Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Президент: Халқымыздың жетик сана-сезими тийкарғы қуралымыз болыўы керек
2020-07-17 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 17-июль күни өткерилген видеоселектор мәжилиси алдынан коронавирус пенен байланыслы жағдайға айрықша тоқтап өтилди.
Бүгинги күнге келип елимизде COVID-19 бенен кеселленгенлердиң саны 15 мыңнан артқаны, көрилген илажлар нәтийжесинде 8 мыңнан аслам адам тәўир болғаны атап өтилди. Тилекке қарсы, усы вирус себепли дерлик 80 пуқара қайтыс болған.
– Жағдай елеге шекем әҳмийетли болып қалмақта. Соның ушын ҳеш бир аймақтың басшысы бизде барлығы жақсы, деп, арқайынлыққа берилиўине ҳаққысы жоқ. Ҳәмме жерде кемшиликлер бар. Ең тийкарғы ўазыйпа – оларды ўақтында анықлап, қалыс баҳа берип, тез сапластырыў илажын көриўден ибарат, – деди Шавкат Мирзиёев. – Бир ҳақыйқатты умытпаўымыз зәрүр: аўырыўды жасырсаң, ысытпасы көтериледи деген сөз тап усы коронавирус ҳаққында айтылған. Егер биз бул қәўипке бийпәрўа, бийғам болсақ, мыңлаған адамлардың денсаўлығы ҳәм тәғдирин қәўипке қоямыз, жағдайымыз буннан былай да қыйын болады. Ең қорқынышлысы, өлимшилик саны кескин көбейеди.
Еслетип өтиўимиз зәрүр, мәмлекетимиз басшысы өзиниң алдынғы мүрәжатларында пандемияға қарсы гүресиў стратегиясын ҳәм тактикасын түп-тийкарынан өзгертиў керек екенлиги ҳаққында атап өткен еди. Және усы мәселеге тоқтап, ҳәзирги пандемия шараятына тән ең күшли, ең тәсиршең қуралларды иске қосыў зәрүр екенлигин атап өтти.
– Бул гүресте мәмлекетлик ҳәм жеке меншик медицина системасы, барлық уйымлардың бәрқулла мобилизацияланған жағдайда болыўы ҳәм нәтийжели ислеўи, шыпакерлердиң пидайылығы, халқымыздың жетик сана-сезими бизиң тийкарғы қуралымыз болыўы шәрт, – деп сөзинде даўам етти Президент. – Тек тез ҳәм турақлы мобилизация, қатаң норма, медициналық мәденият, жоқары сана-сезим менен ғана биз апатшылыққа қарсы гүресе аламыз.
Бул бағдарда ең үлкен жуўапкершилик ҳәкимлер ҳәм секторлар басшыларының мойнында екени және бир мәрте еслетип өтилди. Оның ушын оларда өз аймақларындағы бар жағдай ҳаққында толық ҳәм ҳақыйқатқа туўра келетуғын мағлыўматлар болыўы, олар ҳәр күни, ҳәр саатта жаңаланып барыўы керек екенлиги атап өтилди.
– Ҳәкимлер, сектор басшыларының, барлық жуўапкерлердиң мийи саат механизминдей күни-түни, анық ҳәм қәтесиз ислеўи зәрүр, – деди мәмлекетимиз басшысы. – Тилекке қарсы, биз көбинесе әне усы мәселелерде ақсап атырмыз. Қолымызда анық мағлыўмат, тийкарланған таллаўлы материаллар болмағанлығы себепли қабыл еткен қарарларымыз күтилген нәтийжени бермей атыр. Бул мәселеде қандай жәрдем зәрүр болса, мәрҳамат, айтың, ҳәммесин шешемиз. Себеби мақсет бир: тез бул бәледен қутылып, экономикамызды, социаллық турмысымызды толық тиклеп алыўымыз керек.
Президент Шавкат Мирзиёев видеоселектор мәжилисинде және бир мәрте халқымызға мүрәжат етип, соның ишинде, былай деди:
– Ҳәр биримиз өзимиз, шаңарағымыз, перзентлеримиздиң денсаўлығы ҳәм тәғдири ушын бәринен бурын жуўапкер екенимизди терең аңлаўымыз зәрүр. Усы мүнәсибет пенен халық ўәкиллери болған депутатларымыздан, дөретиўши зыялыларымыздан, ҳүрметли журналистлеримиз, мәҳәлле белсендилеринен өтиниш етемен: пандемия дәўиринде ҳәр бир адамның жеке жуўапкершилиги ҳаққындағы үгит-нәсиятлаў жумысларын және де күшейтиўимиз керек.
Биз пандемияны қашан жеңемиз? Қашан, ҳәр бир адам өзиндеги бийпәрўалықты жеңсе, өзи, шаңарағы ҳәм перзентлери, пүткил халқымыздың турмысына жуўапкершилик пенен қарайтуғын болса.
Биз усыған уқыплымыз ба? Әлбетте, уқыплымыз. Бүгинги жағдайдың өзи көрсетип атырған мине усындай сезимлер ҳәм көзқараслар ҳәр бир ўатанласымыздың жүреги ҳәм санасына кирип барады, деп исенемен. Ҳәм биз бул сынақтан, әлбетте, мүнәсип өтемиз, – деп атап өтти Президент Шавкат Мирзиёев.
Бизге белгили, 15-июль күни Ташкент қаласы ҳәм пайтахт ўәлаятында пандемияға қарсы гүресиў бағдарындағы жумыслар сынға алынып, анық ўазыйпалар белгиленген еди. Бул бағдарда көрилген жедел илажлар бойынша мәжилисте Ташкент қаласының ҳәкими, Бас прокурор ҳәм басқа да жуўапкер басшылар есабат берди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги