Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Нөкисте 35 метр бийикликке атылатуғын музыкалы фонтан қурылады

2020-10-14 | Жәмийет

Нөкис қаласын кесип өтиўши «Дослық» (Қызкеткен) каналы бойында суўды музыка ырғақларына сай ҳәрекетке келтиретуғын фонтан қурылыўы жобаластырылған.

Бул фонтан 35 метр бийикликке шекем атылады.

Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң ӨзАға мәлим етиўинше, канал бойына карусель де қурылады. «Дослық» каналы қала халқының сейил етиў ҳәм дем алыў орнына айланады.

Еслетип өтемиз, Президент Ш.Мирзиёевтиң жақында Қарақалпақстанға сапары ўақтында «Ташкентте қандай жаңалық болса, Нөкиске келиўи керек» деген тапсырмасынан кейин Ташкент қаласының ҳәкими Ж.Ортиқхўжаев Нөкис қаласына келген еди ҳәм усы жойбарлар ҳаққында жергиликли ҳәкимият пенен пикир алмасып, басқа жойбарлар менен танысқан еди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться