Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИ ЕАЭА САММИТИНДЕ ҚАТНАСТЫ
2020-12-12 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 11-декабрь күни Жоқары Евроазия экономикалық кеңесиниң видеоәнжуман түриндеги мәжилисинде қатнасты.
Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенконың басшылығында өткен илажда кеңестиң Ҳүрметли Баслығы, Қазақстан Республикасының Биринши Президенти Нурсултан Назарбаев, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти ўазыйпасын атқарыўшы Талант Мамитов ҳәм Армения Республикасы Бас министри Никол Пашинян қатнасты.
Буннан тысқары, ушырасыўда Евроазия экономикалық аўқамы (ЕАЭА) жанындағы бақлаўшы мәмлекет басшысы сыпатында Молдова Республикасы Президенти Игорь Додон және мирәт етилген Куба Республикасы Президенти Мигель Диас-Канел Бермудес қатнасты.
Саммит күн тәртибине муўапық Өзбекстан Республикасына ЕАЭА жанындағы бақлаўшы мәмлекет статусын бериў мәселеси көрип шығылды, сондай-ақ, басланғыш шеңбердеги көп қырлы бирге ислесиўди және де раўажландырыўдың әҳмийетлери тәреплери додаланды.
Президент Шавкат Мирзиёев өзиниң шығып сөйлеўинде Өзбекстанның бақлаўшы статусын алыў ҳаққындағы мүрәжаты қоллап-қуўатланғаны ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирип, ЕАЭАның халықаралық абырайы барған сайын артып баратырғанын, шөлкемниң сырт мәмлекетлер менен әмелий бирге ислесиў географиясы кең екенин айрықша атап өтти.
Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли социаллық-экономикалық реформалардың бүгинги әҳмийетли басқышында Өзбекстан барлық халықаралық шериклер менен саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди избе-из кеңейтип барыў, соның ишинде, Евроазия экономикалық аўқамы менен қарым-қатнасты раўажландырыў тәрепдары екени атап өтилди.
Бул төмендеги әҳмийетли факторлар арқалы түсиндириледи.
ЕАЭА мәмлекетлери, бәринен бурын, Өзбекстанның тийкарғы, тәбийғый саўда шериклери болып табылады. Кейинги жылларда елимиздиң шөлкем мәмлекетлери менен товар алмасыў көлеми еки есеге артты.
Мәмлекетлеримиздиң экономикалары көп жағынан бир-бирин толықтырып турады, түрли тармақларда нәтийжели кооперация ҳәм мыңнан аслам қоспа кәрханалардың жумысы жолға қойылғаны буннан дәрек береди.
Өзбекстан ҳәм ЕАЭАға ағза мәмлекетлердиң транспорт коммуникациялары ҳәм инфраструктурасы терең интеграцияласқан ҳәм өз-ара тығыз байланысқан.
Буннан тысқары, кең Евроазия регионы шеңбериндеги өз-ара пайдалы қатнасықларға мийнет ресурсларының жоқары дәрежедеги мобиллиги тән болып есапланады.
Мәмлекетимиз басшысы мәмлекетлеримиз экономикаларының үлкен имканиятынан толық көлемде пайдаланыў, саўда қатнасықларындағы тосық ҳәм иркинишлерди биргеликте сапластырыў, өз-ара ис-ҳәрекетлер менен жаңа базарларды қәлиплсетириўге шақырды.
Өзбекстан санаат кооперациясын кеңейтиў, алдынғы тәжирийбе ҳәм инновациялық қатнасықлар тийкарында қосымша қун жаратыўдың турақлы шынжырларын қәлиплестириўден мәпдар екени атап өтилди.
Транспорт ҳәм транзит тараўында өз-ара муўапықласқан қатнасықларды ислеп шығыў әҳмийетли екенлигине айрықша итибар қаратылды. Бул болса транспорт коридорларын және де жедел иске қосыў, олардың бәсекиге шыдамлылығын ҳәм қуўатлылығын салмақлы дәрежеде арттырыўға жәрдем береди.
Мийнет миграциясы тараўында тығыз бирге ислесиў үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди. Бул халықтың бәнтлиги менен байланыслы көплеген мәселелерди шешиў және қатнасыўшы мәмлекетлер экономикаларының маман қәнигелерге кем-кемнен артып баратырған талабын тәмийинлеўге хызмет етеди.
Жоқарыда атап өтилген барлық факторлар мәмлекетимиздиң Евроазия экономикалық аўқамы менен бақлаўшы мәмлекет статусында бирге ислесиўи ҳаққындағы усыныс Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси тәрепинен мақулланыўы ушын тийкар болды.
Атап өтилгениндей, бул әмелий ҳәм көп қырлы қатнасықлардың сапа жағынан жаңа басқышына шығыў, шөлкем шеңберинде жүз берип атырған әҳмийетли процесслерди және де терең ҳәм анық түсиниў имканиятын береди.
Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң жуўмағында бундай шерикликти раўажландырыў мәмлекетлеримиздиң миллий мәплерине жуўап бериўи, тең ҳуқықлылық, өз-ара пайда ҳәм мәплерди есапқа алыў принциплерине тийкарланған болыўы зәрүрлигин айрықша атап өтти.
Жоқары Евроазия экономикалық кеңеси мәжилисиниң жуўмағында ЕАЭАға ағза мәмлекетлердиң жетекшилери Өзбекстан Республикасына шөлкем жанындағы бақлаўшы мәмлекет статусын бериў ҳаққында бир даўыстан қарар қабыл етти.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги