Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ӨЗБЕКСТАН ПРЕЗИДЕНТИ ҲӘМ ҚХР БАСШЫСЫ ТЕЛЕФОН АРҚАЛЫ СӨЙЛЕСТИ

2020-05-07 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-май күни Қытай Халық Республикасы Басшысы Си Цзиньпин менен телефон арқалы сөйлести.

Әдеттегидей қызғын ҳәм дослық руўхында өткен сөйлесиўде Өзбекстан ҳәм ҚХР жетекшилери еки тәреплеме бирге ислесиўге байланыслы халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелерди көрип шықты.

Мәмлекет басшылары коронавирус инфекциясына қарсы даўам етип атырған гүрестиң ең қыйын дәўиринде көрсетилген өз-ара ҳәм гуманитарлық жәрдемди үлкен қанаатланыўшылық ҳәм миннетдаршылық пенен атап өтти.

Апрель айының екинши ярымында усы қәўипли вирус пенен кеселленгенлерди анықлаў, емлеў ҳәм реабилитациялаў тараўында Қытайдың үлкен әмелий тәжирийбеге ийе жетекши врачларының топары мәмлекетимизде болды.

Президентимиз қытайлы қәнигелер жоқары профессионал шеберлик көрсеткенлигин, олардың мәмлекетимиз аймақларындағы машақатлы мийнети пандемияға қарсы гүресиў илажларының нәтийжелилигин арттырыўға хызмет еткенин айрықша атап өтти.

Олардың барлығы Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы дослық, өз-ара ҳүрмет ҳәм исенимге тийкарланған ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықлары барған сайын беккемленип баратырғанлығының айқын дәлили, деп атап өтти мәмлекет басшылары.

Еки мәмлекеттиң денсаўлықты сақлаў ҳәм санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў тараўындағы уйымлары арасында жедел алмасыўларды даўам еттириўге келисип алынды.

Сондай-ақ, көп қырлы, соның ишинде, сиясий-дипломатиялық, саўда-экономикалық, инвестициялық, қаржы, энергетика, аўыл хожалығы, транспорт-коммуникация, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарлардағы бирге ислесиўдиң жағдайы ҳәм оны кеңейтиў перспективалары ҳәр тәреплеме додаланды.

ҚХРдың алдынғы тәжирийбесин үйрениў ҳәм енгизиў тийкарында кәмбағаллықты қысқартыў мәселелеринде нәтийжели сөйлесиў басланғаны айрықша атап өтилди.

Сәўбетлесиўдиң нәтийжелерине бола еки тәреплеме жоқары дәрежедеги илажларға пуқта таярлық көриў жумыслары даўам еттириледи.

Еки мәмлекеттиң  министрликлери ҳәм уйымлары, аймақлардың ҳәкимликлери, банк-финанс институтлары ҳәм жетекши компаниялары пандемияның унамсыз ақыбетлерин азайтыў ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў ушын жаңа имканиятларды излеў мақсетинде биргеликтеги жумысларын жеделлестиреди. Олар, бәринен бурын, өз-ара саўда көлемин арттырыў ҳәм оның турақлылығына ерисиў, өндирис кооперациясын беккемлеў ҳәм инновациялық жойбарларды әмелге асырыў , жүк тасыў көлеминиң осиўи ушын қолайлы шараятлар жаратыў, гуманитарлық бағдарламаларды алға қойыў болып есапланады.

Мәмлекет басшылары регионналлық әҳмийетке ийе бир қатар әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысты. Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми ҳәм басқа да абырайлы халықаралық структуралар шеңберинде биргеликли ҳәрекетлерди муўапықластырып барыўға исенимли умтылыс тастыйықланды.

Сәўбетлесиў жуўмағында Өзбекстан ҳәм Қытай жетекшилери дослық ҳәм ҳәр  тәреплеме стратегиялық шериклик руўхындағы кең көлемли бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге таяр екенлигин және бир мәрте атап өтти.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться