Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ШАВКАТ МИРЗИЁЕВ: НАЎҚАСЛАРДЫ ЕМЛЕЎГЕ ДЕ, ЭКОНОМИКАНЫ ИСЛЕТИЎГЕ ДЕ МӘЖБҮРМИЗ ҲӘМ ЖУЎАПКЕРМИЗ

2020-07-28 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 28-июль күни аймақларда коронавирус пенен байланыслы қыйын жағдайды тәртипке салыў бойынша көрилип атырған илажларды додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Пүткил дүньяда COVID-19 тарқалыўы елеге шекем даўам етпекте. Елимизде соңғы бес күнде инфекция жуқтырғанлардың саны 3 мыңға көбейип, 21 мың 700 ге жетти.

Соның ишинде, Ташкент ўәлаятында 347, Қашқадәрьяда 193, Сурхандәрьяда 130, Самарқандта 123, Сырдәрьяда 83, Әндижанда 79 жаңадан кеселленгенлер анықланған. Бухара, Ферғана, Самарқанд, Наманган, Ташкент, Хорезм ўәлаятларында ҳәм Қарақалпақстанда пневмония жағдайлары әдеўир көбейген.

Ҳәммемизге белгили, Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, елимизде карантин талапларының мүддети 15-августқа шекем создырылды. Соның менен бирге, ҳәзирги жағдай пандемияға қарсы гүресиў жумысларын және де күшейтиўди талап етпекте.

Мәжилисте бул бойынша аймақларда әҳмийетли болып турған мәселелер көрип шығылып, қосымша ўазыйпалар белгиленди.

Республикалық арнаўлы комиссияға орынлардағы эпидемиологиялық жағдайды турақластырыў ҳәм наўқасларды емлеўде әмелий жәрдем беретуғын топарларды дүзип, ҳәр бир аймаққа жибериў бойынша көрсетпе берилди.

Бул топарларға жуўапкер уйымлар, қәнигелескен медицина орайлары және медицина жоқары оқыў орынларының басшы ҳәм қәнигелери, сондай-ақ, напақадағы тәжирийбели шыпакерлер тартылады. Бул аймақларда халыққа ерте ҳәм анық диагноз қойыў, наўқасларды кеселлик дәрежесине қарап дурыс ҳәм қәнигели емлеўде әҳмийетли фактор болады.

Ҳәкимликлерге коронавирусқа қәнигелескен емлеўханаларды шөлкемлестириў, интенсив ҳәм реанимация орынларын көбейтиў, оларды зәрүр медициналық үскенелер ҳәм дәри-дармақ пенен тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды. Ташкент қаласындағы тәжирийбе тийкарында COVID-19 ҳәм пневмония менен кеселленгенлерге дәслепки маман медициналық жәрдем көрсететуғын «арнаўлы поликлиникалар» шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы аўыр наўқаслардың жағдайын жеңиллестиретуғын медициналық үскенелер менен тәмийинлеў мәселесине айрықша тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, соңғы еки ҳәптеде қосымша түрде 370 жасалма дем алдырыў аппараты, 1 мың 41 портатив дем алдырыў үскенеси, 1 мың 164 кислород концентраторы ҳәм басқа да зәрүр медициналық үскенелер алып келинип, аймақларға тарқатылды. Наўқаслардың көбейиўи мүмкин екенлигин есапқа алып, Республикалық арнаўлы комиссияға орынларға және қосымша үскенелер жеткериў бойынша тапсырма берилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң   усы жыл 25-июльдеги «Коронавирус пандемиясын жумсартыў, халықтың санитариялық-эпидемиологиялық тынышлығын ҳәм саламатлығын сақлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық хызмети шөлкемлестирилди. Бул хызметтиң бүгинги күндеги ең тийкарғы ўазыйпасы вирус шынжырын үзиў болып есапланады. Сондай-ақ, денсаўлықты сақлаў системасы, ҳәкимликлер менен биргеликте наўқасларды саламатландырыў ҳәм олардан басқаларға вирус жуғыўын азайтыў да ең әҳмийетли бағдар болып табылады.

Мәжилисте жас балалар, ҳәмиледар ҳаяллар, кекселер, майыплығы ҳәм өтлескен кеселлиги болған пуқаралардың саламатлығы үстинен системалы мониторинг алып барыў зәрүрлиги белгиленди.

Карантин дәўиринде бирде-бир жәрдемге мүтәж шаңарақ итибардан шетте қалмайтуғыны, кем тәмийинленген халық қатламына материаллық жәрдем, азық-аўқат ҳәм дәри-дәрмақларды мәнзилли жеткерип бериў системасы «саат»тай анық ислеўи кереклиги атап өтилди.

-Ҳәзирги шараятта наўқасларды емлеўге де, экономиканы ислетиўге де мәжбүрмиз ҳәм жуўапкермиз. Соның ушын халықтың саламатлығын сақлаў, соның менен бирге темир тәртип пенен барлық жумысларды даўам еттириўимиз керек,-деди Шавкат Мирзиёев.

 Ҳәкимлерге өз аймағындағы реал жағдайдан келип шығып, анық илажлар көриўи бойынша тапсырмалар берилди. Соның менен бирге, медициналық нықап тағыў, социаллық аралықты сақлаў,  65 жастан өткенлер зәрүрлик болмаса үйден шықпаў қағыйдаларына қатаң әмел етиўдиң әҳмийети атап өтилди.

Видеоселектор мәжилисинде ҳәкимлер ҳәм сектор басшыларының қатнасқанынан пайдаланып, экспорт ҳәм инвестиция мәселелери, бюджет түсимлери болжаўының орынланыўы, ғаўаша тәрбиясы ҳәм егинлерди суўғарыў жумысларының барысы көрип шығылды. Булар бойынша жуўапкер басшылардың есабы тыңланды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться