм форумлар шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылды.

Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысылды.

Мәмлекетимиз басшысы Түркменстан Президентиниң Халықаралық тынышлық ҳәм исеним жылы шеңберинде жоқары дәрежедеги Ашхабад конференциясын өткериў басламасын қоллап-қуўатлады. Болажақ илажда Өзбекстан Республикасының делегациясы қатнасыўы ҳаққында келисимге ерисилди.

Сөйлесиў соңында Президентлер кирип киятырған Жаңа жыл менен бир-бирин қызғын қутлықлап, еллеримиздиң туўысқан халықларына тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться