Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстанның Евразия экономикалық аўқамы менен бирге ислесиўи мәселелери додаланды

2020-03-09 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинде 6-март күни елимиздиң Евразия экономикалық аўқамы (ЕАЭА) менен бирге ислесиўи бойынша алып барылған таллаў ҳәм комплексли баҳалаў жумысларының жуўмағы бойынша тийисли шешим ҳәм усынысларды Олий Мажлистиң палаталарына киргизиў мәселелерин додалаўға бағышланған мәжилис болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң   Парламентке жоллаған Мүрәжатында бул мәселе Ҳүкимет тәрепинен Олий Мажлис палатларының додалаўына киргизилиўин ҳәм халық ўәкиллери менен толық көрип шығылыўын билдирип, онда ең дәслеп, халқымыздың мәплеринен келип шығып, олардың ерк-ықрарына сүйениўимиз зәрүрлигин айрықша атап өткен еди.

Атап өтилгениндей, Өзбекстанда әмелге асырылып атырған жаңа басқыштағы реформалардың нәтийжеси жәҳән экономикасы системасына интеграцияласыў, әсиресе, аймақлық жақтан жақын мәмлекетлер менен саўда-экономикалық байланысларды буннан былай да раўажландырыўға байланыслы. Себеби, экономикалық интеграция өнимниң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, өзине түсер баҳасын азайтыў, жаңа технологияларды алып келиў, транзит саўданы кеңейтиў, базар реформаларын жедел раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Бүгинги глобалласыў процесинде елимиз жәҳән өндирис системасына, халықаралық базар талапларына ҳәм экономикалық интеграция процеслерине үнлес болыўы керек.

Өзбекстанның ЕАЭА менен бирге ислесиўин ҳәр тәреплеме үйрениў ҳәм терең таллаў мақсетинде Министрлер Кабинети, тийисли министрликлер ҳәм уйымлар ўәкиллеринен  ибарат жумысшы топар тәрепинен экономикалық интеграция мәселесинде елимиз экономикасының ири 16 тармағында үйрениў жумыслары алып барылды.

Мәжилисте усы мәселе бойынша жетекши еркин консалтинг компанияларының ҳәм илимий-изертлеў мәкемелериниң излениўлери, сырт ел ҳәм жергиликли қәнигелер тәрепинен билдирилген пикир-усыныслар көрип шығылды. Онда Өзбекстанның ЕАЭА менен бирге ислесиўи шеңбериндеги экономиканың ири тармақлары, атап айтқанда, санаат, сыртқы саўда сиясаты, бажыхана-тарифлерин тәртипке салыў механизми, мийнет миграциясы, стандартластырыў ҳәм ветеринария, санитария, фитосанитария қадағалаўы сыяқлы көплеген мәселелер бойынша экспертлердиң пикирлери үйренип шығылды.

Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкеми ҳәм ЕАЭАға интеграция процеслери өз-ара байланыслы екени атап өтилди.

Евразия экономикалық аўқамы менен бирге ислесиўдиң Өзбекстан миллий экономикасына тәсирин комплексли үйрениў нәтийжесинде тийисли министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен әмелге асырылыўы зәрүр болатуғын илажлар белгиленди және ЕАЭА менен бақлаўшы-мәмлекет статусында бирге ислесиў усынысы мақулланды.

Мәжилис жуўмағы бойынша таллаў ҳәм комплексли баҳалаў жумыслары тийкарында ислеп шығылған шешим ҳәм усынысларды Олий Мажлис палаталарына усыныў бойынша қарар қабыл етилди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться