Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Ишимлик суў менен тәмийинлеўдеги машқалалар додаланды, қосымша ўазыйпалар белгиленди
2020-07-17 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 17-июль күни ишимлик суўы ҳәм канализация системасын жақсылаў, гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумысларын жеделлестириў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
2018-жыл 30-ноябрьде мәмлекетимиз басшысының «Өзбекстан Республикасында ишимлик суў менен тәмийинлеў ҳәм канализация системаларын раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди. Соңғы еки жылда бул тараўға бюджеттен 3,7 триллион сум ажыратылған. Оннан тысқары, 48 жойбарға 1,9 миллиард доллар сырт ел кредитлери тартылған.
Мәжилисте атап өтилгениндей, үш жыл ишинде 3 миллион 600 мың халыққа суў жеткериў режелестирилип, қаржы мәселеси шешилип берилген болса-да, барлық машқалалар ақырына шекем өз шешимин таппаған.
Жойбарларды сайлап алыўда орынлардағы жағдай, халықтың талабы ҳәм бар суў дәреклери толық үйренилмей атыр. Кредит қайтымы бюджеттиң мойнына түсип атырғаны тармақ ҳәм аймақ басшыларын терең ойландырыўы зәрүрлиги көрсетип өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы жойбарларды әмелге асырыў ҳәм сырт ел кредитлерин қайтарыўдағы машқалаларды көрсетип, жаңадан қурылған суў тармақларынан толық пайдаланыў, келеси жылдан баслап барлық жойбарларда ишимлик суўын хожалықларға жалғаў зәрүрлигин атап өтти.
Тутыныўшылар суў тармағына жалғанбағаны себепли дәраматлар алынбай атырғаны ушын жуўапкер басшылардың жумысы сынға алынып, «Өзсуўтәмийнат» акционерлик жәмийетине жыл ақырына шекем жәми 2,5 миллион тутыныўшыны тармаққа жалғаў ўазыйпасы қойылды.
Шавкат Мирзиёев жойбарларды ислеп шығыўдан баслап, иске қосыўға шекемги болған процессти мониторинг ететуғын ҳәм қадағалайтуғын, нәтийжелиликке тараў жуўапкерлери менен бирге ҳәкимлер де жуўап беретуғын система жаратыў зәрүрлигин көрсетип өтти.
Буның ушын аймақлық суў менен тәмийинлеў кәрханаларында бақлаў кеңеслери дүзилип, оларға ўәлаят ҳәкимлериниң жеке өзи басшылық етеди. Ҳәкимлер жойбарлардың сапалы орынланыўына, қаржының мақсетли жумсалыўына ҳәм алынған кредит қайтымына бирдей жуўап береди. «Өзсуўтәмийнат» АЖ жойбарларды ҳәр бир аймақтың өзине тәнлигинен келип шығып, ҳәкимлер ҳәм халық пенен мәсләҳәтлесип қәлиплестиреди.
Ҳәр бир жойбардың барысы ўәлаятлық ҳәм районлық кеңеслердиң депутатлары тәрепинен орынларға шыққан ҳалда үйренип барылады. Ишимлик суўы тарифлерин тастыйықлаў да халық депутатлары ўәлаятлық кеңеслериниң ўәкиллигине өткериледи.
Тараўда жойбарластырыў жумысларын толық қайта көрип шығыў мақсетинде Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги, Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар бойынша комитетине суў ҳәм канализация системасын раўажландырыў схемасын аймақлар бас режелери және ишимлик суўының дәреклерине избе-из байланысқан ҳалда ислеп шығыў ўазыйпасы жүкленди.
Президент энергия үнемлейтуғын киши жойбарларды әмелге асырыў жақсы пайда беретуғынын атап өтти.
Әндижан ўәлаяты Улуғнар районындағы тәжирийбе жойбары буған мысал болады. Оған бола, ишимлик суўы қудығына 5 киловаттлық қуяш электр станциясын орнатыў арқалы 2 мың халық суў менен тәмийинленеди. 52 миллион сумлық бул жойбар жылына 44 мың киловатт электр энергиясын үнемлеў есабынан үш жылға жетпей өзин-өзи қаплайды.
Орайласқан суў дәрегинен алыс, электр тартып барыў үлкен қәрежет талап ететуғын аймақларда сондай жойбарларды көбейтиў керек екенлиги тайынланды.
Тараўда инвестицияларды өзлестириўде қалақлыққа жол қоймаў ушын халықаралық қаржы шөлкемлериниң қаржылары есабынан әмелге асырылатуғын жойбарлар бойынша сатып алыўлар ашық өткерилетуғын ҳәм олардың орынланыўы муўапықластырылып, нәтийжели мониторинг жүргизилетуғын жаңа система енгизилиўи белгиленди.
Гидроқурылмаларда суў өлшегишлер, тутыныўшыларда есаплағышлар орнатыў қамтылыўын кеңейтип, олардағы мағлыўматларды қайта ислейтуғын санластырылған орай шөлкемлестириў бойынша тапсырма берилди.
Суў қубырларындағы жоғалтыўлар да оғада көп,-деди мәмлекетимиз басшысы. – Айырым жерлерде ишимлик суўының сапасы стандартқа жуўап бермейтуғыны анықланған. Бул машқалаларды шешиўде Ишимлик суўынан пайдаланыўды қадағалаў инспекциясының жумысы сезилмей атыр.
Соның ушын тараўға жеке меншик секторды жедел тартыў, оған субсидиялар ҳәм басқа да шараятлар арқалы тартымлылықты арттырыў мүмкин екенлиги атап өтилди. Тарифти белгилеў аймақлардың өзине берилип атырғаны бунда үлкен имканият болып есапланады.
Видеоселектор мәжилисинде турақ жайлар, экономика тармақлары ҳәм социаллық тараў объектлерин гүзги-қысқы мәўсимге таярлаў мәселелери де көрип шығылды.
Ширкетлердиң машқалалы қарыздарлығын қысқартыў, көп қабатлы турақ жайларды басқарыўды сервис компанияларына бериў тәжирийбесин кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди. Гүзги-қысқы мәўсимде алыс аймақларға көмир ҳәм суйылттырылған газди кепилленген түрде жеткерип бериў мәселесине де тоқтап өтилди.
Халықты азық-аўқат өнимлери менен үзликсиз тәмийинлеў, тәкирарый егинлерди көбейтип, оларды сатып алыў ҳәм ғамлаў илажлары белгиленди.
Кем тәмийинленген шаңарақлардың жағдайына айрықша итибар қаратыў, «Сақаўат ҳәм жәрдем» қорының қаржылары есабынан 30 мың жәрдемге мүтәж шаңарақты гүзги-қысқы мәўсим ушын зәрүр азық-аўқат ҳәм дәри-дәрмақ резерви менен тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.
Мәжилисте тармақлар ҳәм аймақлар басшылары есап берди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги