Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Хорезмде лазги фестивалы шөлкемлестириледи
2020-03-13 | Сиясат
Үргенш ғаласында болып өтип атырған мәжилисте Президент Шавкат Мирзиёев Хорезм ўәлаятын раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарларын көрсетип өтти.
Жақын үш жылда улыўма баҳасы 24 триллион сумлық 2 мың 736 инвестициялық жойбар әмелге асырылып, 50 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылыўы режелестирилген.
Хазараспдағы автомобиль заводында «Дамас» ҳәм «Лабо» микровэнлерин ислеп шығарыўдың жергиликлилестириў дәрежесин 65 процентке жеткериў (ҳәзир 27 ҳәм 14 процент) бойынша жаңа жойбарлар әмелге асырылады.
Ўәлаятта келеси жылы пахтаны қайта ислеў дәрежесин 100 процентке, ийирилген жипти үш жылда бүгинги 35 проценттен 70 процентке жеткериў бойынша жаңа жойбарлар ислеп шығылады.
Малайзиялы инвесторлардың 250 миллион доллар инвестициясы есабынан жылына 63 мың тонна каустикалық сода ҳәм хлор ислеп шығаратуғын химия заводы қурылады.
Суўдан үнемли пайдаланыў, мийўе-овощ кластерлерин шөлкемлестириў, қаўын жетистириўде «Хорезм сорты» брендин жаратып, қаўын жетистириўди ҳәм экспорт етиўди көбейтиў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Туристлик потенциалды кеңейтиў мақсетинде Шават каналының еки жағасында киши туризм зонасын, Хийўада «Хорезм ханлары қалашасы»н шөлкемлестириў бойынша тапсырма берилди.
Мәмлекетимиз басшысы миллий көркем өнеримизди ен жайдырыў, сырт еллилерди елимизге тартыў мақсетинде Хорезмде лазги бойынша халықаралық фестиваль өткериўди усыныс етти. Бул басламаны хорезмлилер қанаатланыўшылық пенен қоллап-қуўатлады.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги