Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Шавкат Мирзиёев Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң делегациясын қабыл етти

2020-03-05 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 5-март күни Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң президенти Сума Чакрабарти басшылығындағы усы абырайлы финанс институтының делегациясын қабыл етти.

Өзбекстан ҳәм ЕТРБ 2017-жылда шерикликти қайта жолға қойғанын айрықша атап өтиў зәрүр. Өткен дәўирде банктиң мәмлекет стратегиясы ҳәм қоспа «жол картасы» қабыл етилди ҳәм әмелге асырылмақта.

Жаңа инвестициялардың баҳасы 1,1 миллиард долларға жетип, энергетика, ыссылық ҳәм суў тәмийнаты, коммуникациялар, жол ҳәм турақ жай қурылысы сыяқлы тийкарғы тармақларға бағдарланған. Ҳәзирги ўақытта ЕТРБ киргизген инвестицияның үштен бир бөлеги жеке меншик сектордың басламаларын қоллап-қуўатлаўға қаратылмақта.

Ташкенттеги ўәкилликханадан тысқары банк Әндижанда  өзиниң офисин ашты, усы жылдың ақырына шекем Үргенште де ашыўды режелестирмекте.

Мәмлекетимиз басшысы еки тәреплеме бирге ислесиўде бундай жоқары дәрежеге ерисилгенине Сума Чакрабартидиң жеке үлеси ҳәм белсене ҳәрекетлери барлығын айрықша атап өтти.

Ушырасыўда узақ мүддетли перспективаға бағдарланған әмелий бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары толық көрип шығылды.

ЕТРБ президенти усы жетекши халықаралық финанслық шөлкем Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар бағдарламасына ҳәр тәреплеме жәрдем бериўди даўам еттириўге және шериклик көлемин түп-тийкарынан кеңейтиўге таяр екенлигин билдирди.

Инфраструктураны модернизациялаў, банк тараўы, тоқымашылық ҳәм санааттың басқа да тармақларын раўажландырыў, киши бизнес басламаларын қолап-қуўатлаў бойынша тийкарғы жойбарларды ислеп шығыў ҳәм алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, мәмлекетимиз экономикасына тиккелей инвестициялар, алдынғы тәжирийбе, илим ҳәм технологияларды тартыўға қаратылған қоспа илажлардың режеси ҳәм күн тәртиби бойынша пикир алысылды.

Поделиться