Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИНИҢ РОССИЯ ФЕДЕРАЦИЯСЫНА САПАРЫ ҲАҚҚЫНДА
2020-06-22 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев усы жылдың 23–24-июнь күнлери Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң мирәт етиўине бола әмелий сапар менен Москва қаласында болады.
Сапардың биринши күни бағдарламаға муўапық, жоқары дәрежеде еки тәреплеме сөйлесиўлер өткериў режелестирилген. Көп қырлы Өзбекстан – Россия бирге ислесиўиниң әҳмийетли мәселелери көрип шығылады.
24-июнь күни мәмлекетимиз басшысы фашизм үстинен ерисилген Уллы Жеңистиң 75 жыллығы мүнәсибети менен өткерилетуғын салтанатлы илажларда қатнасады.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги