Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ҚЫЗҒЫН ҚУТЛЫҚЛАЎЛАР
2020-03-23 | Сиясат
Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атына сырт мәмлекетлердиң басшыларынан қызғын қутлықлаўлар келмекте.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ҳүрметли Уллы Мәртебели Президент!
Қытай ҳүкимети ҳәм халқы атынан, жеке өзимниң атымнан Сизди ҳәм Сиз арқалы Өзбекстан ҳүкимети ҳәм халқын Наўрыз байрамы мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўға рухсат еткейсиз.
Соңғы жылларда Қытай – Өзбекстан ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларында унамлы раўажланыў тенденциясы сақланып турыпты. Өз-ара сиясий исеним избе-из беккемленбекте. «Бир мәкан, бир жол» жойбарын биргеликте әмелге асырыўда салмақлы нәтийжелерге ерисилди, мәмлекетлеримиз халықаралық майданда жедел ҳәм нәтийжели бирге ислеспекте. Булардың ҳәммеси Қытай – Өзбекстан қатнасықларын және де раўажландырыўда кеңнен имканиятлар ашпақта.
Қытай ҳәм Өзбекстан коронавирус эпидемиясына қарсы биргеликте гүресиўде бир-бирин қоллап-қуўатлап, жақыннан бирге ислесип атырғаны еки тәреплеме байланысларда жоқары дәрежеге ерисилгенин көрсетпекте. Мен оны жоқары қәдирлеймен.
Мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыздың абаданлығы жолында қатнасықларымызды үзликсиз беккемлеў мақсетинде Сиз бенен жақын сөйлесиўлерди даўам еттириўге таярман.
Сизге беккем денсаўлық ҳәм мәмлекет басшысы сыпатындағы жумысыңызға тасқын табыслар, дос Өзбекстан халқына болса бахыт-ығбал ҳәм абаданлық тилеймен!
Си ЦЗИНЬПИН,
Қытай Халық Республикасының Баслығы
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги