Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Баспа ҳәм полиграфия тараўын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында

2020-03-17 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Республикамызда баспа ҳәм полиграфия тараўын қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириў, баспа өнимлериниң базарын раўажландырыў бойынша кең көлемли ҳәм системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, баспа ҳәм полиграфия тараўында ҳәзирги күндеги жумыслардың жағдайы баспа ҳәм полиграфия шөлкемлери арасында бәсеки орталығын күшейтиўди, авторлық ҳуқықы бузылыўының алдын алыў, сапасыз өнимлер ислеп шығарылыўын шеклеў, сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық қолланбаларды басып шығарыў тәртибин қайта көрип шығыўды талап етпекте.

Баспа ҳәм полиграфия тараўында мәмлекеттиң араласыўын кескин азайтыў, баспа ҳәм полиграфия тараўында қолайлы исбилерменлик орталығын жаратыў, сондай-ақ, билимлендириў мәкемелери ушын сапалы сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық қолланбалардың жеткерилиўин тәмийинлеў мақсетинде:

1.Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги, Әдиллик министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигиниң (кейинги орынларда-Агентлик):

2020-жыл 1-октябрьден баслап республика бюджетиниң қаржылары ҳәм Республика мақсетли китап қорының қаржылары есабынан билимлендириў мәкемелери ушын сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық қолланбаларды басып шығарыўда (қайта басып шығарыўда) баҳаларды мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды (рентабелликтиң шекленген дәрежесин белгилеў) бийкар етиў;

2020-жыл 1-июльден баслап баспа жумысын лицензиялаў ҳәм полиграфия жумысын әмелге асырыў ушын руқсат бериў тәртиплерин бийкар етип, баспа ҳәм полиграфия жумысының басланғанлығы ҳаққында ўәкилликли мәмлекетлик уйымды хабардар етиў системасын енгизиў;

2021-жыл 1-январьдан  баслап баспа ҳәм полиграфия кәрханаларының баспа өнимлерин реализациялаўдан, сондай-ақ, баспа өнимлерди ислеп шығарыў ҳәм реализациялаў менен байланыслы редакторлаў, баспа ҳәм полиграфия хызметлерин көрсетиўден түскен түсимнен Өзбекстан жазыўшылар аўқамы жанындағы «Ижод» қорына ажыратпаларды бийкар етиў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

2. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

баспа ҳәм полиграфия кәрханалары, атап айтқанда, мәмлекетлик буйыртпаны орынлаўшы кәрханалар баҳаны қәлиплестириў сиясатын базар механизмлери тийкарында еркин қәлиплестиреди;

2020-жыл 1-сентябрьден баслап мәмлекетлик буйыртпа тийкарында баспа өнимлери, атап айтқанда, сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық қолланбаларды баспаға таярлаў ҳәм басып шығарыў, Өзбекстан Республикасы резидентимеслери де қатнасыўы мүмкин болған, мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте әмелге асырылады. Онда усы тәртип корпоратив буйыртпашылар ушын да мәжбүрий болып есапланады;

исбилерменлик субъектлери тәрепинен баспа ҳәм полиграфия жумысын жүргизиўди баслағанлығы ҳаққында ўәкилликли мәмлекетлик уйымды хабардар етиў автоматластырылған мәлимлеме системасы арқалы әмелге асырылады.

3. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги, Агентлик ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң:

«Өзбекстан баспа-полиграфия дөретиўшилик үйи», «Ғафур Ғулам атындағы баспа-полиграфия дөретиўшилик үйи» ҳәм «Оқытыўшы баспа үйи» мәмлекетлик кәрханаларын орнатылған тәртипте меншиклестириў ушын Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигине өткериў;

«Көзи әззилер баспаханасы» мәмлекетлик кәрханасын Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигине нәтийжели пайдаланыў ушын өткериў;

«Оқытыўшы илимий-методикалық баспа орайы» мәмлекетлик кәрханасы ҳәм Агентликтиң аймақлық бөлимлери системасындағы (Қарақалпақстан Республикасынан тысқары) баспалар жумысын сапластырыў;

Агентлик системасында «Өзбекстан баспасы» мәмлекетлик кәрханасын шөлкемлестириў, оған «Шолпан атындағы баспа-полиграфия дөретиўшилик үйи» ҳәм «Өзбекстан Миллий энциклопедиясы мәмлекетлик илимий баспасы» мәмлекетлик кәрханаларын қосып алыў ҳәм «Өзбекстан баспа-полиграфия дөретиўшилик үйи» мәмлекетлик кәрханасының баспа базасын, атап айтқанда, интеллектуаллық мүлк объектлерине болған пүткил ҳуқықларын өткериў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

Мәмлекетлик мүлкти сатыўда тендер саўдаларын өткериў бойынша мәмлекетлик комиссиясы (А.Н. Арипов) еки ҳәпте мүддетте усы бәнтте нәзерде тутылған мәмлекет кәрханаларын баҳалаў, қайта шөлкемлестириў, саўдаға қойыў ҳәм сапластырыў графиклерин тастыйықласын.

4. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги:

а) бир ай мүддетте «Өзбекстан баспа-полиграфия дөретиўшилик үйи», «Ғафур Ғулам атындағы баспа-полиграфия дөретиўшилик үйи», «Оқытыўшы баспа үйи» ҳәм «Көзи әззилер баспаханасы» мәмлекетлик кәрханаларын белгиленген тәртипте қабыл етип алсын;

б) халықаралық аудит ҳәм консалтинг шөлкемлерин тартқан ҳалда еки ай мүддетте:

мәмлекет қатнасындағы баспа-полиграфия кәрханаларын меншиклестириўге таярлаў ҳәм олардың тартымлылығын арттырыў бойынша ҳәр бир илажда анық әмелге асырыў мүддети ҳәм жуўапкер шахслар көрсетилген илажлар режелерин тастыйықласын;

белгиленген тәртипте сатылмаған және сапластырылған баспа-полиграфия кәрханаларының мүлкинен нәтийжели пайдаланыў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.

5. Агентликтиң сапаластырылып атырған баспа шөлкемлерине тийисли пүткил авторлық ҳуқықлары (сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық қолланбаларға қарата ҳуқықлар буған кирмейди) жаңадан шөлкемлестирилип атырған «Өзбекстан баспасы» мәмлекетлик кәрханасына өткерилетуғыны;

Агентликтиң баспа шөлекемлериниң сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық қолланбаларға қарата бар пүткил авторлық ҳуқықлары Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине еркин өткерилетуғыны;

билимлендириў мәкемелери ушын баспа өнимлери техникалық регламент талапларына муўапықлығы тастыйықланыўы шәрт екенлиги белгиленсин.

6. Өзбекстан Республикасы халық билимлендириў министрине улыўма орта билимлендириў мәкемелери, физикалық ҳәм психикалық раўажланыўында нуқсаны болған балалар ушын қәнигелестирилген мектеплер ҳәм мектеп-интернатларының барлық класлары ушын сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық қолланбаларын пайдаланыў (жаңадан ҳәм қайта басып шығарыў дәўирлилиги) мүддетлерин белгилеў, сондай-ақ, Қаржы министрлиги менен келисилген ҳалда улыўма орта билим бериў мәкемелериниң барлық класслары ушын сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық қолланбаларды қосымша басып шығарыў бойынша қарар қабыл етиў ҳуқықы берилсин. Онда, сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық қолланбалардың мазмуны тийкарсыз өзгертилиўине жол қойылмайды.

7. Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте:

Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республикалық билимлендириў орайы (кейинги орынларда – Орай) жумысын қайта көрип шығып, түп-тийкарынан жетилистириў;

Орайға улыўма орта билим бериўдиң мәмлекетлик билимлендириў стандарты ҳәм билимлендириў бағдарламаларын ислеп шығыў, сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық қолланбаларды ажыратыў бойынша автор ҳәм дүзетуғынларды таңлаў, жаратылған сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық қолланбаларды экспертиза етиў, сынаўдан өткериў, оларды билимлендириў системасында қолланыў бойынша илимий жуўмақ бериў ўазыйпаларын жүклеў;

билимлендириў тараўындағы сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық қолланбаларды таярлаў, басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын жетилистириў, атап айтқанда, оларда қәте ҳәм кемшиликлерге жол қойылыўының алдын алыў, мәмлекетлик буйыртпаға тийкарланып таярланатуғын сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық қолланбалардан пайдаланыўға болған толық ҳуқықларды Халық билимлендириў министрлигине өткериў;

сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық қолланбаларды жаратыў менен байланыслы илимий-техникалық жойбарларды әмелге асырыўға тартатуғын илимий хызметкерлерди орынлайтуғын илимий-техникалық жумыслар көлеминен келип шыққан ҳалда белгили мүддетке шәртнама тийкарында жумысқа қабыл етиў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

8. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Өзбекстан жазыўшылар аўқамы менен биргеликте 2020-жыл 1–октябрьге шекем Өзбекстан жазыўшылар аўқамы жанындағы «Ижод» қорын буннан былай да раўажландырыў ҳәм оны мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.

Өзбекстан жаслар аўқамы Агентлик, Қаржы министрлиги, Өзбекстан жазыўшылар аўқамы ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте дөретиўшилик таңлаўларды шөлкемлестириў, қәбилетли жас авторлардың биринши китапларын басып шығарыў ушын қаржылай жәрдем көрсетиў системасын жетилистириў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

9. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети (Б.Ходжаев) бир ай мүддетте Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги, «Өзстандарт» агентлиги ҳәм «Өзхимиясанаат» АЖ менен биргеликте ислеп шығарылып атырған баспа өнимлериниң өзине түсер баҳасын азайтыў мақсетинде импорт етилип атырған шийки затларды (қағаз, картон, бояў ҳәм желим) ислеп шығарыўды локализациялаў бағдарламасын қәлиплестирсин ҳәм тастыйықласын.

10. Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети улыўма орта билим бериў мәкемелери ушын сабақлықлар ҳәм оқыў методикалық комплекслерди басып шығарыў ҳәм қайта басып шығарыўға тендер (таңлаў) саўдаларын өткериўде бәсеки ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң талапларына әмел етилиўи үстинен қадағалаўды күшейтсин.

11. Агентлик ҳәм оның аймақлық басқармаларына мәлимлеме, баспа ҳәм полиграфия тараўында ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққында протокол дүзиў ўәкиллигиниң жүкленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

12. Агентлик Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте жоқары билимлендириў мәкемелеринде баспа жумысы тараўындағы тәлим бағдарларын жетилистириў илажларын көрсин.

13. Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги еки ай мүддетте сырт ел билимлендириў системасында пайдаланылып атырған STEAM илимлери (Science – тәбийий пәнлер, Тechnology – технологиялар, Engineering – техникалық дөретиўшилик, Аrt – көркем өнер, Мathematics – математика) бойынша заманагөй сабақлықларды республиканың улыўма билим бериў мәкемелеринде кеңнен ен жайдырыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.

14. Агентлик еки ай мүддетте:

Әдиллик министрлиги менен биргеликте баспа ҳәм полиграфия жумысын баслағанлығы ҳаққында ўәкилликли мәмлекетлик уйымды хабардар етиў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин;

баспа ҳәм полиграфия тараўындағы нызам ҳүжжетлери ҳәм нормативлик–техникалық ҳүжжетлердиң талапларын қайта көрип шықсын және заман талапларына жуўап бермейтуғын норма менен нормативлер, атап айтқанда, дөретиўшилик жумысларды баспаға таярлаў ҳәм басып шығарыў ушын Жазыўшылар аўқамының жуўмағын алыў әмелиятын бийкар етиў илажларын көрсин;

Әдиллик министрлиги менен биргеликте баспа ҳәм полиграфия тараўындағы нызам ҳүжжетлерин бузғаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликти күшейтиў бойынша нызам жойбарын ислеп шықсын және Министрлер Кабинетине киргизсин;

«Өзстандарт» агентлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте билимлендириў мәкемелери ушын полиграфия өнимлериниң қәўипсизлиги ҳаққында улыўма техникалық регламентти халықаралық талапларға муўапықластырыў бойынша усынысларды ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизсин;

нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

15. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти                                         Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы, 2020-жыл 16-март

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться