Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Инвестициялық жойбарлар бойынша тапсырмалар берилди

2020-03-09 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев 7-март күни Ташкент қаласында әмелге асырылыўы режелестирилген инвестициялық жойбарларды додалаўға бағышланған мәжилис өткерди.

Пайтахтымызда 2020-2022-жылларда улыўма баҳасы 9 миллиард 884 миллион долларлық 762 инвестициялық жойбарды әмелге асырыў режелестирилген. Олардың 122 си мәмлекетлик бағдарлама, 640 ы аймақлық инвестициялық бағдарламалар шеңберинде болып есапланады.

Атап айтқанда, санаат тараўында 1 миллиард 590 миллион долларлық 242 жойбар, хызмет көрсетиў бағдарында 4 миллиард 966 миллион долларлық 337 жойбар әмелге асырылыўы мөлшерленген. Заманагөй турақ жай қурылысы бойынша 3 миллиард 328 миллион долларлық 183 объекттиң қурылыўы нәзерде тутылған.

Мәжилисте ҳәр бир райондағы перспективалы жойбарлардың презентациясы өткерилди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться