Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Суд ҳүжжетлериниң орынланыў жағдайы додаланды, жаңа ўазыйпалар белгиленди
2020-11-18 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында суд ҳүжжетлериниң орынланыў системасын жетилистириў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти.
Суд қарарлары-нызамшылықты тәмийинлеў, келтирилген зыянды қаплаўда ҳуқықый тийкар. Усы жылдың 10 айында Бас прокуратура жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросына 4 миллионға шамалас орынлаў ҳүжжети келип түскен болып, соннан 1 миллион 200 мыңы орынланбаған. Яғный, бүгинги күн жағдайына 17 триллион сумлық ҳүжжетлердиң орынланыўы тәмийинленбей тур. Оның 7,2 триллион сумы мәмлекетке өндириўге, қалған 9,7 триллион сумы физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге тийисли. Усы қаржылардың өндирилиўи исбилерменлердиң финанслық жағдайын жақсылаў, кем тәмийинленген пуқараларды қоллап-қуўатлаў, көплеп социаллық мәселелерди шешиўде әҳмийетли фактор болады.
Мәжилисте суд ҳүжжетлерин орынлаў жағдайы район ҳәм қалалар мысалында көрип шығылды. Қарыздарлықларды қысқартыў бойынша мәмлекетлик дәрежеде айрықша, ўәлаят ҳәм районлар көлеминде өз алдына системада жумыс алып барылатуғыны белгиленди.
Атап айтқанда, Мәжбүрий орынлаў бюросы 20 миллиард сумнан жоқары қарызларды өндириў менен шуғылланады. Бюроның ўәлаятлық басқармалары 10 миллиард сумнан 20 миллиард сумға шекемги қарызларды өндириў менен ислейди.
МОБтың районлық ҳәм қалалық бөлими баслықлары ҳәкимлер ҳәм сектор басшылары менен бирге аўыр жағдайға түсип қалған қарыздарлардың мәнзилли дизимлерин дүзип, оларға жәрдемлеседи. Оның ушын, өндириўшиниң өтинишине бола атқарыў жумысын жүргизиўди тоқтатып турыў ҳаққында қарар қабыл етиў ўәкиллиги судлардан мәмлекет атқарыўшысына өткериледи.
Сондай-ақ, Саўда-санаат палатасы ҳәм Бизнес-омбудсманға мәмлекет дәраматына өндириўди нәзерде тутыўшы орынлаў ҳүжжетлери бойынша исбилерменлик субъектлериниң қарызлары бойынша орынлаўды кешиктириў ямаса бөлип-бөлип орынлаў ҳаққында мүрәжат етиў ҳуқықы бериледи.
Мәжилисте қарыздардың мүлки жоқ екенлиги себепли тоқтатылған орынлаў ҳүжжетлери менен ислесиў мәселеси додаланды. Қарыздарлар ҳаққында бирден-бир электрон платформа жаратып, оларды нотариус, банк, салық, мәмлекетлик хызметлер, бажыхана, кадастр, ишки ислер ҳәм басқа да уйымлардың базасына интеграциялаў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Усы ўақытқа шекем мәжбүрий орынлаўды тәмийинлеўден аймақларға пайда жоқ еди. Енди өндирилетуғын қаржылардың бир бөлеги «темир дәптер», «жаслар дәптери» ҳәм «ҳаяллар дәптери» бойынша қорларға өткерилетуғын тәртип енгизилетуғыны белгиленди.
Мәмлекетлик орынлаўшылардың жумыс көлеми мәселеси де итибардан шетте қалмады. Көп орынларда бир орынлаўшыға туўра келип атырған ҳүжжетлер саны нормалардан аслам екени көрсетип өтилди.
Мәселен, мүлк ҳуқықларын дизимге алыў, жумысқа тиклеў ҳәм мийнет ҳақысын өндириў, жәрийма ҳәм коммуналлық төлемлерди төлеў сыяқлы 8 категориядағы ҳүжжетлерди мәжбүрлеўсиз де әмелге асырыў мүмкин. Ҳәзир МОБқа бундай орынлаў ҳүжжетлери 1,6 миллион, бул болса жәми жумыслардың 35 проценти. 400 мың сумға шекемги қаржыларды өндириўге байланыслы ҳүжжетлер болса 60 процентти қурайды.
Соның ушын, суд қарарларын орынлаўдың әпиўайыластырылған тәртибин енгизиў, аз муғдардағы қаржылар менен мәлимлеме технологиялары жәрдеминде ислейтуғын арнаўлы бөлимлерди шөлкемлестириў тапсырмалары берилди. Мәмлекетлик атқарыўшыларды алдынғы методикалар тийкарында қайта таярлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Алып қойылған мүлклерди сатыў системасын қайта көрип шығыў, «Е-орынлаў аукцион»ға қойылған буйымларды басқа электрон саўда платформаларына да интеграциялаў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Таллаўларға бола, пуқаралардың шағымларының дерлик 64 процентин алимент мәселелери қурамақта. Бул бағдардағы орынлаў жумыслары ҳәм төлемлердиң бирден-бир есабының жолға қойылмағаны көплеген түсинбеўшиликлерге себеп болмақта. Соның ушын, алимент алыўшылар ҳәм төлеўшилердиң толық реестрин қәлиплестирип, автоматластырылған қадағалаў системасын енгизиў ўазыйпасы қойылды.
Ҳәммемизге белгили, быйыл 1-августтан баслап электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ бойынша қарыздарлықты өндириў ўәкиллиги штатлары менен электр ҳәм газ тәмийнаты кәрханаларына өткерилди. Электр тармақларының 3,5 триллион сум, тәбийғый газ жеткерип бериўшилердиң 11 триллион сум дебитор қарыздарлығының бар екенлиги атап өтилип, оларды қысқартыў бойынша қатаң жумыс алып барыў керек екенлиги айтылды.
Суд ҳүжжетлерин орынлаў нәтийжелилигин арттырыў бойынша Бас прокурор басшылығында Республикалық кеңес ҳәм ўәлаят ҳәкимлериниң басшылығында кеңеслер дүзилип, оларға ўәлаят прокурорлары орынбасар етип бириктирилетуғыны белгиленди.
Видеоселектор мәжилисинде орынларда қысқа таярлық жумыслары да сын көзқарастан көрип шығылды.
Додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлер мәлимлеме берди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги