Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Президент тапсырмалары орынланыўының барысы көрип шығылды
2020-11-26 | Сиясат
Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 26-ноябрь күни Қашқадәрья ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың турмысын жақсылаў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Мәмлекетимиз басшысы 12-13-ноябрь күнлери ўәлаятта болып, бул бағдардағы ўазыйпаларды белгилеп берген еди. Ҳәр бир район ҳәм қаланы жедел раўажландырыўға түртки бериў мақсетинде орайлық уйымлар, соның ишинде, министрликлер ҳәм коммерциялық банклердиң басшылары бириктирилип, зәрүр ресурслар ажыратылды. 2021-жыл Қашқадәрьяда «Исбилерменликти раўажландырыў жылы» деп жәрияланды. 10 мың жаңа исбилерменлик субъектин шөлкемлестириў мақсет етип қойылды.
Мәжилисте ҳәр бир район ҳәм қаланың «өсиў ноқатлары»на тийкарланып, санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў бойынша жойбарларды анық нәтийже беретуғын етип ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәселен, Яккабоғ, Қамаши, Чироқчи, Шахрисабз және Китоб районларында 20 мың гектарда интенсив бағ ҳәм жүзимгершилик жаратыў арқалы ўәлаятта мийўе-овощты қайта ислеў дәрежесин 25 процентке жеткериў мүмкин.
Шахрисабз қаласы, Нишон, Деҳқонобод, Яккабоғ, Миришкор, Ғузор, Шахрисабз, Муборак районларында шөлкемлестирилетуғын 11 киши санаат зонасында жойбарларды қаржыландырыў ҳәм инфраструктураға жалғаў керек екенлиги айтып өтилди.
2021-жылы коммерциялық банклердиң кредитлери тийкарында хызмет көрсетиў тараўында 650 миллиард сумлық 500 жаңа жойбардың әмелге асырылатуғыны режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы келеси еки жылға мөлшерленген 1 мың 153 инвестициялық жойбардың экономикалық-социаллық әҳмийетин атап өтти. Онда дерлик 1 миллиард доллар сырт ел инвестицияларын өзлестирип, 19 мың жаңа жумыс орнын жаратыў нәзерде тутылған.
Жуўапкерлерге санааты төмен дәрежеде раўажланған районлар ушын қосымша жойбарларды ислеп шығыў, резервлерди нәтийжели иске қосыў ўазыйпасы қойылды.
«Темир дәптер»ге киргизилген шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыў илажлары додаланды. Киши бизнести раўажландырыў, жаслар ҳәм ҳаялларды исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Президенттиң ўәлаятқа сапары ўақтында аўыл хожалығынан пайдаланыўдан шығып кеткен 81 гектар жерди өзлестириў, 63 гектарда суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў белгиленген еди.
Қаршы, Қамаши ҳәм Косон районларында 1200 гектар майданда заманагөй ыссыханалар, Деҳқонобод районы және ўәлаяттың таўалды аймақларында писте ҳәм дәрилик өсимликлер плантацияларын шөлкемлестириў зәрүр екенлиги айтылған еди.
Мәжилисте бул бағдардағы шөлкемлестириў ҳәм қаржы жумысларын жеделлестириў бойынша көрсетпелер берилди.
Инженерлик-коммуникация инфраструктурасын раўажландырыў, ишимлик суўы тармақларын қурыў ҳәм реконструкциялаў, автомобиль жолларын оңлаўға байланыслы мәселелер көрип шығылды.
Турақ жайға талап жоқары болған аймақларда мүтәж халық ушын 5 қабатлы энергия үнемлейтуғын турақ жайларды қурыў зәрүр екенлиги айтып өтилди.
Социаллық мәселелерге айрықша итибар қаратылды. Мектеплерди реконструкциялаў ҳәм оңлаў ушын 2021-жылғы Инвестициялық бағдарлама шеңберинде қосымша 100 миллиард сум ажыратылатуғыны атап өтилди. Усы қаржылар есабынан 88 мектепте қосымша имарат қурылады, 100 ден артығы болса толық үскенеленеди, ылайдан салынған дийўаллы филиаллардың орнына жаңа имаратлар қурылады.
Мәжилисте Қаршы қаласындағы 42-мектеп, сондай-ақ, район орайларындағы биреўден сондай мәкеме тийкарында мәлимлеме технологияларына қәнигелескен мектеплерди шөлкемлестириў бойынша көрсетпе берилди.
Билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў системасында басланған реформаларды нәтийжели шөлкемлестириў, әсиресе, жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў әҳмийетли мәселе екени атап өтилди.
Бас министрдиң орынбасары Жамшид Қўчқоровқа министрликлер ҳәм уйымлар, коммерциялық банклердиң басшылары менен бирге Қашқадәрья ўәлаятын комплексли раўажландырыў, исбилерменлерге жәрдемлесиў, кәмбағаллықты қысқартыў мәселелериниң орынланыўын қадағалаўға алыў тапсырылды.
Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигине ҳәр бир инвестициялық жойбардың жағдайын сол жерге шығып, сын көзқарастан таллаў, машқалаларды нәтийжели шешиў ўазыйпасы қойылды.
Сектор басшылары тапсырмалар орынланыўының нәтийжелилиги бойынша Халық депутатларының жергиликли Кеңеслеринде ҳәр айда есап берип баратуғыны белгиленди.
Мәжилисте Қашқадәрья ўәлаяты ҳәм районлардың ҳәкимлери, тараў ҳәм тармақлардың жуўапкерлери жойбарларды орынлаўға қаратылған режелери бойынша мәлимлеме берди.
Дерек: Өзбекстан Республикасы Президентиниң рәсмий веб-сайти