Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Президенти Тәжикстан Президенти менен телефон арқалы сөйлести

2020-04-03 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 3-апрель күни Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў  басында дос мәмлекетлердиң басшылары регионымызға кирип келген жаңаланыў ҳәм жасарыў байрамы – Наўрыз мүнәсибети менен бир-бирин қызғын қутлықлап, жақсы тилеклер билдирди.

Президентлер еки тәреплеме бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелерин додалады  ҳәм шерикликти,  биринши гезекте саўда-экономикалық, инвестициялық, банк-қаржы, мәденият ҳәм билимлендириў тараўларында кеңейтиўдиң перспективалы бағдарларын көрип шықты.

Ерисилген келисимлер, соның ишинде, мәмлекетлеримиздиң пайтахтлары арасында қабыл етилген «Жол картасы»н әмелге асырыў, экономиканың түрли тармақларында өз-ара пайдалы кооперация жойбарларын алға қойыў бойынша қоспа фонд шөлкемлестириўди жеделлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Коронавирус инфекциясы тарқалыўына жол қоймаў ҳәм регионда пандемия ақыбетлерине қарсы нәтийжели гүресиў мақсетинде өз-ара бирге ислесиў ҳәм жақыннан муўапықластырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Тәреплер мәмлекетлеримизде көрилип атырған биринши гезектеги превентивлик илажлар ҳәм эпидемиологиялық жағдайды қадағалаў илажларын толық қоллап-қуўатлады.

Коронавирусқа қарсы гүресиўде белсене бирге ислесиўди даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.

Мәмлекет басшылары, сондай-ақ, регионналлық бирге ислесиўге байланыслы ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша пикир алысты.

Поделиться