Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Матуридия тәлийматы – жаўызлыққа қарсы мәрипат пенен гүрес болып есапланады

2020-03-03 | Мәденият

Самарқанд қаласында 3-март күни «Имам Абу Мансур Матуридий» ҳәм матурудия тәлийматы: өтмиш ҳәм бүгин» темасындағы халықаралық конференция өз жумысын баслады.

Өзбекстан – дүнья цивилизациясы ҳәм исламның раўажланыўына үлкен үлес қосқан уллы уламалар, әзиз-әўлиелер ели. Усы ҳақыйқатты кейинги жылларда ата-бабаларымыздың бийбаҳа мийрасын илимий тийкарда терең үйрениў, миллий қәдириятларымызды қәстерлеп-сақлаў ҳәм буннан былай да раўажландырыў, жоқары инсаныйлық идеялар ҳәм муқаддес қәдириятларымызды өзинде сәўлелендирген дәреклерди системалы түрде изертлеў, олардан диний тәлим, руўхый-әдеп-икрамлылық тәрбия жумысларында нәтийжели пайдаланыў, сабақлық ҳәм оқыў қолланбалар, ғалабалық басылымлар, илимий-әмелий усыныслар таярлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларда да көриў мүмкин.

Бундай әмелий жумыслар Өзбекстанның дүнья жәмийетшилиндеги абырайын және де арттырыў, жас әўладты миллий қәдириятларға ҳүрмет, Ўатанға мухаббат, ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаўда әҳмийетли орын ийелейди.

Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитет, Өзбекстан мусылманлары мәкемеси, Өзбекстан халықаралық ислам академиясы, Өзбекстан ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайы, Илимлер академиясы ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен Египеттеги Ал-Азҳар комплекси менен биргеликте шөлкемлестирилген бул халықаралық кнференция да усы бағдардағы жумыслардың әмелий көриниси болып есапланады.

Усы халықаралық конференцияда қатнасыў ушын елимизге Египеттиң Ал-Азҳар комплексиниң басшысы, усы мәмлекеттиң бас имамы Шайх Аҳмад Таййиб басшылығындағы делегация, сондай-ақ, Босния ҳәм Герцеговина, Германия, Иордания, Индонезия, Малайзия, Пәкстан, Россия, Түркия, Украина, Швейцария, Қырғызстан ҳәм Қазақстан сыяқлы мәмлекетлерден 70 ке шамалас улама, исламтаныўшы илимпаз, абырайлы билимлендириў мәкемелери ҳәм илимий-изертлеў орайларының басшылары барды.

Конференцияның жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.Қосимов, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.Абдуҳакимов, Самарқан ўәлаятының ҳәкими Э.Турдимов ҳәм басқалар жаңаланып атырған Өзбекстанда Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында барлық тараўларда әмелге асырылып атырған ҳәм негизинде халқымызды разы етиў мақсети жәмленген реформалар диний-мәрипат тараўында ҳәм өз сәўлелениўин таўып атырғанын атап өтти. Бул жаңаланыў ҳәм өзгерислер халықаралық жәмийетшилик тәрепинен тән алынып, унамлы баҳаланбақта. Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 73-сессиясында «Мәрипат ҳәм диний кеңпейиллик» атлы арнаўлы резолюциясы қабыл етилгени буның айқын дәлийли болып есапланады.

Елимизде соңғы үш жылда экстремистлик ҳәм террористлик структуралардың бузғыншы идеяларының тәсирине түсип қалған 20 мыңнан аслам пуқара арнаўлы есаптан шығарылды. Түрли жынаятларды ислеген, бирақ қәтесин түсинип жеткенлерди әпиў етиў бойынша Президентимиздиң 9 пәрманы қабыл етилди ҳәм 4 мыңнан аслам адам жазаны өтеў орынларынан азат етилди. Жаслықта жайласқан жазаны өтеў мәкемеси пүткиллей сапластырылғаны да инсаныйлық сиясатының әмелий көриниси деп айтыў мүмкин.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен «Меҳир» ҳәм «Меҳир-2» инсанийлық операциялары шеңберинде Жақын Шығыс регионындағы қураллы қарама-қарсылықлар даўам етип атырған аймақлардан 261 Өзбекстан пуқарасы елимизге алып келинди. Ҳәзирги ўақытта оларды жәмийетке интеграцияластырыў процесслери даўам етпекте.

Мәмлекетимизде миллий ҳәм диний қәдириятларды тиклеў, қәстерлеп-сақлаў, уллы уламалардың бай илимий-руўхый мийрасын үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў, жәмийетте диний кеңпейилликти және де беккемлеў мақсетинде өзине тән әмелий механизмлер – Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы, Өзбекстан халықаралық ислам академиясы, Имам Бухарий ҳәм Имам Термизий атындағы халықаралық илимий-изертлеў орайлары, Ҳәдистаныў жоқары мектеби, ҳәдис, калам, тәсәуўып, ақида, фикҳ илимий мектеплериниң жумысы жолға қойылды.

Тийкарғы мақсет, Имам Бухарий, Имам Термизий, Абу Мансур Матуридий, Абу Муин Насафий сыяқлы улама ата-бабаларымыздың мийрасын илимий үйрениўди және де жеделлестириў, муқаддес динимизди түрли қәўиплерден қорғаў, жаўызлыққа қарсы мәрипат пенен гүресиў, жасларды инсанийлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаў болып есапланады.

Диний уламаларға байланыслы зыярат етиў орынларын абаданластырыўға үлкен итибар қаратылып атырғаны халқымызға тән әзелий дәстүрлерди сәўлелендиреди. Соның ишинде, Бухарада Жети пир, Қаршыда Абу Муин Насафий, Термизде Султон Саодат ҳәм басқа да зыярат етиў орынлары оңланып, оларға келип атырған жергиликли ҳәм сырт елли мийманлар ушын қолайлы шараятлар жаратылды. Өзбекстан тарийхында биринши рет халықаралық «Зыярат туризми» форумы ҳәм «Нақшбандий туризм фестивалы 2019» халықаралық илажиниң шөлкемлестирилгени әлбетте, қуўанышлы.

Өзбекстанның ислам цивилизациясындағы айрықша орны ҳәм мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған диний-мәрипат тараўына байланыслы реформалардың итибары сыпатында Илим, билимлендириў ҳәм мәденият мәселелери бойынша ислам шөлкеми – АЙСЕСКО тәрепинен Бухара қаласы «2020-жылы ислам мәденияты пайтахты» деп жәрияланды. Усы мүнәсибет пенен мәмлекетимизде бир қатар халықаралық конференциялар, көргизбелер, презентациялар ҳәм басқа да мәдений-ағартыўшылық илажлардың өткерилиўи режелестирилмекте.

Өзбекстанда 2020-жыл «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы» деп аталды. Буннан былай бул бағдарда исленетуғын жумыслар көп әсирлик үлги болатуғын дәстүрлеримизди жаңа басқышқа алып шығыўда қолланба болады. Илим мәрипат тийкарғы байлық болып есапланады. Илимге тийкарланған раўажланыў болса бүгин «санлы экономика» менен үзликсизликти талап етпекте.

Жалпы мәжилисте Египеттиң Ал-Азҳар комплексиниң баслығы Шайх Аҳмад Таййиб, Өзбекстан мусылманлар мәкемесиниң баслығы, муфтий Усмонхон Алимов Имам Абу Мансур Матуридий диний-мәрипий мийрасын терең үйрениў, оның муқаддес динимиздиң тазалығын қорғаў жолындағы гүреси, мусылман әдеп-икрамлылық қағыйдаларын, соның ишинде, кеширимлилик, аўызбиршилик ҳәм өз-ара түсинип жасаўға умтылыў сыяқлы адамгершилик пазыйлетлерин қәстерлеп-сақлаў, халықаралық жәмийетшиликке жеткериўде бирлесиў керек екенлигин атап өтти.

«Ҳидаятқа баслайтуғын имам» ҳәм және бир қатар уллы қәсийетлер менен тарийхқа кирген, жаўызлыққа қарсы мәрипат жәрдеминде гүрескен уллы теолог Абу Мансур Матурудийдиң үлгили өмири, бай илимий мийрасын үйрениўге бағышланған халықаралық конференция ислам дининиң негизги қәдириятларын қастерлеп-сақлаў ҳәм мусылман мәмлекетлери арасындағы бирге ислесиў байланысларын және де беккемлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Конференцияда Өзбекстан ҳәм Египет арасындағы бирге ислесиў байланысларын буннан былай да беккемлеў, елимизден жетисип шыққан уллы уламалар илимий-руўхый мийрасын үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаўға қосқан мүнәсип үлеси ушын Египеттиң Ал-Азҳар комплексиниң басшысы Шайх Аҳмад Таййибке Самарқанд қаласының ҳүрметли пуқарасы атағы берилди.

Мырза Шайҳ Аҳмад Таййиб муқаддес Самарқанд қаласының ҳүрметли пуқарасы болыў мақтаныш екенин атап өтип, көрсетилген жоқары ҳүрмет ҳәм итибар ушын Өзбекстан Президентине миннетдаршылық билдирди.

Жалпы мәжилис даўамында Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар, атап айтқанда, диний-мәрипат тараўды раўажландырыў, ислам дининиң раўажланыўына шексиз үлес қосқан уллы уламаларымыздың өмири ҳәм мийнет жолын үйрениў, олар қалдырған бийбаҳа мийрастың мазмун-мәниси, әҳмийетин үгит-нәсиятлаўға бағышланған видеокөринис көрсетилди.

Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитеттиң баслығы Абдуғафур Аҳмедов, Итибарлы уламалар кеңесиниң бас хаткери, профессор Абдуллоҳ Абдулғани Сархан, Мусылман данышпанлары кеңесиниң бас хаткери Султон Файсал Румайсий, Ал-Азҳар комплексиниң басшысы кеңесгөйи Абдураҳмон Муса, Ал-Азҳар Ислам изертлеўлер академиясының бас хаткери доктор Назир Муҳаммад Айядтиң баянатлары тыңланды.

Шығып сөйлегенлер бул комплекс Алланы улығлаған режеп айында, тарийхы уллы елимиздиң бийтәкирар жерин, жәҳән мәденияты, атап айтқанда, ислам дининиң раўажланыўына үлкен үлес қосқан Самарқандта өтип атырғаны өзине тән рәмзий мәниске ийе екенин атап өтти. Матуридийликтиң адамзат цивилизациясындағы орны, Ал-Азҳар комплексиниң ислам мийрасы ҳәм халқы сунна исенимин қастерлеп-сақлаў, тынышлық ҳәм кеңпейилликти қоллап-қуўатлаўға қаратылған жумысы ҳәм ҳәрекетлери ҳаққындағы баянатлар қатнасыўшыларда үлкен қызығыўшылық оятты.

– 2007-жылдан берли Матуридийдиң тафсир китаплары бойынша илимий излениўлер, изертлеўлер алып бара басладым, – дейди Түркия ислам илимлери академиясының басшысы Аҳмад Саъд Даманҳурий. – Буннан кейин жумысымды толық усы темаға бағышладым, бул уллы улама ҳаққында кеңрек мағлыўмат жыйнаўға киристим. Излениўлерим нәтийжесинде 200 бетли «Саддус-суғур би сийрати аламий Ҳуда Абу Мансур» китабын жаздым. Бул шығарма Матуридийге байланыслы айырым түсинбеўшиликлерди сапластырыў, уллы имамның үлкен хызметлерин белгили дәрежеде тән алыўына ерисиўге қаратылған. Бул конференцияда усы ҳәм басқа да мәселелер бойынша пикирлесип алыў имканияты туўылғанынан қуўанышлыман.

– Ислам динин матуридия тәлийматысыз көз алдымызға келтириў қыйын. Әсиресе, глобалласыў процесслери күшейген ҳәзирги шараятта Имам Матуридийдиң буннан бир неше әсирлер алдын айтқан пикирлери, муқаддес динимиздиң тазалығын қәстерлеп-сақлаў бойынша алға қойған көзқараслары үлкен әҳмийетке ийе, – дейди Қазан қаласындағы Россия ислам университетиниң ректоры Рафиқ Муҳаметшин. – Бизлердиң университетимизде де бул уллы имамның шығармаларын аўдармалаў ҳәм үйрениўге айрықша итибар қаратылады. Бул бағдарда Өзбекстан халықаралық ислам академиясы ҳәм басқа да диний билимлендириў мәкемелери, илимий орайлар менен жақын бирге ислесиўде ислеймиз. Улыўма етип айтқанда, әзелден Татарстандағы дин тараўының ўәкиллери, уламалар өзимиздеги медреселерде оқыған болса-да, кейин ала Самарқанд ҳәм Бухара қалаларына келип, ислам дини тәлийматын үйренген, билимлерди арттырған. Бул дәстүр бүгин де даўам етпекте.

Жәмәәтлик песин намазы ҳәм түсликтен кейин конференция өз жумысын «Матуридия тәлийматы ҳәм ҳазирги заман» ҳәм «Заманагөй мәмлекет шараятында диний қәдриятларды қәстерлеп-сақлаў ҳәм раўажландырыў» секцияларында даўам еттирди.

Секция мәжилислеринде Имам Абу Мансур Матуридий шахси ҳәм религиялық көзқараслары, матуридийликтиң идеологиялық тийкары, матуридия калам мектебине байланыслы жаңа дәреклер, ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаўда Имам Матуридий көзқарасларының әҳмийети, кибермәкандағы радикалласыў процесслери сыяқлы темаларда баянатлар тыңланды.

Конференцияның жоқары мәртебели мийманы – Ал-Азҳар комплексиниң басшысы, Египеттиң Бас имамы Шайх Аҳмад Таййиб Самарқандтағы Имам Матуридий ҳәм Имам Бухарий комплекслерин зыяратлады. Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайы ҳәм Ҳәдис илими мектебиниң жумысы менен танысты.

Конференция 4-март күни өз жумысын даўам етти.

 

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

Ғолиб ҲАСАНОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршылары

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться