Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ПРЕЗИДЕНТ: КОРОНАВИРУСҚА ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎ УШЫН БИЗДЕ БАРЛЫҚ РЕЗЕРВЛЕР ҲӘМ ИМКАНИЯТЛАР БАР
2020-07-15 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 14-июль күни өткерилген видеоселектор мәжилиси басында мәмлекетимиздеги эпидемиологиялық жағдайға және бир мәрте айрықша тоқтап өтилди.
COVID-19 пандемиясын жылаўлаў жолында әмелге асырылып атырған ҳәрекетлер ҳаққында сөз етип, мәмлекетимиз басшысы, соның ишинде, былай деди:
– Хабарыңыз бар, мәмлекетимизде коронавирус пенен кеселленгенлердиң саны көбейип баратырғанлығы мүнәсибети менен биз карантин талапларын және де күшейтиўге мәжбүр болдық. Неге дегенде, ашық-айдын айтыў керек, ҳәзирги күнде пүткил дүнья коронавирус деп аталған мине усы тилсиз жаў, көзге көринбес душпанға қарсы урыс жағдайында турыпты.
Урысқа кирген ҳәр бир мәмлекет, ҳәр бир халық өз елин, өз халқын қорғаў ушын барлық илажларды көреди. Бәринен бурын, қәўип-қәтердиң жолын бекитеди, қатаң тәртип орнатады. Қатаң мобилизация шараятында жасаў ҳәм ислеўге өтеди. Бүгин биз де әне усындай жағдайдамыз.
Республикалық арнаўлы комиссия тәрепинен жағдай турақлы талланып, инфекцияны жылаўлаў бойынша барлық илажлар әмелге асырылмақта.
Бул кеселликке қарсы гүресиў ушын бизде барлық резервлер ҳәм имканиятлар бар. Ең әҳмийетлиси, пидайы ҳәм мәрт шыпакерлеримиз өз ўазыйпасын садықлық ҳәм мәртлик пенен орынламақта.
Қайталап айтаман, биз енди пандемия шараятында жасаўға, мийнет етиўге үйрениўимиз шәрт. Себеби өмир даўам етпекте. Өмир бизден ақыл-ой, сабыр-тақат, күшли тәртип пенен ҳәрекет етиўди талап етпекте.
Өзимиз көрип турғанымыздай, дүньяда қайсы мәмлекетте медициналық мәденият, тәртип-қағыйда күшли болса, сол мәмлекет пандемиядан ең аз жоғалтыўлар менен шықпақта. Биз де сол жолдан барыўымыз керек. Әлбетте, өткен 4 ай даўамында адамларымыз көп нәрсеге үйренди. Бизде де белгили бир тәжирийбе пайда болды.
Таллаўлар коронавирус пенен кеселлениўдиң алдын алыў, кеселликти ерте анықлаў, симптомсыз ҳәм жеңил өтип атырған наўқаслар менен алып барылып атырған емлеў ҳәм қадағалаў илажларын әмелге асырыўда жаңа стратегияларды қоллынаўды талап етпекте.
Республикалық арнаўлы комиссия бул бағдарда жеделлик пенен барлық зәрүр илажларды ислеп шықсын ҳәм әмелге асырсын.
Усы мақсетте, (Бас министрдиң орынбасары Беҳзод Мусаев, денсаўлықты сақлаў министри Алишер Шодмонов бир күн мүддетте әмелдеги тест-таллаў тапсырыў процесин қайта көрип шығып, халық ушын қолайлы системаны ислеп шықсын.
Және бир әҳмийетли мәселе – ўәлаят, қала ҳәм районларда жергиликли кеңеслер, орынлардағы ҳәкимликлер ҳәм басқарыў уйымлары өз аймағындағы жағдайды терең таллап, Республикалық комиссия менен келисилген ҳалда карантин қағыйдаларын қай жерде зәрүр болса күшейтиўи, қай жерде зәрүр болса жумсартыўы зәрүр.
Барлық сақлық илажларын көрген ҳалда, имканият бар болған барлық жерде өндирис кәрханаларын иске түсириўимиз, мийнет өнимдарлығын арттырыўымыз керек.
Мәселен, аўыллық жерлерде халық қаладағыдай тығыз емес. Кеселлик тарқамаған аймақларымыз да көп. Бул жерлерде ҳәзирги ўақытта ҳәмме далада жумыс пенен бәнт, адамлардың колы-қолына тиймейди.
Бундай районларда аўыл мийнеткешлериниң биймәлел ислеўи, өнимин тутыныўшыларға жеткерип бериўи ушын барлық шараятты жаратыўымыз керек. Себеби жаздың бир күни қыстың он күнин бағады.
Ҳеш кимге сыр емес, усы жылдан баслап азық-аўқат мәселеси дүнья көлеминде шешиўши орынға шығады. Себеби коронавирусты жеңиў де, халықтың абаданлығын тәмийинлеў, жәмийетте тынышлық ҳәм турақлылықты беккемлеў де бәринен бурын усыған байланыслы.
Соның ушын бизде бәрқулла үш айлық азық-аўқат резерви таяр турыўы керек.
Пурсаттан пайдаланып, бүгин атызларда пидәкерлик пенен мийнет етип атырған тәжирийбели фермер ҳәм дийқанларымызға, исбилермен бағбанларымызға, барлық ўатанласларымызға терең миннетдаршылық билдирип, оларға күш-ғайрат, мол өним тилеймиз.
Соның менен бирге, жағдайдан келип шығып, керек орынларда карантин талапларына толық әмел етиўимиз зәрүр.
Ҳәммемиз шаңарағымыз, перзентлеримиз, ҳүрметли нуранийларымыздың денсаўлығы ушын және аз ғана шыдаўымыз, карантин қағыйдаларына қатаң әмел етиўимиз шәрт.
Аз ғана шыдасақ, бул күнлер ҳә демей өтип кетеди.
«Сабырлылық еткен мақсетине жетеди», дейди халқымыз.
Ҳәр бир исти жети мәрте ойлап, шыдам ҳәм мәртлик пенен әмелге асырып келген елимиз бүгинги сынақлардан мүнәсип өтип, өзиниң ийгиликли мақсетлерине, әлбетте, жетеди деп исенемен.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги