Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Салық комитети баслығының арнаўлы штабы шөлкемлестирилди

2020-10-06 | Экономика

Хожели районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў ҳәм инвестициялық потенциалын арттырыў мәселелерине Мәмлекетлик салық комитетиниң баслығы жуўапкер етип бириктирилип, бул жерде Мәмлекетлик салық комитетиниң баслығы Ш.Кудбиевтың арнаўлы штабы шөлкемлестирилди.

Штаб тәрепинен район халқының машқалалары үйренилип, оларды тез арада шешиў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў илажлары әмелге асырылады. Сондай-ақ, социаллық инфраструктурасы раўажландырылады – мәҳәллелер, көшелер абаданластырылып, коммуналлық тәмийнат ҳәм байланыс системаларының сапасы жақсыланады.

Ҳәзирги ўақытта бул бағдардағы жумыслар режеге муўапық нәтийжели түрде баслап жиберилди.

Дерек: Qaraqalpaqstan Respublikasınıń mámleketlik húkimet portalı

Поделиться