Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ЎАТАНЫМЫЗДЫҢ АЛТЫН БОСАҒАСЫ ТАШКЕНТ БАРҒАН САЙЫН ШЫРАЙЛАНБАҚТА

2020-05-20 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 20-май күни пайтахтымызда әмелге асырылған дөретиўшилик жумыслар ҳәм ири жойбарлар менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий бағында қурылған Жазыўшылар қыябанына барды.

Бул бағдардағы реже 2017-жыл 3-февраль күни усы бағқа барған ўақтында белгиленген еди. Сол жылы 18-апрельде мәмлекетимиз басшысының тийисли қарары қабыл етилип, қыябанның архитектуралық-идеялық жойбары ислеп шығылды.

Өткен ўақыт даўамында кең көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылып, 8 гектардан аслам майданда Жазыўшылар қыябанының тутас архитектуралық ансамбли жаратылды.

Алдын бул жерде санаўлы ғана жазыўшыларымыздың естелиги болған ҳәм бул тап Әлийшер Наўайыдан кейин елимизден талантлы шайырлар жетисип шықпағандай тәсир қалдыратуғын еди.

Сол себепли, Жазыўшылар қыябанын идеялық-көркемлик жақтан және де байытыў мақсетинде Бабур, Агаҳий, Бердақ, Муқимий, Фурқат, Беҳбудий, Авлоний, Чўлпон, Қадирий, Т.Қайыпбергенов, И.Юсупов, А.Файнберг сыяқлы атақлы ғайраткерлердиң естелигине бағышланған жаңа естелик комплекслери де жаратылды.

Ҳәзирети Наўайы бабамыздың саўлатлы естелиги әтирапында 20 дан аслам атақлы шайырлар ҳәм жазыўшылардың естеликлери тутас архитектуралық ҳәм көркем композицияда, логикалық шешим тийкарында жайластырылды. Бул жерде Жазыўшылар аўқамы ушын имарат қурылғаны да үйлесимлик пайда етти.

Мәмлекетимиз басшысы Әлийшер Наўайының естелигине гүл қойды. Қыябанда әмелге асырылған жумыслар ҳәм жаратылған шараятларды көзден өткерди.

Жазыўшы ҳәм шайырлар, зыялылар менен ушырасыўда миллий әдебиятымызды раўажландырыўға қаратылып атырған итибар, алдағы әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында сөз болды.

– Әдебият халықтың жүреги, елдиң мәнаўият айнасы. Бүгинги қыйын  заманда адамлардың кеўлине жол табыў, оларды жақсы мақсетлерге илҳамландырыўда әдебияттың тәсиршең күшинен пайдаланыў керек. Ата-бабалардың мийрасын үйрениў, бай мәдениятымызға мүнәсип уллы әдебият жаратыў ушын да шараятларды жаратып беремиз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Елимизде дөретиўшилердиң шығармалары  турақлы түрде басып шығарылып атыр. Енди оларды дүньяға алып шығыў керек екенлиги атап өтилди. Мәселен, Әлийшер Наўайы, Мырза Бабур, Абдулла Қадирий, Абдулҳамид Чўлпон сыяқлы дөретиўшилердиң шығармалары шет тиллерде басып шығарылмақта. Бирақ бул жумыслар дилмашлардың өз басламасы ҳәм қызығыўшылығы менен болып атыр.

Бул бағдарда Жазыўшылар аўқамы интакер болыўы, Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университети менен биргеликте өзбек әдебиятының ең сайланды үлгилерин түрли тиллерге аўдарып, басып шығарыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

Жазыўшылар қыябанын әдебият, мәрипат ҳәм мәденият дәргайына айландырыў, ҳәр бир жазыўшының естелигин белгили жоқары оқыў орнына бириктирип, бул жерде ашық сабақлар, ағартыўшылық илажлар өткериў бойынша усыныслар берилди. Қыябан менен ғана шекленип қалмай, жазыўшылардың дөретиўшилигин терең үйрениў, олардың ибратлы өмир жолы ҳаққында китаплар ҳәм фильмлер жаратыў, жаңа шығармалар жазыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

– Заманымыз қаҳарманлары, деп көп айтамыз. Бүгин бул қаҳарманлар коронавирусқа қарсы гүресип атырған пидайы шыпакерлеримиз, мәрт әскерлеримиз, сақаўатлы исбилерменлеримиз, ўатансүйгиш жасларымыз болып есапланады. Олардың мәртлиги ҳаққында оқыўды ҳәммемиз қәлеймиз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Бүгинги жаслар интернеттен, электрон әдебиятлардан көбирек пайдаланатуғыны, бирақ миллий әдебиятымыз ғәзийнесин интернетте үгит-нәсиятлаў жақсы жолға қойылмағаны атап өтилди.

Сол себепли Президентимиз «Жазыўшылар қыябаны» деп аталған интернет порталын шөлкемлестириў усынысын билдирди. Онда классикалық ҳәм заманагөй шығармалардың электрон нусқалары, жазыўшы ҳәм әдебияттаныўшылардың шеберлик сабақлары жәмленеди. Портал өзбек, инглис ҳәм рус тиллеринде жумыс алып барса, оннан сырт елли ықласбентлер менен қәнигелердиң де пайдаланыўы ушын имканият жаратылады.

Усы жерде жоқары билимлендириў мәкемелериниң жазыўшылар дөретиўшилигин үйрениў бойынша презентациялары өткерилди. Мәмлекетимиз басшысы қыябан жанында шөлкемлестирилген китапхананы да көзден өткерди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться