Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ҚЫРҒЫЗСТАНҒА ГУМАНИТАРЛЫҚ ЖӘРДЕМ ЖӨНЕТИЛДИ
2020-04-01 | Жәмийет
Президентимиздиң басламасы менен қоңсы Қырғызстан Республикасына коронавирус «COVID-19» кеселлигин сапластырыўға жәрдем бериў мақсетинде гуманитарлық жәрдем жиберилди.
Кейинги жылларда мәмлекетлеримиз арасындағы сиясий, саўда-экономикалық, транспорт-коммуникация, банк-қаржы, илим-техника, санаат, аўыл ҳәм суў хожалығы, туризм ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиў раўажланып бармақта.
Еки мәмлекет Президентлериниң исенимли ерк-ықрары ҳәм беккем исеними себепли өз-ара саўда-экономикалық бирге ислесиў сезилерли артпақта. Бул гуманитарлық жәрдем де бурыннан киятырған дослықтың әмелдеги көриниси болып есапланады.
«Өзбекстан халқынан Қырғызстан халқына гуманитарлық жәрдем» сүрени менен шөлкемлестирилген гуманитарлық жәрдем Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги, Әндижан ўәлаяты ҳәкимшилиги, «Өзбекстан темир жоллары» АЖ, «Ўздонмаҳсулот» акционерлик жәмийети ҳәм мәмлекетимиздеги фармацевтика кәрханалары менен биргеликте әмелге асырылды.
Әндижан ўәлаяты Қорғантепа районындағы темир жол станциясынан мың тонна ун, түрли азық-аўқат өнимлери, сондай-ақ, коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыўда пайдаланылатуғын бир мәртелик бас кийимли қорғаныў комбинезоны, респиратор, қолғап, қорғаныў көз әйнеги, пирометр және тест-системалар артылған поезд қоңсы республикаға жөнетилди.
– Ҳәзирги күнде коронавирус пандемиясы дүньяның барлық халықларын үлкен тәшўишке салмақта, – дейди «Қорғантепа дән өнимлери» кәрханасының баслығы Шодилбек Мамажалилов. – Пандемия көплеген мәмлекетлердиң экономикасын изден шығарып жиберди. Әне усындай ўақытта бир-бирин қоллап-қуўатлаў үлкен әҳмийетке ийе. Президентимиздиң басламасы менен жиберилип атырған гуманитарлық жәрдеми де әсирлер даўамында халқымыз бенен бир болып жасап киятырған туўысқан, қоңсы қырғыз халқына аўыр бир шараятта, қалаберсе, коронавирус инфекциясын сапластырыўда үлкен жәрдем болады.
Фахриддин УБАЙДУЛЛАЕВ,
ӨзАның хабаршысы