Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Шавкат Мирзиёев: «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекети – мәмлекетимиз ҳәм халқымыз қүдиретиниң әмелий көриниси болып есапланады»

2020-04-20 | Сиясат

ХАЛЫҚТЫ СОЦИАЛЛЫҚ ҚОРҒАЎ ҲӘМ ҚУРЫЛЫС ЖӘНЕ ИНФРАСТРУКТУРА ТАРМАҚЛАРЫНЫҢ ЖУМЫСЫ МӘСЕЛЕЛЕРИ ДОДАЛАНДЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 20-апрель күни санаат, қурылыс ҳәм инфраструктура тармақлары кәрханаларының толық жумыс ислеўин тәмийинлеў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилисин өткерди.

Мәмлекетимизде коронавирус эпидемиясына қарсы өз ўақтында көрилген илажлардың нәтийжесинде көплеген аймақлар бул қәўиптен сақлап қалынды. Усыған қарамастан, көпшилик ўәлаят ҳәм районларда кәрханалар өз жумысын тоқтатқан ямаса толық қуўатлылық пенен ислемей атыр. Бул жағдай аймақлардың экономикасына ҳәм социаллық тараўға, әпиўайы етип айтқанда, халықтың турмысына унамсыз тәсир етпекте.

Мәмлекетимиз басшысы мәжилис алдынан халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў мәселесине айрықша тоқтап өтти.

Ўақтынша жумыс ислемей атырған ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақларды анықлап, оларды мәнзилли түрде азық-аўқат ҳәм дәри-дәрмақ пенен тәмийинлеў көлемин және де кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Ҳәзирги пандемия шараятында жумыссызлар, жәрдемге мүтәж халық санының артыўы тәбийғый. Түрли мәмлекетлер кеселликке қарсы гүресиў менен бирге жумыс орынларын сақлап қалыў ҳәм экономика кескин кризиске ушырамаўы ушын бар имканиятларды иске қоспақта.

Пүткил дүнья жүзинде болғаны сыяқлы бул қыйын процесс Өзбекстанды да шетлеп өтип атырғаны жоқ. Әлбетте, халқымызды тәмийинлеў ушын да, экономиканы қоллап-қуўатлаў ушын да мәмлекетимиздиң резервлери ҳәм имканиятлары жетерли.

Сол себепли, Президентимиз халқымыздың тарийхый ҳәм руўхый қәдириятларын, мийрим-шәпәәт, ақыбет ҳәм жақсылық сыяқлы жоқары пазыйлетлерин есапқа алған ҳалда, «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекетин жолға қойыў басламасын алға қойды.

– Жақын күнлерде ҳәммемиз ушын муқаддес болған Рамазан айы кирип келеди. Бул айда мүтәж шаңарақларға жәрдем көрсетиў ҳәм қарыз, ҳәм парыз болып есапланады. Соның ушын усы муқаддес айда ҳәр бир исбилермен өзи жумыс ислеп атырған аймақта социаллық қорғаўға мүтәж халықты, бәринен бурын, мәҳәллелеслери, қоңсыларын жедел қоллап-қуўатлаўы мақсетке муўапық, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Буның нәтийжесинде Рамазан айында әмелге асырылатуғын садақа ҳәм қайырқомлықлар мәнзилли болады, ифтарлықларға жумсалатуғын қаржылар ҳәм азық-аўқат өнимлери халықтың кең тәмийинленген қатламларына бағдарланады.

Имканиятынан келип шығып, қандайда бир исбилермен бир айда мысал ушын, 10, басқа биреўи болса 20 шаңараққа жәрдемлесиўи, ең әҳмийетлиси, мүтәж шаңарақлардың ағзаларын жумысқа тартыўы  мүмкин. Мәмлекет тәрепинен өз гезегинде, бундай исбилерменлерге салық, лизинг, кредит төлемлери, зәрүр ресурслар менен тәмийинлеў бойынша ҳәр қыйлы жеңилликлер ҳәм преференциялар бериледи. Яғный, бул халыққа мәмлекет тәрепинен исбилерменлик субъектлери арқалы көрсетилетуғын сақаўат ҳәм жәрдем болады.

Бул процессте ири кәрханалар, олардың орынлардағы структуралық бөлимлери, фермерлер ҳәм кластер хожалықлары да ықтыярлы түрде қатнасыўы мүмкин екени атап өтилди.

Бул баслама Саўда-санаат палатасының орынлардағы бөлимлери, банклер, социаллық қорғаў уйымлары менен биргеликте әмелге асырылатуғыны белгиленди.

– «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекети мәмлекетимиз ҳәм халқымыз қүдиретиниң әмелий көринисине айланатуғынына исенемен, – деди Президентимиз.

Теманы даўам еттирер екен, мәмлекетимиз басшысы Республикалық комиссияға коронавирус улыўма анықланбаған ямаса эпидемиологиялық жағдай жақсыланған ўәлаят, район ҳәм қалаларда карантин шеклеўлерин басқышпа-басқыш жумсартыў илажларын көриў бойынша тапсырма берди. Жумысы тикленетуғын объектлерде жумыслар санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға қатаң әмел еткен ҳалда шөлкемлестириледи.

Халықтың бәнтлигин ҳәм экономикалық турақлылықты тәмийинлеў бағдарында үлкен имканиятларға ийе «драйвер»лерден бири қурылыс тараўы есапланады. Атап айтқанда, бул тармақ 1 миллион 325 мың халықты жумыс пенен тәмийинлейди, басқа санаат бағдарлары ушын да талап жаратады. Сол себепли, карантин дәўиринде қурылыс көлеминиң азайыўына жол қоймаў мақсетинде бул тараўға қосымша 3,6 триллион сум қаржы ажыратылды.

Усы жылдың биринши шерегинде қурылыс жумысларының көлеми 6,5 процентке өскен болса-да, өткен жылдың усы дәўиринен 4 процентлик бәнтке артта қалмақта.

Мәжилисте атап өтилгениндей, карантин қағыйдаларына толық әмел еткен ҳалда, барлық қурылысларды даўам еттириўге рухсат бериледи. Ишки ислер министрлигине тараў кәрханалары ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыўшылардың ҳәрекетлениўине шараят жаратыў ўазыйпасы қойылды.

Усы жылы 30 мың квартиралы көп қабатлы турақ жайлар пайдаланыўға тапсырылыўы режелестирилген. Бирақ 25 қалада буның ушын жер майданлары елеге шекем ажыратылмаған. Ипотека кредитин алыў бойынша арзаларды көрип шығыўда да өзи боладылыққа жол қойылған.

Мәжилисте бул кемшиликлерди тез күнлерде сапластырыў, көп қабатлы турақ жайлар ушын жерди халықтың талаплары жоқары болған аймақлардан ажыратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры тәрепинен жеке меншик жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлерге кредитлердиң процент қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў ҳәм кредит суммасының 50 процентине шекем кепиллик бериў механизми енгизилетуғыны белгиленди.

Жаңа тәртип тийкарында берилип атырған ипотека кредитлериниң мүддетин 15 жылдан 20 жылға созыў, сондай-ақ, ипотека кредитиниң ең жоқары шегин базар талаплары тийкарында көбейтиў керек екенлиги атап өтилди.

Қурылыс сапасын арттырыў, тараў кәрханаларының жумысын баҳалаў рейтинги ҳәм электрон тендер системасын иске қосыўды жеделлестириў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәжилисте қурылыс материаллары базарына байланыслы мәселелер де ҳәр тәреплеме додаланды.

Карантин дәўиринде бул индустрия қәрханаларында өндирис көлеми 30-40 процентке азайған. Өз гезегинде, шийки зат өнимлери де сатылмай қалған.

Соннан келип шығып «Өзқурылысматериаллары» акционерлик компаниясына биринши ярым жыллықта өнимди ислеп шығарыўды 10  триллион сум ҳәм жылдың ақырына шекем 22 триллион сумға жеткериў ўазыйпасы қойылды. Бул көрсеткишлерди тәмийинлеўде экспорт базарлары тийкарғы имканият есапланады.

Импорттың орнын басатуғын жергиликли қурылыс материалларын ислеп шығарыўды кеңейтиў бойынша тапсырмалар берилди.

Елимизде буның ушын зәрүр шийки зат алыў мүмкин болған 275 перспективалы кән бар. Мысал ушын, Ғазғанда 52 миллион доллар муғдарында  14 жойбар иске қосылмақта. Президентимиз кәнлерди өзлестириў арқалы усындай нәтийжели жойбарларды көбейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Усы жылы энергияны үнемлейтуғын қурылыс материалларын таярлаў бойынша 7 жойбарды иске қосыў, келешектеги объектлерди жойбарлаўда усы өнимлерден пайдаланыўды нәзерде тутыў бойынша көрсетпелер берилди.

Карантин дәўиринде инженерлик-коммуникация инфраструктурасы қурылысына Кризиске қарсы гүресиў қорынан қосымша 1,5 триллион сум, атап айтқанда, суў тәмийнаты бойынша 55 жойбарға  500 миллиард сум ҳәм жол қурылысы бойынша  1 мың 547 жойбарға  1 триллион сум қаржы ажыратылды.

Мәжилисте бул жойбарлардың орынланыўы да көрип шығылды. Жумысты бөлип алып ислеўшилерди анықлап, қурылыс жумысларын тез пурсатларда баслаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Пандемия себепли халықаралық финанс шөлкемлери қаржыларының қатнасыўындағы    жойбарлар да тоқтап қалған еди. Атап айтқанда, ишимлик суў системасын жақсылаў ҳәм жол қурылысы тараўында усындай машқалалар бар.

Ҳәзирги жағдайдан келип шығып, бундай жойбарларға тендер арқалы жергиликли жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлерди де тартыў бойынша усыныслар берилди.

Мәмлекетимиз тәрепинен жергиликли бюджетлердиң дәраматын арттырыў, атап айтқанда, жол қурылысы ушын қаржыларды қәлиплестириўге барлық шараятлар жаратылды. Енди аймақлар республикадан қаржы келиўин күтип отырмай, ишки жолларды өзлери оңлаўы зәрүр екенлиги айтып өтилди.

– Улыўма алғанда, турақ жай қурылысы бола ма ямаса инфраструктура объектлери ме, қурылыс тараўы жаңа жумыс орынларын жаратыў, базарда талап ҳәм усынысты қәлиплестириў, нәтийжеде экономикалық өсиўди тәмийинлеў ушын үлкен имканият ҳәм резерв есапланады. Тармақ басшылары бүгинги мәжилисте өзлерине жүкленген жуўапкершиликти терең сезинип, жумысты дурыс шөлкемлестирсе, экономикалық кризистен қолдан келгенше аз жоғалтыўлар менен шығамыз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы қайсы тараўды додаламасын, қандай қарарға қол қоймасын, бәринен бурын, бул әпиўайы адамларға  не береди, деген көзқарастан келип шығып жумыс ислейди. Бүгинги видеоселекторда берилген тапсырмалар, белгиленген ўазыйпалар да адамларды жумыс пенен тәмийинлеў, дәраматын арттырыў, дөретиўшилик жумысларды даўам еттирип, елимизди және де абат етиўге қаратылғаны менен әҳмийетли.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться