Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Қырғыз республикасы президенти менен телефон арқалы сөйлесиў

2020-03-27 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 27-март күни Қырғыз Республикасы Президенти Сооронбай Жээнбеков пенен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў басында мәмлекет басшылары бурыннан регионымызда кеңнен белгиленип киятырған, дослық ҳәм жақсы қоңсышылық, тарийх, мәденият ҳәм дәстүрлердиң бирлигин көрсетиўши бәҳәр ҳәм жаңаланыў байрамы – Наўрыз мүнәсибети менен бир-бирин қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.

Мәмлекет басшылары коронавирус инфекциясы тарқалыўы менен байланыслы ҳәзирги эпидемиологиялық жағдайды додалады.

Бул пандемияға қарсы нәтийжели гүресиў, сондай-ақ, оның ақыбетлери еки тәреплеме саўда-экономикалық қарым-қатнасларға унамсыз тәсир көрсетиўге жол қоймаў мақсетинде ҳәрекетлерди жақыннан муўпықластырыў ҳәм өз-ара жәрдемди даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Президентлер,  сондай-ақ, мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық бирге ислесиў ҳәм көп қырлы бирге ислесиў қарым-қатнасларын және де кеңейтиўге байланыслы және халықаралық ҳәм регионналлық әҳмийетке ийе актуаль мәселелерди додалады.

Поделиться