Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ТУТЫНЫЎ СЕБЕТШЕСИНИҢ ҲУҚЫҚЫЙ ТИЙКАРЛАРЫ ИСЛЕП ШЫҒЫЛАДЫ
2020-06-03 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 3-июнь күни кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Мәмлекетимиз басшысы илаж алдында елимизде коронавирус пенен байланыслы жағдайға тоқтап өтти. Соңғы он күнде орта есапта күнине 70-80 адамда кеселликтиң анықланғаны, еле қәтержамлыққа орын жоқ екенлигин атап өтти.
Ақырғы бир айда 32 чартер рейс арқалы 8 мыңға шамалас, шегара постлары арқалы 20 мыңнан аслам пуқаралар елимизге алып келинген. Олардың көпшилигинде кеселлик табылған. Сондай-ақ, дерлик 200 халықаралық жүк тасыўшы айдаўшыда коронавирус анықланған. Улыўма, ҳәзирги күнде үй шараятында 26 мың, стационарда 21 мың адам карантинде қалмақта.
«Қызыл» ҳәм «сары» аймақлар есапланған ўәлаят, қала ҳәм районларда карантин қағыйдаларына қатаң әмел етиў шәртлиги және бир мәрте айтып өтилди.
Пандемия шараятында ең абадан мәмлекетлерде де халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў үлкен машқала болып қалмақта. Елимизде де жумыссызлар саны көбейди. Сондай-ақ, дәслепки есап-санақларға бола, пандемия 450 мыңға шамалас шаңарақлардың дәраматына аўыр тәсир етиўи мүмкин.
Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматын арттырыў мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдарлары болып табылады. Бул бойынша комплексли ҳәм аймақлараралық бағдарламалар ислеп шығылған, министрлер, ҳәкимлер ҳәм секторлар басшыларының ўазыйпалары белгилеп берилген.
Кәмбағаллықты қысқартыў бойынша жумыслар және «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекети шеңберинде мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў ушын дизимлер қәлиплестирилген. Оларға муўапық, бүгинги күнге шекем сондай шаңарақлардың 540 мыңына 307 миллиард сумлық жәрдем берилди.
Мәмлекетимиз басшысы тийкарғы мақсет кәмбағал шаңарақтың ҳеш болмағанда бир ағзасын жумыс пенен тәмийинлеп, оларды мүтәжликтен шығарыў екенин, соның ушын ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир пуқараның машқаласы менен айрықша шуғылланыў зәрүрлигин атап өтти.
– Бул сынақлы дәўирде санлар артынан қуўыў емес, ал халықты разы етиў ушын шын кеўилден ислеў керек, – деди Шавкат Мирзиёев.
Мәжилисте белгиленгениндей, район (қала) сектор басшылары ең қыйналған ҳәм мүтәж шаңарақлардың дизимин қәлиплестирип, оларды кәмбағаллықтан шығарыў режесин ислеп шығады. Ўәлаят ҳәкиминиң экономика ҳәм мәҳәлле мәселелери бойынша орынбасарлары секторлар және коммерциялық банклердиң жумысын муўапықластырып, социаллық жойбарларды әмелге асырыўға жуўапкер болады. Бас министрдиң орынбасары басшылығында Республикалық штаб олардың есабын тыңлап, машқалаларын шешиўге министрликлер ҳәм уйымлар, коммерциялық банклерди тартады.
Бул система Бирден-бир социаллық реестр ушын да үлкен тийкар болады. Жуўапкерлерге жылдың ақырына шекем бул реестрди министрлик-ўәлаят-район-мәҳәлле кесиминде толық енгизиў бойынша көрсетпе берди. Кәмбағаллық шегарасы ҳәм өлшемлериниң жәҳән әмелиятында тән алынған 4 есаплаў усылы Ферғана ўәлаятының Тошлоқ районы мысалында сынақтан өткерилиўи белгиленди.
Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигине усы жылдың 1-октябрине шекем тиришилик ушын зәрүр ең аз муғдардағы ҳәм минимал тутыныў себетшесиниң ҳуқықый тийкарларын ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.
Президент Шавкат Мирзиёев жумыссызлық дәрежеси жоқары, инфраструктура тармақлары жетиспейтуғын районлар, әсиресе, шегаралас аймақлардың экономикасын раўажландырыў бойынша айрықша қатнас болыўы керек екенлигин атап өтти.
Бас министр орынбасарларының жергиликли ҳәкимликлер менен биргеликте сондай районларда халықтың бәнтлигин арттырыў ҳәм жасаў шараятын жақсылаў, инфраструктураны раўажландырыўға қаратылған бағдарламаларды ислеп шығыў бойынша тапсырмалар берилди.
Ҳәммемизге белгили, карантин илажларын жумсартыў нәтийжесинде 17 мыңнан аслам санаат ҳәм 10 мың қурылыс тараўындағы кәрханалардың жумысы тикленди. Бирақ олардың көпшилигинде қаржы ағымлары карантинге шекемги дәўирдегиге салыстырғанда 3 есеге азайып кеткен.
Орайлық банкке есап бетинде пул айланысы жетерли болмаған кәрханалардың машқалаларын анықлап, оларға жәрдемлесиў бойынша көрсетпелер берилди.
Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги системасында 300 мың халықты жәмийетлик жумысларға тартыў, 265 мыңын жумысқа жайластырыў, атап айтқанда, министрлик қоры есабынан жеке қыйтақ жерлерге 36 миллиард сум субсидия ажыратыў арқалы 18 мың кәмбағал халықтың бәнтлигин тәмийинлеў имканияты бар екенлиги көрсетип өтилди.
Пандемияның ақыбетлерин жумсартыў мақсетинде «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» мәмлекетлик бағдарламасына қосымша 1 триллион сум қаржы ажыратылды. Улыўма айтқанда болса, усы жылы шаңарақлық исбилерменлик бағдарламаларына 4 триллион сум қаржы жумсалмақта.
Президентимиздиң тапсырмасына бола шаңарақлық исбилерменлик бағдарламалары шеңберинде кредитлер ажыратыў әпиўайыластырылды.
Бул қаржыларды нәтийжелилиги жоқары ҳәм кепилленген жумыс орынларын жарататуғын киши өндирис жойбарларына бағдарлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, өнерментшилик ушын бүгинги күнге шекем 190 миллиард сум ажыратылған. Бирақ Наўайы, Қашқадәрья, Ташкент ўәлаятларында бул қаржылардың өзлестириў пәти сынға алынды.
Усы жылы санаат тараўында 7,5 мың аймақлық жойбарды әмелге асырыў есабынан 145 мың кәмбағал халықты жумысқа жайластырыў режелестирилген. Буннан тысқары, баҳасы дерлик 11 миллиард доллар болған 206 ири өндирис қуўатлықларын иске қосып, 31 мыңнан аслам жоқары дәраматлы жумыс орнын жаратыў илажлары белгиленген. Бас министрдиң орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрине бул жойбарды өз ўақтында орынлаў бойынша тапсырмалар берилди.
Аўыл хожалығында да кәмбағаллықты қысқартыў бойынша имканиятлар көп. Мәжилисте атап өтилгениндей, биринши ярым жыллықта 38 мың гектар жерди айланысқа киргизиў есабынан 25 мың, жыл ақырына шекем және қосымша 51 мың гектарды өзлестириў есабынан 45 мың адамның бәнтлигин тәмийинлеў режелестирилген. Бул жерлердиң 20 мың гектары кем тәмийинленген шаңарақларға бериледи.
Тап сондай, ғәлледен босайтуғын 120 мың гектар егислик майданды тәкирарый егин ушын ажыратып, 300 мыңға шамалас шаңараққа дәрамат дәрегин жаратыў белгиленген. Буннан тысқары, пахта-тоқымашылық кластерлериниң 965 миллион долларлық 107 жойбарын әмелге асырыў нәтийжесинде 28 мыңнан аслам жумыс орны шөлкемлестириледи. Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети тәрепинен кем тәмийинленген 28 мың хожалыққа нәсилли ешки, 50 мың шаңараққа қус, 100 мыңына нәсилли қоян тарқатылады.
Қурылыс тараўындағы имканиятлар көрип шығылып, Кризиске қарсы гүресиў қорынан ажыратылған 3,6 триллион сум есабынан орынланатуғын қурылыс-жумысты бөлип алып ислеў жумысларына 85 мың адамды тартыў мүмкин екенлиги айтып өтилди.
Мәжилисте халықты социаллық қоллап-қуўатлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Карантинниң биринши күнлеринен бул бойынша зәрүр илажлар көрилип, социаллық напақа алыўшылардың саны 10 процентке арттырылған еди.
Бүгинги күнде бағыўшысын жоғалтқан шаңарақлардың саны 155 мың, 5 еўден артық перзенти бар кем тәмийинленген шаңарақлардың саны 81 мың, жалғыз жасайтуғын кекселер 16 мыңды қурамақта. Бирақ ажыратылып атырған социаллық жәрдемлер мүтәжлерге толық жетип бармай атырған жағдайлар да көп.
Сонлықтан Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигине қосымша ажыратылған 992 миллиард сум қаржыны және «Сақаўат ҳәм жәрдем» қорындағы 70 миллиард сум қалдықты жәрдемге мүтәж шаңарақларға анық ҳәм әдил жеткерип бериў бойынша қатаң тапсырма берилди.
Пандемия дәўиринде халықты социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша қабыл етилген қарарлар шеңберинде жыл ақырына шекем қосымша 235 мыңнан аслам шаңараққа материаллық жәрдем ажыратылатуғыны атап өтилди.
Мәжилисте тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлерине болған талапты толық тәмийинлеў ҳәм базарлардағы баҳаның турақлылығын сақлаў мәселесине де тоқтап өтилди.
Қус гөши, салы, картошка талапқа салыстырғанда аз жетистирилип атырғаны атап өтилип, бул өнимлерди көбейтиў бойынша көрсетпелер берилди. Онда сырт еллер, атап айтқанда, картошка бойынша Нидерландия, салы ҳәм балықшылық бойынша Въетнам тәжирийбелеринен пайдаланыў жақсы нәтийже береди.
Булардан тысқары да аграр тараўда пайдаланылмай атырған резервлердиң жетерли екенлиги атап өтилди. Мысал ушын, бир ўақытлары Наманган ҳәм Наўайы ўәлаятларында жүнди қайта ислеў бойынша қуўатлықлар бар болған.
Бул бағдарда көплеген адамларды жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм экспортқа қолайлы товарлардың түрин ҳәм көлемин көбейтиў имканияты бар. Жүннен орамал, гилем сыяқлы таяр өнимлерди ислеп шығарыў халық өзин-өзи бәнт етиўиниң әҳмийетли бағдары болыўы керек екенлиги атап өтилди, бул бойынша мәнзилли жойбарларды қәлиплестириў ўазыйпасы қойылды.
Видеосеклектор мәжилисинде ҳәкимлер, министрликлер, уйымлар ҳәм коммерциялық банклердиң басшылары биринши ярым жылдың жуўмағы бойынша неше жумыс орнын жаратыўы, кәмбағал шаңарақларды қаншаға шекем қысқартыўы, 9 ай ҳәм жылдың ақырына шекем мөлшерленген режелери бойынша есабат берди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги