Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан ҳәм Тәжикстан Президентлери телефон арқалы сөйлести

2020-10-05 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 5-октябрь күни Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы Тәжикстан Президентин туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, абаданлық ҳәм жаңа табыслар тиледи.

Президентлер еки мәмлекет арасындағы көп әсирлик дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланыслары, тарийх, мәденият ҳәм дәстүрлердиң уқсаслығына тийкарланған стратегиялық шериклик қатнасықларының бүгинги дәрежесин үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Коронавирус тарқалыўы менен байланыслы қыйын дәўирде пандемия ақыбетлерин жеңип өтиўде өз-ара жәрдем көрсетилмекте. Тәжикстан тәрепи бул қәўипли кеселликке қарсы гүресте әмелий жәрдем ушын миннетдаршылық билдирди.

Саўда-экономикалық бирге ислесиў тараўында товар алмасыў көлемлери артып атыр, аймақлар ҳәм исбилерменлер арасында кооперация кеңеймекте.

Мәмлекет басшылары өткен айда болып өткен бир қатар еки тәреплеме илажлардың пайдалы нәтийжелерин жоқары баҳалады. Атап айтқанда, Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилиси және бизнес-форум, илимий-әмелий конференция, парламент ағзалары ҳәм зиялылар ушырасыўлары табыслы өткерилип, бирликтеги өндирис қуўатлықлары ҳәм социаллық объектлер ашылды.

Өзбекстан ҳәм Тәжикстан Президентлери еки мәмлекет ҳүкиметлерине кең көлемли бирге ислесиўди кеңейтиў және болажақ саммиттиң жаңа күн тәртибин ҳәр тәреплеме пухта таярлаў бойынша «жол карта»сын ислеп шығыўға тапсырма берди.

Халықаралық сиясат ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысылды.

Телефон арқалы сөйлесиў соңында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонға мәмлекет сиясий турмысындағы әҳмийетли илаж-усы жыл 11-октябрь күни болып өтетуғын Президент сайлаўының табыслы өтиўин тиледи.

Сөйлесиў әдеттегидей қызғын, ашық ҳәм дослық руўхында өтти.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться