Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Қурылыс жойбарлары таныстырылды

2020-11-19 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 19-ноябрь күни қурылыс тараўына байланыслы жойбарлардың презентациясы менен танысты.

Ҳәммемизге белгили, Имам Бухарий естелик комплексин реконструкциялаў ҳәм кеңейтиў режелестирилген. Мәмлекетимиз басшысы Самарқанд ўәлаятына сапары ўақтында бул жумысларды ҳәр тәреплеме терең ойлап жойбарластырыў зәрүр екенлигин атап өткен еди. Сол тийкарда жойбар қайта көрип шығылып, жетилистирилди. Оған бола, үлкен мешит, төрт минара ҳәм кең әйўанлар қурыў, бағ, оның әтирапында мийманханалар және басқа да инфраструктуралық объектлерди қурыў нәзерде тутылған.

Президентимиз презентация менен танысып, зыяратшы ҳәм басқа да туристлер ушын қолайлықларды кеңейтиў бойынша тапсырмалар берди.

Шавкат Мирзиёев презентация ўақтында комплексти жәҳән стандартлары дәрежесинде сапалы қурыў, зыяратшыларға қолайлықларды арттырыў бойынша бир қатар көрсетпелер берди.

Илажда Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер музейиниң жаңа имаратының жойбары да додаланды.

Мәденият министрлиги жанындағы Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорының буйыртпасы менен дүньяға белгили япон архитекторы Тадао Андо тәрепинен ислеп шығылған жойбарға муўапық, музейдиң ҳәзирги имараты жанында айланба түринде 3 қабатлы жаңа имараттың бой тиклеўи нәзерде тутылған.

Бул қурылыстың әҳмийетли тәрепи сонда, музейдиң ҳәзирги шараяты менен бар экспонатлардың  тек ғана 3 процентин көрсетиўге қойыў мүмкин. Жаңа имарат қурылғаннан соң, бул көркем өнер дәргайының көргизбе майданы кеңейеди.

Музей имаратын реконструкциялаў жойбары объекттиң тарийхый қунын ҳәм бир пүтинлигин сақлап қалған ҳалда архитектурадағы заманагөй тенденцияларды және бүгинги күнниң социаллық архитектурасын сәўлелендиреди, пайтахтамыздың шырайына-шырай қосады.

Мәмлекетимиз басшысы 16-октябрь күни Ташкент архитектура-қурылыс институтының жаңа имаратын барып көргенинде бул жерде тараў кластерин шөлкемлестириў, аймақты қурылысшылар массивине айландырыў зәрүрлиги бойынша тапсырмалар берилген еди. Сол мақсетте институт әтирапындағы майданлар да қосылып, жаңа жойбар ислеп шығылды.

Оған бола, жоқары билимлендириў мәкемеси жанында қурылыс колледжи, қурылыс материаллары бойынша илимий-изертлеў орайы, лаборатория, жатақханалар, спорт комплекси ҳәм басқа да объектлердиң қурылыўы мөлшерленген.

Кейинги жыллары елимизде қурылыс көлеми кеңейди. Әсиресе, көп қабатлы трурақ жайлар қурылып, халықтың ең әҳмийетли талабы қанаатландырылмақта.

Сурхандәрья ўәлаятында да усындай жумыслар режелестирилген. Атап айтқанда, Термиз қаласының Беруний көшесинде Имам Термизий халықаралық илимий-изертлеў орайы, мешит, мийманхана, турақ жайлар, мәҳәлле гүзары ҳәм көплеген исбилерменлик субъектлери жайласқан. Бул орайлық көшениң жаңа жойбарына бола, реконструкция ҳәм қурылыс жумыслары әмелге асырылады. Денов районының Нурлы мәнзил ҳәм Лочин мәҳәллелеринде энергия үнемлейтуғын көп қабатлы турақ жайлар, социаллық мәкемелердиң қурылыўы нәзерде тутылған.

Презентацияда Ташкент қаласында әмелге асырылатуғын қурылыс жумыслары ҳаққында да мағлыўмат берилди.

Ҳәммемизге белгили, мәмлекетимиз басшысы быйыл 12-июнь күни пайтахтымыздың Алмазар районында болып, оны социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша ўазыйпаларды белгилеп берген еди. Атап айтқанда, Ташкент районының бир бөлегин Алмазар районына өткерип, жаңадан турақ жайлар ҳәм кәрханалар қурыў усыныс етилген еди.

Таныстырылған жойбарға бола, 200 гектардан аслам бул аймақта 150 мың халыққа мөлшерленген көп қабатлы турақ жайлар, мектеп, балалар бақшасы, дем алыў бағы, исбилерменлик зонасының қурылатуғыны нәзерде тутылған.

Және бир жойбар пайтахтымыздағы «Наўрыз» қабыллаўлар үйинен нәтийжели пайдаланыўға байланыслы. Бул комплексти капитал оңлап, Мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды саламатландырыў және мәмлекетлик активлерди  меншиклестириў орайын шөлкемлестириў режелестирилген. Бул жерде исбилерменлерге мағлыўматлар ашық-айдын түрде бериледи.

Мәмлекетимиз басшысы Ташкент қаласындағы Темурбеклер мектеби қурылысына байланыслы презентация менен  де танысты ҳәм зәрүр көрсетпелер берди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться