Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Қурылыс тараўындағы жойбарлардың презентациясы өткерилди
2020-10-26 | Сиясат
Президент Шавкат Мирзиёев 26-октябрь күни қурылыс тараўындағы жойбарлардың презентациясы менен танысты.
Кейинги жыллары елимизде қурылыс көлеми кеңейди. Әсиресе, көп қабатлы турақ жайлар қурылып, халықтың ең әҳмийетли талабы қанаатландырылмақта. Атап айтқанда, усы жылы аўылларда 12 мыңнан аслам, қалаларда 18 мыңнан артық көп қабатлы турақ жайлар қурылмақта.
Сардоба суў сақлағышындағы ҳәдийседен кейин Сардоба және Мырзаабад районларында қысқа мүддетте 86 бес қабатлы турақ жай қурып питкерилди.
Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге усы тәжирийбеден пайдаланып, жойбарларды жетилистириў, турақ жайларды халық ушын және де арзанлатыў бойынша көрсетпелер берген еди.
Соған муўапық, бес қабатлы турақ жайлар жойбары қайта көрип шығылып, квартиралардың жайласыўы ҳәм ханалардың ишки майданы қолайлыластырылды. Қурылыс материаллары жойбарға сәйкес өлшемде ислеп шығарылады, зая болмайды. Ҳәўли ҳәм жолларға сенсорлы электр шырақлары қойылады. Бундай үнемли илажлар нәтийжесинде турақ жайлардың баҳасы орташа 30 процентке шекем арзанласады.
Президентимиз бул жойбарды мақуллап, усындай турақ жайларды халық тығыз жайласқан барлық районларда қурыў зәрүрлигин атап өтти.
Және бир жойбар Ташкент мәмлекетлик техника университети аймағында заманагөй оқыў-әмелий комплексин қурыўға қаратылған.
Дүнья тәжирийбесинен белгили, көплеген белгили илимий мәкемелер университетлер ишинде жайласқан. Режелестирилип атырған комплекс де усы аймақтағы Ташкент мәмлекетлик техника университети, Өзбекстан Миллий университети және Турин политехника университетиндеги жәми 36 мың студент, 2 мыңнан аслам профессор-оқытыўшылар ушын усындай орай болатуғыны нәзерде тутылмақта. Бул жерде бир ўақытта 500 стартап резидентлери, 120 өндирис кәрханасын жайластырыў мүмкин болады.
Ташкент қаласында халықты арзанластырылған азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў илажлары ҳаққында да мағлыўмат берилди.
Усы жылы 2-октябрь күни Қарақалпақстанға сапары ўақтында Нөкис қаласын абаданластырыў, халықтың дем алыўы ушын шараятларды кеңейтиў бойынша көрсетпелер берилген еди. Усы мақсетте қаланың келешектеги заманагөй орайын қурыў бойынша жойбар ислеп шығылды. Оған муўапық, көшелерди кеңейтиў ҳәм көклемзарластырыў, көллер ҳәм дем алыў бағларын жаратыў, саўда ҳәм турмыслық хызметлерди көбейтиў нәзерде тутылған.
Президентимиз усы жойбарлар менен танысып, оларды жетилистириў бойынша бир қатар көрсетпелер берди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги