Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
СТРАТЕГИЯЛЫҚ ШЕРИКЛИКТИ БЕККЕМЛЕЎ ЖОЛЫНДА
2020-06-23 | Сиясат
Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев 23-июнь күни әмелий сапар менен Россия Федерациясына келди.
Москва қаласындағы «Внуково» аэропортында мәмлекетимиз басшысын Россия Ҳүкиметиниң рәсмийлери күтип алды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Россия Федерациясының пайтахты Москва қаласына сапары бағдарламасының биринши илажы жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер болды.
Кремльде мәмлекетимиз басшысын Россия Президенти Владимир Путин күтип алды.
Сөйлесиў ўақтында стратегиялық шериклик ҳәм көп қырлы бирге ислесиў қатнасықларын буннан былай да беккемлеў мәселелери көрип шығылды.
Өзбекстан Президентиниң Россияға мәмлекетлик сапары менен келиўи әйне усы күнлерге режелестирилген еди. Бирақ коронавирус пандемиясы бул режелерди өзгертип жиберди, илаж басқа мүддетке көширилди.
Ушырасыў басында Россия Президенти Шавкат Мирзиёевқа Уллы Жеңиске бағышланған салтанатларда қатнасыў мирәтин қабыл еткени ушын миннетдаршылық билдирди.
Владимир Путин мәмлекетимиз Қураллы Күшлериниң ўәкиллери ғәрезсиз Өзбекстан тарийхында биринши рет бүгин, 24-июнь күни Қызыл майданда болып өтетуғын парадта қатнасыўы ҳаққында сөз етип, «бул өзине тән аўқамшылық қатнасықларымыздың айқын көриниси» екенин атап өтти.
Россия Президенти, сондай-ақ, Өзбекстан халқы Жеңиске үлкен үлес қосқанын, ўатанласларымыз фронт артында пидәкерлик пенен мийнет еткенин, елимиз эвакуация етилгенлерди баўырманлық пенен қабыл еткенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Ташкент қаласында Жеңис бағының шөлкемлестирилгени айрықша атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы, өз гезегинде, Владимир Путин ҳәм пүткил Россия халқын уллы байрам менен қутлықлады. «Бул – бизлердиң улыўма тарийхымыз, улыўма жеңисимиз», – деди Шавкат Мирзиёев. Ташкенттеги Жеңис бағының Естелик комплекси фондын байытыў, сондай-ақ, Өзбекстан халқының Жеңиске қосқан үлеси ҳаққында және де анық статистикалық мағлыўматларды алыў мақсетинде архив материалларды усыныўға таярлық көрсеткени ушын Россия тәрепине миннетдаршылық билдирилди.
Президентлер соңғы жыллары еки тәреплеме байланыслар жедел раўажланып атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Дүнья жүзи кризиси ақыбетлериниң унамсыз тәсирине қарамастан, мәмлекетлеримиз арасындағы товар алмасыў көлеми избе-из өспекте. Атап айтқанда, өткен жылы бул көрсеткиш 6,6 миллиард долларға жеткен. Усы жылдың дәслепки айларында өз-ара саўда көлеми дерлик 2 миллиард долларды қурады.
Еки мәмлекет жетекши компанияларының кооперациясы кеңеймекте: бүгинги күнде 2 мыңға шамалас қоспа кәрхана жумыс алып бармақта, елимиз экономикасының барлық тийкарғы тармақларын қамтып алған ҳалда баҳасы 12 миллиард доллардан аслам болған жаңа инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта.
Улыўма етип айтқанда, Россияның Өзбекстан экономикасына киргизген инвестицияларының көлеми 10 миллиард доллардан артты.
Бирге ислесиўдиң және бир тийкарғы бағдары – илим ҳәм билимлендириў тараўларындағы жедел алмасыўлар. Соңғы бир неше жылда елимизде Россияның жетекши жоқары билимлендириў мәкемелериниң 7 филиалы шөлкемлестирилди. Олардың улыўма саны 10 ға жетти. Россияның және 4 университетиниң филиалларын ашыў режелестирилген.
Бундай өз-ара пайдалы ҳәм нәтийжели бирге ислесиўге көплеген мысаллар келтириў мүмкин.
Бул тек ғана саўда, инвестициялар, транспорт ҳәм билимлендириў емес, ал аўыл хожалығы, илим ҳәм инновациялар, денсаўлықты сақлаў, мәденият, туризм ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарлар болып есапланады.
Мәмлекет басшылары Өзбекстан – Россия қатнасықларының әҳмийетли мәселелерин ҳәр тәреплеме көрип шықты.
Жедел сөйлесиўди даўам еттириў ҳәм Ҳүкимет басшылары дәрежесиндеги Қоспа комиссия ҳәм Ҳүкиметлераралық комиссияның жумысы шеңберинде келисимлерди турмысқа енгизиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Еки мәмлекеттиң ҳүкиметлерине болажақ жоқары дәрежедеги сапарға пуқта таярлықты даўам еттириў, онда жаңа экономикалық бағдарламалар ҳәм алдынғы инвестициялық жойбарларға итибар қаратыў тапсырылды.
Президентлер халықаралық ҳәм регионаллық мәселелер бойынша да пикир алысты, болажақ ушырасыўлардың режесин, соның ишинде, ҒМДА ҳәм ШБШның гезектеги саммитлерине таярлық көриў ҳәм оларды өткериў бойынша келисип алды.
Соның менен Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Президент Владимир Путинниң ушырасыўы жуўмағына жетти.
Бүгин мәмлекетимиз басшысы фашизм үстинен ерисилген Уллы Жеңистиң 75 жыллығына бағышланған салтанатлы илажларда қатнасыўы режелестирилген.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги