Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Пахташылық тараўында базар принциплерин кеңнен енгизиў илажлары ҳаққында
2020-03-10 | Ҳүжжетлер
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 23-октябрьдеги «Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы ПП-5853-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў, атап айтқанда, аўыл хожалығында еркин бәсекини тәмийинлейтуғын базар принциплерин енгизиў, пахта ҳәм ғәлле жетистириўде мәмлекетлик буйыртпаны бийкар етиў, өндиристиң экономикалық нәтийжелилигин ҳәм өним ислеп шығарыўшылардың мәпдарлығын арттырыў, инвестицияларды кеңнен тартыў есабынан қосымша жумыс орынларын жаратыў мақсетинде:
Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги «Өзпахтасанаат» АЖ, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң 2020-жылдың зүрәәтинен баслап пахта шийки затын жетистириўде мәмлекет буйыртпаны бийкар етиў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Пахташылықта базар принциплериниң енгизилиўи мүнәсибети менен пахта жетистиретуғын фермер хожалықларының ҳәм қайта ислеўши кәрханалардың өз-ара қатнасықларын тәртипке салыў бойынша әмелге асырылатуғын илажлар бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
а) 2020-жылдың зүрәәтинен баслап:
пахта шийки затының сатып алыў баҳасын белгилеў әмелиятынан ўаз кешилетуғыны;
пахта шийки затын жетистириўшилер (фермер хожалықлары, пахта тоқымашылық кластерлери, кооперациялар)ге районластырылған ғаўаша сортларын еркин жайластырыў ҳуқықы берилетуғыны;
пахта шийки затын жетистириўшилерди сапалы туқым менен тәмийинлеў мақсетинде сертификатланған туқым жеткерип бериў системасы (соның ишинде, туқымлық пахта ушын әмелдеги үстеме төлеў тәртиби) сақлап қалынатуғыны және басқышпа-басқыш Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Туқымгершиликти раўажландырыў орайы қурамындағы туқымгершилик кластерлерине және пахташылық кластерлерине жүкленетуғыны;
б) пахта-тоқымашылық кластерлери шөлкемлестирилмеген аймақларда пахта тазалаў кәрханалары негизинде фермер хожалықларының еркин кооперациялары шөлкемлестирилетуғыны белгилеп қойылсын.
Төмендегилер кооперацияның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
кооперация ағзалары менен шәртнамалар дүзиў арқалы пахта шийки затын жетистириў бойынша келисилген илажларды әмелге асырыў;
кооперция ағзалары тәрепинен пахта шийки затын жетистириў ушын зәрүр болған мүлк комплекслери, техника, үскене, транспорт қуралларынан, пахта тазалаў заводларынан биргеликте пайдаланыўды шөлкемлестириў;
кооперация ҳәм олардың ағзалары арасында қол қойылатуғын шәртнама тийкарында кооперация ағзаларын аўыл хожалығы техникасы, жанылғы-майлаў материаллары, минерал төгин, туқымлық, сондай-ақ, химиялық ҳәм биологиялық қорғаў қураллары менен тәмийинлеў;
пахта шийки затын таярлаў, тасыў, сақлаў, қайта ислеў ҳәм дигирман усылында қайта ислеўди шәртнамаларға тийкарланып әмелге асырыў ҳәм дәлдалшылық шәртнамалары тийкарында ислеп шығылған өнимлерди сатыўды шөлкемлестириў;
кооперация ағзаларына агротехника, бухгалтерлик, консалтинг, дәлдалшылық ҳәм басқа да хызметлерди көрсетиў;
кооперация менен бирге ислеў ушын экспорт ететуғынларды тартыў, ишки ҳәм сыртқы базарларда маркетинг изертлеўлерин өткериў;
кооперация ағзалары тәрепинен ислеп шығарылатуғын пахта талшығы ҳәм екилемши өнимлерди биржада ямаса биржада қәлиплескен баҳаларда тиккелей шәртнамалар тийкарында сатыў.
Министрлер Кабинетиниң тийисли қарарларына муўапық шөлкемлестирилген пахта-тоқымашалық кластерлерине белгиленген жеңилликлер пахта шийки затын жетистиретуғын ҳәм қайта ислейтуғын кооперациялар ушын да енгизиледи;
в) республикада ислеп шығарылған пахта талшығы ушын биржада басланғыш баҳаның қәлиплесиўинде әмелде қолланылып атырған 10 процент муғдарындағы шегирме бийкар етиледи;
г) аўыл хожалығы өнимин ислеп шығаратуғынларды өз ўақтында жергиликли шараятқа сай сапалы туқымлық пенен тәмийинлеў, тийисли тәртипте қайта исленбеген туқымлық арқалы кеселликлер тарқалыўының алдын алыў, пахта шийки затының өнимдардлығын избе-из арттырып барыў мақсетинде 2020-жылдың зүрәәти ушын туқымлық шигит «Өзпахтасанаат» АЖ системасындағы туқымгершилик цехлары ҳәм пахта-тоқымашылық кластерлери тәрепинен жеткерип бериледи.
Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Экономика ҳәм санаат министрлиги, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси, «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы менен биргеликте жәҳән базары баҳаларын таллаўдан келип шығып, ҳәр жылы 1-декабрьге шекем келеси жылдың зүрәәти ушын күтилип атырған минимал баҳалардың жәрияланыўын және базарлардағы баҳалардың өзгериўинен келип шығып, ҳәр шеректе усы баҳаға дүзетиўлер киргизилиўин тәмийинлесин.
2020-жыл 15-марттан баслап:
а) фермер хожалықлары, пахта-тоқымашылық кластерлери, кооперациялар ҳәм туқымгершиликти раўажландырыў орайы қурамындағы элита туқымгершилик хожалықлары тәрепинен пахта шийки затын жетистириў қәрежетлерин қаржыландырыў ушын коммерциялық банклер тәрепинен Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қоры (кейинги орынларда – Қор) қаржылары есабынан 12 ай мүддетке шекем жетистирилетуғын пахта шийки заты улыўма баҳасының 50 процентке шекемги муғдарда қаржыландырылғанда жыллық 8 процент, 60 процентке шекемги муғдарда қаржыландырылғанда жыллық 10 процент ставкадан (соннан банк маржасы 2 процент) аспаған муғдарда кредитлер ажыратылады.
Онда:
фермер хожалықлары, пахта-тоқымашылық кластерлери, кооперациялар ҳәм туқымгершиликти раўажландырыў орайы қурамындағы туқымгершилик хожалықлары агротехникалық илажлардан келип шығып, кредит қаржыларынан еркин пайдаланады ҳәм материаллық ресурсларды жеткерип беретуғынларды ықтыярлы түрде таңлайды;
пахта-тоқымашылық кластерлери тәрепинен фермер хожалықларының пахта шийки затын жетистириў менен байланыслы қәрежетлерин алдын ала төлем ақша қаржылары түринде әмелге асырылады;
пахта шийки затын жетистириў қәрежетлерин қаржыландырыўға ажыратылған кредит қаржыларының мүддетинде қайтарылмаған бөлеги коммерциялық кредит сыпатында қайта рәсмийлестириледи;
б) фермер хожалықлары ҳәм басқа да аўыл хожалығы кәрханалары жетистирген пахта шийки затын сатып алыў ҳәм пахта жыйын-терими қәрежетлерин қаржыландырыў ушын пахта-тоқымашылық кластерлерине ҳәм кооперацияларға коммерциялық банклер тәрепинен 12 ай мүддетке шекем коммерциялық кредитлер ажыратылады.
Онда:
миллий валютада ажыратылатуғын коммерциялық кредитлер бойынша процент ставкасының Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң тийкарғы ставкасынан асатуғын, бирақ 10 процент пунктинен көп болмаған бөлегин;
сырт ел валютасында ажыратылатуғын кредитлер бойынша коммерциялық банклер тәрепинен белгиленген процент ставкасының 30 процентине шекем, бирақ 3 процент пунктинен көп болмаған бөлегин қаплаў ушын Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры есабынан компенсация бериледи;
пахта шийки затын сатып алыў ҳәм пахта жыйын-терими қәрежетлерин қаржыландырыў ушын ажыратылған кредит қаржыларының мүддетинде қайтарылмаған бөлегине Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры есабынан компенсация берилмейди.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы өзгерген жағдайларда Қордан ажыратылып атырған кредитлердиң процент ставкаларына, банк маржасына және Исблерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры есабынан берилетуғын компенсация муғдарына өзгерис киргизиў ҳуқықы бериледи;
в) пахта шийки затын өзи жетистиретуғын ҳәм қайта ислейтуғын пахта-тоқымашылық кластерлерине пахта шийки затын жетистириў қәрежетлерин қаржыландырыў ушын Қордың қаржылары есабынан ажыратылған кредитлер 12 айдан соң ҳәр айда тең муғдарларда қайтарыў шәрти менен 12 ай мүддетке шекем коммерциялық кредитлерге қайта рәсмийлестириледи;
г) 2021-жылдың зүрәәтинен баслап пахта шийки затын жетистириў ушын кредит алыў фермер хожалықлары тәрепинен еркин түрде анықланады ( жер майданы толық пахта-тоқымашылық кластерине берилген аймақлар буған кирмейди).
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:
пахта шийки затын ҳәм дәнди сатып алыў ушын тартылатуғын коммерциялық кредитлер процентиниң бир бөлегин қаплап бериў ушын республикалық бюджеттен Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорына, зәрүрликке қарай, 700 миллиард сумға шекем ажыратсын;
пахта шийки затын ҳәм ғәллени сатып алыўды кредит ресурслары менен тәмийинлеўде коммерциялық банклерде қаржыларға зәрүрлик пайда болғанда, Өзбестан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларының қаржылары, бюджетти қоллап-қуўатлаў ушын тартылатуғын халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкиметлик финанс шөлкемлериниң кредитлери, суверен ҳәм корпоратив халықаралық облигацияларды шығарыў ҳәм нызам менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан коммерциялық банклерди зәрүр қаржылар менен тәмийинлесин;
еки ай мүддетте пахта шийки затының ҳәм масақлы дән егинлериниң келешектеги зүрәәтин қамсызландырыў механизмлерин жетилистириў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ҳәпте мүддетте:
пахташылық тараўында кластер системасын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде пахта-тоқымашылық ислеп шығарыўшылары ҳәм кластерлери жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы режени;
пахта-тоқымашалық кластерлери шөлкемлестирилмеген республика аймақларында фермер хожалықларының еркин түрде бирлесиўи тийкарында пахта тазалаў кәрханалары негизинде пахта шийки затын жетистиретуғын ҳәм қайта ислейтуғын кооперациялар пайда етиўди нәзерде тутатуғын қарарды қабыл етсин.
Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Монополияға қарсы гүресиў комитети, Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик салық комитетиниң «Өзпахтасанаат» АЖны сапластырыў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
«Өзпахтасанаат» АЖны сапластырыў комиссиясының қурамы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте «Өзпахтасанаат» АЖны сапластырыў бойынша «жол картасы»н тастыйықласын.
Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги Аўыл хожалығы министрлиги, «Өзгидромет» орайы менен биргеликте аўыл хожалығы тараўына заманагөй сервис хызметлерин пайда етиў мақсетинде дәрьялар ҳәм республика аймақларында күтилип атырған бар суў ресурсы, метеорологиялық, гидрологиялық ҳәм агрометеорологиялық мағлыўматларды «on-line» режиминде алыў имканиятын беретуғын арнаўлы электрон бетти шөлкемлестирсин және турақлы жумысын тәмийинлесин.
Өзбекстан Республикасы аймағына пахта талшығын импорт етиў бойынша шеклеўлер орнатылмағанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
10 Усы қарардың қабыл етилиўи мүнәсибети менен Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 12-декабрьдеги «2020-жылы ғаўашаны сортлар бойынша жайластырыў ҳәм пахта шийки затын жетистириўдиң болжаў көлемлери ҳаққында»ғы 985-санлы қарарының 1-бәнти төртинши абзацы, сондай-ақ, қарарға 3-қосымша өз күшин жойытқан деп есаплансын.
Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте усы қарардың мазмун-мәниси және мақсет ҳәм ўазыйпалдарының ғалаба хабар қуралларында кеңнен жарытылыўын тәмийинлесин.
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы, 2020-жыл 6-март
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги