Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Аўыл хожалығы азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў-ең әҳмийетли мәселе

2020-04-11 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 10-апрель күни пахташылық ҳәм ғәллешиликте кластер системасын раўажландырыў, бәҳәрги агротехникалық жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў, зүрәәтлиликти арттырыў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди. Мәжилис алдында мәмлекетимиз басшысы коронавирус пандемиясына қарсы гүресиў бағдарындағы жумысларға айрықша тоқтап өтти.

Бәринен бурын, дүньяның көплеген мәмлекетлеринде коронавирустың тез тарқалыўына байланыслы бүгинги жағдай биз Өзбекстанда карантин ҳәм халықтың себепсиз көшеге шықпаўы режимин өз ўақтында енгизгенимизди дәлийллегенин атап өтпекшимен.

Буны дурыс түсинип ҳәм мақуллап, сабыр-тақат пенен үйинде ҳәм карантин орынларында отырған барлық пуқараларымызға, сондай-ақ, өз ўазыйпасын мәртлик ҳәм жигерлилик пенен атқарып атырған шыпакерлеримизге терең миннетдаршылығымды билдиремен.

Ашығын айтыў керек, егер халқымыздың менталитети ҳәм турмыс тәризин, соның ишинде, жумыс-оқыў, той-мереке, мәҳәлле, базар, туўысқанлар, қоңсылар, дослар, әсиресе, наўқаслардан тез-тез хабар алыў сыяқлы оғада кең социаллық қатнасықларымызды есапқа алсақ, карантин ҳәм шеклеў илажларын ўақтында киргизбегенимизде, наўқаслар ҳәм жоғалтыўлар буннан да көп болатуғыны анық еди.

Инфекция тарқалыўын дерлик бир ай даўамында төменлетип, бул ўақыттан емлеў орынларын көбейтиў, шет мәмлекетлердиң емлеў тәжирийбесин үйрениў және енгизиўде өнимли пайдаландық.

Сондай-ақ, Россиядан 500 жасалма дем бериў аппаратын сатып алдық. Олардың биринши бөлеги жақын күнлерде алып келинеди. Қытайдан кеселликти анықлайтуғын 200 мың дана ҳәм Германиядан 50 мың дана тест алып келинбекте.

Биз бул иллетке қарсы гүресиўде халықаралық жәмийетшилик пенен кеңнен бирге ислеспектемиз. Бүгин түркий тиллес мәмлекетлер кеңесиниң әне усы мәселеге бағышланған гезексиз саммити видеоконференция түринде болып өтти.

Әнжуманда Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркия, Түркменстан, Өзбекстан ҳәм Венгрияның мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары, Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң Бас директоры Тедрос Адханом Гебрейесус қатнасты.

Саммитте биз Түркий кеңес шеңберинде биргеликтеги эпидемиологиялық бақлаў системасын қәлиплестириў, диагностика, емлеў мәселелери бойынша өз-ара мағлыўматлар ҳәм тәжирийбе алмасыў ушын келисип алдық, кеңнен жолға қойыўды усыныс еттик.

Соны айрықша атап өтпекшимен, барлық делегация басшылары биринши гезекте саўда-экономикалық, инвестициялық, финанс ҳәм транспорт тараўларындағы бирге ислесиўимизди пандемия тарқалыўы шараятында раўажландырыў мақсетинде жаңа механизм ҳәм форматлар кереклигин атап өтти.

Түркий кеңес мәмлекетлериниң өз-ара саўда айланысы көлемлерин кризис алдындағы дәрежесинде сақлап қалыў,

инвестицияларды хошаметлеў ҳәм тийкарғы жойбарларды әмелге асырыўда өз-ара жәрдем көрсетиў,

 транспорт инфраструктурасынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм жүк тасыў тарифлерин төменлетиў,

улыўма алғанда мәмлекетлеримиз ушын биринши гезекте зәрүр болған өнимлерди тасыў ушын ҳеш қандай тосықлар болмаслығы ҳаққында ҳәр тәреплеме келисип алдық.

Биз бул қәўип-қәтерге қарсы гүресиўде мәмлекет ишинде бола ма, елимизден тысқарыда бола ма, бар күш ҳәи имканиятларымызды толық жумсаймыз.

Ўатанымызда жасап атырған ҳеш бир инсан, ҳеш бир шаңарақ мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң итибары және ғамқорлығынан шетте қалмаўы керек.

Сонлықтан орынлардағы 6 сектор басшылары, барлық жуўапкерлер, республикадан бириктирилген министрлер оғада қатты жумыс алып барыўы керек!

Қәўип еле өтип кеткени жоқ. Еле алдында оғада үлкен сынақлар күтпекте.

Темир тәртип ҳәм жоқары жуўапкершилик пенен күни-түни жумыс даўам етиўи керек!

Бүгинги күнде коронавирус пандемиясы инсанлардың өмирине қәўип туўдырыўы  менен бир қатарда пүткил дүньяны экономикалық кризиске алып келип атырғаны барған сайын анық болып бармақта. Халықаралық шөлкемлердиң таллаўларына бола, пандемияның дүнья экономикасына зыяны кеминде 5 триллион долларды қурайды.

Атап айтқанда, жоқары дәрамат беретуғын халықаралық туризм, транспорт ҳәм логистика тараўларында түсимлер 2 есеге шекем азайыўы күтилмекте. Санааттың көплеген тармақларында өндирис шынжыры бузылыўы есабынан да зыян үлкен болыўы шамаланбақта.

Бул жағдайда азық-аўқат тәмийнаты мәселеси күшейип, айырым мәмлекетлер өзи жетистирген тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлерин шетке шығармаў илажларын көрмекте. Соның ушын аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў бүгинги күнде ең әҳмийетли мәселеге айланып бармақта.

Жәҳән банки өз есабатында Европа ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлеринде экономиканың өсиў пәтлерин тәмийинлейтуғын дәрек аўыл хожалығы екенин жәриялап, бул бойынша Өзбекстанда имканиятлардың үлкенлигине айрықша итибар қаратты.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы енди барлық ҳәкимлер, сектор басшылары аграр тараўдағы резервлерди жумсап, өним ислеп шығарыўды көбейтиўи зәрүр екенлигин атап өтти. Сонда ғана экономиканың басқа тармақларындағы жоғалтыўлардың орнын шамалы толықтырып, халықтың бәнтлигин ҳәм дәраматын тәмийинлеў мүмкин.

Бизге белгили, мәмлекетимиздиң аўыл хожалығында оғада кең көлемли ҳәм әҳмийетли реформалар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, пахта ҳәм ғәллеге мәмлекетлик буйыртпадан ўаз кешилип, баҳа белгилеў еркинлестирилди. Өним ислеп шығарыўда кластер системасына өтилди ҳәм олардың раўажланыўы ушын барлық шараят жаратылды. Буннан мақсет-өнимниң көлемин кескин арттырыў, жоқары қосымша қун ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў, ең тийкарғысы-дәрамат ҳәм мәпдарлықты арттырыўдан ибарат.

Кластерлер аўыл хожалығында инновациялық идеялар ҳәм үнемлеўши технологияларды енгизип, экономикалық нәтийжелиликти тәмийинлеп атыр.

Мысал ушын, өткен жылы Төменги Шыршық районындағы «ТСТ кластер», Дослық районындағы «Сангзор текстиль» кластери пахтадан гектарынан орташа 30-35 центнер өним алып, зүрәәтлиликти алдынғы жылғыға салыстырғанда дерлик 2 есеге арттырды. Қорғантепа районындағы «Хантекс» кластери тамшылатып суўғарыў енгизилген пахта майданларынан 70 центнерге шекем өним алды.

Бундай нәтийжелер пахташылықта еле резервтиң көплигин айқын көрсетип тур. Мәжилисте кластерлер бул имканиятлардан толық пайдаланып, өзи жумыс алып барып атырған районның социаллық-экономикалық раўажланыўына үлес қосыўы, адамлардың санасын ҳәм турмыс тәризин унамлы тәрепке өзгертиўи кереклиги атап өтилди.

Бул ушын зәрүр қолайлық жаратылмақта. Мәселен, пандемияның тәсирин жумсартыў бойынша қабыл етилген пәрманларға муўапық, кредитлерди қайтарыў мүддети созылды, салық бойынша бир қатар жеңилликлер енгизилди.

Буны дурыс баҳалаған, елин сүйген кластерлердиң басшылары пахта зүрәәтлилигин 10 центнерге ҳәм ғәлле жетистириўди 20 центнерге арттырыў бойынша баслама менен шықты.

Президентимиз бүгинги қыйын шараятта барлық басшылар ҳәм фермерлер бир болып, өним ислеп шығарыўды көбейтиў менен шуғылланыўы зәрүрлигин атап өтти.

Кластерлердиң жумысын муўапықластырыў, алдынғы тәжирийбелерди кеңнен енгизиў мақсетинде Пахта жетистириўши ҳәм қайта ислеўши кластерлер ассоциациясын шөлкемлестириў басламасы мақулланды.

Қәнигелердиң пикиринше, быйыл суў тәмийнаты оғада қыйын болады. Сонлықтан суў ресурсларын үнемлеп ислетиў оғада әҳмийетли, суўды 2 есе үнемлеў илажларын көриў зәрүр.

Суў хожалығы министрлигине усы турмыслық ресурстың анық есап-санақлар тийкарында ажыратылыўын тәмийинлеў, быйыл 150 мың гектар жерде суўды үнемлеўши, соның ишинде, 44 мың гектарда тамшылатып суўғарыў технологияларын енгизиў ўазыйпасы жүкленди.

Видеоселектор мәжилисинде ғәллешиликке байланыслы илажлар да додаланды.

Пандемия нәтийжесинде соңғы үш айда елимизге кирип келип атырған унның көлеми өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда дерлик 50 процентке, дән 31 процентке азайды. Бүгинги эпидемиологиялық жағдай ҳәр қандай шараятқа таяр болыў кереклигин, азық-аўқат халықтың талабы дәрежесинде резерв етилиўи зәрүрлигин көрсетпекте.

Өткен жылы ғәллениң мәмлекетлик сатып алыў баҳалары арттырылып, дийқанлардың мәпдарлығы тәмийинленгени ҳәм қосымша дән жетистирилгени ушын ишки базардағы баҳалар турақлы сақланып турыпты.

Бул мәўсимде болса қосымша агротехникалық илажларды әмелге асырып, ғәлле зүрәәтлилигин 20 центнерге көбейтиў, гектарынан кеминде 70 центнерден өним алыў илажларын көриў зәрүрлиги атап өтилди.

Сол мақсетте ҳәр бир ўәлаят ҳәм район ушын илимий тийкарланған усыныслар ислеп шығып, оларға муўапық агротехникалық илажлардың дурыс жолға қойылыўын шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Ғәллени азықландырыў, шырынжа кеселлиги, зыянкеслер ҳәм жабайы шөплерге қарсы химиялық қайта ислеў, орып-жыйнаўды шөлкемлескенлик пенен шөлкемлестириў мәселелерине де тоқтап өтилди.

Быйылғы жылда шөлкемлестирилген 102 ғәллешилик кластери фермерлерге үлги болып, алынған қосымша дән есабынан халыққа арзан гөш, балық ҳәм қусшылық өнимлерин жеткерип бериўи мақсетке муўапық.

Пандемия дәўиринде барлық мәмлекетлер азық-аўқат өнимлери жетиспеўшилиги пайда болыўының алдын алыўға қаратылған әҳмийетли илажлар көрмекте. Өткен жылы май-декабрь айларында елимизге 116 мың тонна айғабағар, 7 мың тонна соя, 15 мың тонна гүриш, 2,6 мың тонна собықлы егин жармалары импорт етилген.

Бул азық-аўқат өнимлериниң түрлерин ҳәм көлемин көбейтиў үстинде қатаң ислеў кереклигин аңлатады. Тек импорттың орнын толықтырыў емес, ал жаңа экспорт базарларында орын табыў зәрүр. Сонда ҳәзирги глобал кризистен күшли мәмлекет болып шығыў мүмкин.

Аўыл хожалығы өнимлериниң көлемин көбейтиў мақсетинде 10 мың гектар жаңа бағ ҳәм 9 мың гектар жүзим атызларының арасына картошка, пияз, чеснок, көк шөп, горох, мәш, ловия, помидор, қыяр, болгар бурышы ҳәм овощ егинлерин егиў бойынша көрсетпе берилди.

Бахмал, Янгиабад, Фориш ҳәм Қўшработ районларында жүзлеген қудықлар қазылып, 10 мың гектар суўғарылмайтуғын жерлерде жүзим атызлары шөлкемлестирилген еди. Мәжилисте бул тәжирийбени барлық ўәлаятларда енгизиў, суўғарылмайтуғын жерлерге ийе районларға бураўлаў техникаларын жеткерип бериў зәрүрлиги атап өтилди.

Барлық сектор басшылары өз аймағында азық-аўқат резервин есап-санақ етип, ишки имканиятларын кеңейтип барыўы кереклиги айтылды.

Тараўдың жуўапкер адамлары, ўәлаят ҳәкимлери ҳәм кластер басшылары мәжилисте белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын шөлкемлестириў бойынша мәлимлеме берди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться