Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

«Жаслар-2020: глобал көлемдеги тилеклеслик, турақлы раўажланыў ҳәм инсан ҳуқықлары» атамасында өткерилип атырған инсан ҳуқықлары бойынша Самарқанд форумының қатнасыўшыларына

2020-08-12 | Сиясат

Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!

Қәдирли жаслар!

Бәршеңизди – «Жаслар 2020: глобал көлемдеги тилеклеслик, турақлы раўажланыў ҳәм инсан ҳуқықлары» атамасында өткерилип атырған инсан ҳуқықлары бойынша Самарқанд форумының қатнасыўышыларын қутлықлаў маған үлкен қанаатланыўшылық бағышлайды. Сиз, әзизлерди Халықаралық жаслар күни менен шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гуттерришке усы форумды өткериў ҳаққындағы басламамызды қоллап-қуўатлағаны ушын терең миннетдаршылық билдиремен.

Халықаралық әнжуман ишинде қатнасып атырған Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, ЮНЕСКО, Халықаралық мийнет шөлкеми, Миграция бойынша халықаралық шөлкем, Парламентлераралық аўқам, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы, Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң ўәкиллери ҳәм басқа шериклеримизге миннетдаршылық билдиремен.

Әзиз дослар!

Ҳәммемизге белгили, келешекке умтылып жасайтуғын жас әўлад планетамызда абадан турмыс ҳәм жоқары раўажланыў турақлы болыўы ушын жаңа идеяларды ҳәм дөретиўшилик руўхындағы ис-ҳәрекетлерди әмелге асыратуғын теңсиз күш болып есапланады.

БМШтың Жаслар стратегиясында атап өтилгениндей, «жаслар тулғасында ең  баҳалы ҳәм оғада әҳмийетли ресурслар жәмленген болып, оған қанша инвестиция киргизсе арзыйды, себеби инвестициялар бир неше есе көп болып қайтады». Мен оғада әҳмийетли болған бул пикирге қосыламан.

Усы жылдың басынан берли COVID-19 пандемиясына байланыслы жағдай глобал турмыстың күн тәртибиндеги орайлық мәселе болып келмекте. Жаңа коронавирустың тарқалыўы пүткил жер жүзинде аўыр экономикалық ҳәм социаллық ақыбетлерге алып келди. Халық, биринши гезекте жаслар мине усы қәўиплерге жуўап ретинде мәмлекетлер және халықаралық жәмийетшилик тәрепинен кең көлемли илажлардың көрилиўин талап ететуғын көплеген машқалаларға дус келди.

Бундай шараятта жаслардың пикирине қулақ тутыў жүдә әҳмийетли. Олардың актуал талапларын тәмийинлеў, ҳуқықый ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўға қаратылған миллий, регионаллық ҳәм глобал стратегиялар менен бағдарламаларды ислеп шығыўда және әмелге асырыўда тиккелей қатнасыўы ушын жасларға имканият жаратып бериў зәрүр.

Бүгинги қыйын жағдайда жас әўлад ўәкиллери заманагөй қәўиплерге, атап айтқанда, пандемияға қарсы өзлериниң перспективалы басламалары ҳәм социаллық жойбарлары менен мүнәсип жуўап берип атырғаны итибарға ылайық. Пүткил жер жүзинде ықтыярлы жаслар жәрдемге мүтәж халық қатламларын қоллап-қуўатлаўда, жаңа экономикалық ҳәм гуманитарлық бағдарламаларды алға қойыўда белсене қатнаспақта.

Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!

Ҳәзирги заманда интеллектуаллық ҳәм руўхый жетик, инталы жаслар турақлы раўажланыўдың драйверине айланбақта. Бүгинги күнде жаңа Өзбекстан жаслары – мәмлекетти модернизациялаўға қаратылған жедел ҳәм кең көлемли реформалардың ҳәрекетлендириўши күши ҳәм белсенди қатнасыўшысы болып ортаға шықпақта.

Халқының ярымынан асламын жаслар қурайтуғын Өзбекстанда олардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлери, нызамлы мәплерин тәмийинлеў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары етип белгиленген.

Тек ғана кейинги жыллардың өзинде жас әўладты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм үнлес раўажландырыўға, ҳәр бир нәўқыран инсан жәмийетте мүнәсип орын ийелеўине қаратылған бир қатар нызамлар, Президенттиң пәрманлары ҳәм қарарлары, Ҳүкимет қарарлары қабыл етилди.

Олий Мажлис палаталарының жанында Жаслар парламентлери дүзилди, Жаслар ислери агентлиги ҳәм Жаслар мәселелери бойынша уйымлараралық кеңес шөлкемлестирилди.

Ҳәзирги  ўақытта «Өзбекстан жаслары-2025» концепциясы ислеп шығылмақта, жаслар менен ислесиў нәтийжелилигин баҳалаўдың бирден-бир өлшемлери, жаслар сиясатын баҳалаўдың миллий индекси енгизилмекте.

Бүгинги күнде инсаният ушырасып атырған көплеген машқалалар – тынышлық ҳәм қәўипсизликке қәўиплер, терроризм ҳәм экстремизм, расалық, климат өзгерислери, сондай-ақ, COVID-19 пандемиясы – өз-ара келисилген глобал бирге ислесиўди ҳәм бар машқалаларды шешиў процесслерине жасларды жедел тартыўды талап етпекте.

Усыған байланыслы БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында Өзбекстан тәрепинен алға қойылған Жаслар ҳуқықлары ҳаққындағы конвенцияның қабыл етилиўи жер жүзиндеги еки миллиардтан аслам жигит ҳәм қызлардың ҳуқықларын тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе. Ол жас әўладты ағартыўшылық руўхында тәрбиялаў, социаллық қоллап-қуўатлаў, олардың мәплерин қорғаў, өз потенциалын жүзеге шығарыўы ушын шараят жаратыўдай ийгиликли мақсетлерге хызмет етеди. Бул баслама халықаралық  жәмийетшилик тәрепинен кеңнен қоллап-қуўатланбақта.

Бүгинги Форум қатнасыўшылары да мине усы басламаны қоллап-қуўатлайды, ҳүжжет жойбарын өз әмелий усыныслары менен байытады, деп исенемен.

Қәдирли жаслар!

Бүгин өз жумысын баслап атырған Самарқанд жаслар форумы глобал көлемдеги дослық, турақлы раўажланыў ҳәм инсан ҳуқықларын, тынышлық ҳәм раўажланыўды тәмийинлеў жолында нәўқыран әўлад тәрепинен қойылған әҳмийетли әмелий қәдем ҳәм қымбатлы үлес болады, деп үмит етемен.

Форумның барлық қатнасыўшыларына жумысларының нәтийжели болыўын тилеймен.

Шавкат МИРЗИЁЕВ

Өзбекстан Республикасы Президенти

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться