Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Қазақстан Республикасы, Тәжикстан Республикасы, Түркменстан ҳәм Өзбекстан Республикасы мәмлекет басшыларының Қырғыз Республикасындағы ўақыялар бойынша биргеликтеги билдириўи
2020-10-09 | Сиясат
Туўысқан Қырғызстанда жүз берип атырған ўақыялар бизди айрықша тәшўишке салмақта.
Көп әсирлик дослық байланыслары, жақсы қоңсышылық, улыўма мәдений ҳәм руўхый қәдириятлар менен байланысқан жақын қоңсылар сыпатында биз усы қыйын күнлерде Қырғызстан халқын елде тынышлықты сақлаў ҳәм турақлылықты тиклеў ушын өзине тән болған даналықты көрсетиўге шақырамыз.
Қырғызстанның барлық сиясий партиялары ҳәм жәмийетлик топарлары тынышлық ҳәм абаданлықты тәмийинлеў, Конституция ҳәм миллий нызамшылыққа сөзсиз әмел етиў арқалы жүзеге келген машқалаларды шешиў ушын зәрүр болған ис-ҳәрекетлерди әмел асыратуғынына үмит билдиремиз.
Қырғызстанның раўажланыўы регионаллық қәўипсизлик ҳәм пүткил Орайлық Азияның турақлы раўажланыўының әҳмийетли факторы болып есапланады.
Еллеримиздиң өтмиши бир, олар улыўма келешекти қурмақта. Орайлық Азия халықларын тарийхый жақтан келешек әўладлардың абаданлығы ушын турақлы тынышлық, татыўлық ҳәм дөретиўшилик тилеги бирлестиреди.
Бирдей мақсетлерге умтылған ҳалда, мәмлекетлеримиз саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникация ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды, шегараалды ҳәм аймақлараралық шерикликти кеңейтиў ушын регионаллық бирге ислесиўди жедел түрде беккемлемекте.
Орайлық Азияның бирлигин және де беккемлеў жолынан барар екенбиз, биз Қырғызстан халқын оның аўызбиршиликли, тыныш, еркин раўажланыў ҳәм абаданлық бағдарындағы умтылысын ҳәмийше қоллап-қуўатлаймыз.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги