Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Шавкат Мирзиёев: Пандемия ғәрезсизлик күнинде үлкен жыйынлар ҳәм сейиллер өткериўди шеклеўди талап етпекте

2020-08-20 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев 20-август күни исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор мәжилиси алдында пандемияны жылаўлаў шеңберинде алып барылып атырған жумысларға айрықша тоқтап өтип, Ғәрезсизлик байрамын бундай шараятта белгилеў бойынша көрсетпелер берди.

Атап өтилиўинше, бүгинге келип елимизде жәми коронавирус жуқтырғанлар саны 37,5 мыңнан асты, соннан 33 мыңнан асламы ямаса 4 мың наўқасты емлеў ҳәм шаңарағы қушағына қайтарыў илажлары көрилмекте.

Президент Шавкат Мирзиёев бундай нәтийжелер елимиз медицина хызметкерлериниң уллы хызмети екенин айрықша атап өтти. Жағдай, әсиресе, Ташкент қаласында унамлы тәрепке өзгерип атырғаны, жақында Россия, Германия ҳәм Қытайдан мирәт етилген шыпакерлердиң аймақлар арасында бөлистирилгени, Германиядан және қәнигелердиң келиўи күтилип атырғаны атап өтилди. Сырт елли экспертлер тийкарынан аўыр жағдайдағы кеселлерди ең заманагөй усыллар тийкарында, системалы түрде емлеўге тартылмақта, деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, өтип атырған ҳәптелер биз ушын сынақлы дәўир болады. Көрилип атырған илажлар қаншелли нәтийже беретуғыны кейинги ҳәптеде белгили болады.

Бирақ, халық тәрепинен шыпакерлердиң усынысларына яғный нықап тағыў, социаллық аралықты сақлаў, шаңарақлық мәресимлерди ықшамластырыў сыяқлы қатаң сақланыў илажларына әмел етилмес екен, мәмлекет карантин шеклеўлерин қайтадан қолланыўға мәжбүр болатуғыны атап өтилди.

Усыған байланыслы ҳәр биримиз пандемия шараятында жасаўға ҳәм ислеўге, ҳәрекетлеримизде эпидемиологиялық талапларға сөзсиз әмел етиўге әдетлениўимиз керек екенлиги және бир мәрте атап өтилди.

Сонлықтан, ҳәкимлер, сектор басшылары ҳәм министрлерге турақлы түрде жағдайды таллап, COVID-19  тарқалыўын қатаң шеклеў, наўқасларды нәтийжели емлеў ҳәм жәрдемге мүтәжлерге жәрдем бериў бойынша барлық илажларды көрип барыў тапрсырмасы берилди.

Елимиз ғәрезсизлигиниң 29 жыллық байрамы да жақынласып қалды.

Бул мәселеде шыпакерлер менен мәсләҳәт еткен ҳалда сондай жуўмаққа келинди, пандемия менен байланыслы жағдай быйыл орынларда үлкен жыйын ҳәм сейиллер өткериўди шеклеў талабын қоймақта. Соның ушын бул уллы сәнени көбирек шаңарақ дөгерегинде белгилеўди шөлкемлестириў мәселелери додаланды.

Кәрхана ҳәм шөлкемлерде де байрам илажлары режелестирилген жағдайда оларды санитариялық нормаларға қатаң әмел еткен ҳалда өткериў мақсетке муўапықлығы көрсетип өтилди.

Ғалаба хабар қураллары ҳәм интернет тармағында байрам күнлери қызықлы, жаңа форматтағы көрсетиўлер, еситтириў ҳәм шығыўлар көрсетилиўи бойынша усыныслар берилди.

Дерек: Өзбекстан Республикасы Президентиниң рәсмий веб-сайти

Поделиться