Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
МӘЛИМЛЕМЕ ТЕХНОЛОГИЯЛАРЫ ТАРАЎЫНДАҒЫ ЖУМЫСЛАР ДОДАЛАНДЫ
2020-06-08 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң жанында 8-июнь күни мәлимлеме технологияларын ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў бойынша реформалардың орынланыўы бойынша презентация өткерилди.
Усы жылы 28-апрельде мәмлекетимиз басшысының «Санлы экономика ҳәм электрон ҳүкиметти кеңнен енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди. Қарарда белгиленген ўазыйпаларды сапалы әмелге асырыў ҳәм муўапықластырыў ушын Бас министрдиң кеңесгөйи лаўазымы енгизилди.
Презентацияда тараўдағы мақсетлерге заманагөй программистлер таярлаўды жеделлестириў арқалы ерисиў мүмкин екенлиги атап өтилди.
«Бир миллион программист» жойбарының дәслепки басқышында 62 мыңнан аслам оқыўшы қамтып алынып, олардың 5 мың 400 ине қәнигелик сертификаты берилди.
Усы жылдың ақырына шекем 100 мың ҳәм 2021-жылдың биринши ярымында және 150 мың оқыўшыны оқытыў, студентлердиң бағдарламалық тәмийнат бойынша маманлығын арттырыў ўазыйпасы белгиленди. 5-класстан оқытылып атырған «Информатика» пәнин заманагөй технологиялар тийкарында жетилистириў, бул пәнге «Бир миллион программист» жойбарына байланыслы бағдарларды киргизиў бойынша көрсетпелер берилди.
Бүгинги күнде санлы экономика, «Электрон ҳүкимет» хызметлерине талап күннен күнге артып бармақта. Бирақ ҳәзирги күнде 780 түрдеги мәмлекетлик хызметтен тек ғана 185 инен «электрон портал» арқалы пайдаланыў имканияты бар. Айырым шөлкемлерде жумыс процесин санластырыў тек ғана ҳүжжет алмасыўды электронластырыў менен шекленип қалмақта.
Сонлықтан «Электрон оқытыў бағдарламасы» арқалы оқып диплом алған программистлерди мәмлекетлик ҳәм хожалық IT қәниге сыпатында жумысқа алыў зәрүрлиги атап өтилди. Олар шөлкемлердиң барлық түрин дәстүрий электрон форматтан санлы көриниске өткериўге жуўапкер болады.
Мысал ушын, бүгинги күнде кәмбағал шаңарақларға кредит ҳәм субсидиялар бериў мәселесин арнаўлы электрон программа анық өлшемлер тийкарында автоматикалық түрде белгилеўи керек.
Бас министрдиң кеңесгөйине халықаралық экспертлерди тартқан ҳалда, шөлкемлерде руқсат бериў ҳәм қарар қабыл етиў процесслерин электрон форматқа өткериў бойынша концепция ислеп шығыў тапсырылды.
IT инфраструктурасын жақсылаў, халықтың, әсиресе, жаслардың бул бойынша саўатлылығын арттырыў дәўир талабы болып есапланады. Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигине барлық аймақларда санлы технологиялар бойынша кеминде 100 оқыў орайын ашыў ўазыйпасы жүкленди. Бул орынларда программаластырыў тийкарлары, электрон саўда ҳәм графикли дизайн сыяқлы бағдарлар бойынша қысқа мүддетли оқыў курслары шөлкемлестириледи.
Тараў қәнигелерине шараят жаратыў мәселелерине де итибар қаратылмақта. Өткен жылы Ташкент қаласының Мырза Улығбек районында Прграммалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары парки қурылған еди. Әндижан ҳәм Марғилан қалаларында бул IT парктиң филиаллары шөлкемлестирилди. Пайтахтымызда Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы мәлимлеме технологиялары мектеби жанында және бир филиалдың имараты қурылмақта.
Усы жылдың ақырына шекем Гүлистан, Бухара, Наманган, Нөкис, Самарқанд, Үргенш ҳәм Жиззақ қалаларында да усындай филиалларды шөлкемлестириў режелестирилген.
Презентацияда жуўапкерлер бул IT парклердиң қурылысы, оптикалық талшықлы линиялар менен қамтылыўы, мобиль интернет тезлигин ҳәм сапасын арттырыў бойынша мәлимлеме берди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги