Хабарыңыз бар, карантин дәўиринде пуқаралар ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде Республикалық арнаўлы комиссия тәрепинен сырт ел тәжирийбесин үйренген ҳалда усы жылдың 18-май күнинен Ташкент қаласынан Нөкис, Үргенш, Термиз қалаларына, авиақатнаўлар (барыў ҳәм қайтыў) және Ташкент қаласынан Наўайы, Бухара, Қаршы қалаларына «Афросиёб» тезжүрер поезды және Ферғана ойпатлығына темир жол қатнаўы (барыў ҳәм қайтыў) ушын коронавирус инфекциясына тест тапсырыў талабы белгиленген еди.
Карантин шараятында халықтың экономикалық жағдайын итибарға алып, сондай-ақ, ҳәрекетлениў ўақтында жолаўшылардың социаллық аралық сақлаўына шараят бар екенин нәзерде тутып, қалаберди, пуқаралардың аймақлар аралық ҳәрекетлениўинде артықша қолайсызлықлар жүзеге келиўиниң алдын алыў мақсетинде Республикалық арнаўлы комиссия тәрепинен бул талап бийкар етилди.
Енди жоқарыда көрсетилген рейслер бойынша ҳәрекетленип атырған жолаўшылардан коронавирус инфекциясына тест анализлериниң алынғаны ҳаққындағы мағлыўматнама талап етилмейди.
Соның менен бирге, авиа ҳәм темир жол қатнаўларын шөлкемлестириўде барлық карантин қағыйдаларына әмел етиў, атап айтқанда, жолаўшылардың санын азайтыў, дезинфекциялаў ҳәм басқа да санитариялық талаплар сөзсиз орынланыўы талап етиледи.
ӨзА
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги