Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Ең үлкен мақсетимиз – халқымыздың турмысына қуўаныш алып кириў
2020-02-28 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 28-февраль күни Ташкент қаласында әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары ҳәм ири жойбарлар менен танысты.
Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Мырза Улығбек районының Абайхон мәҳәллесинде қурылып атырған көп қабатлы турақ жайларды көзден өткерди.
Бул жерде жәми 1 мың 120 квартирадан ибарат 17 көп қабатлы турақ жайлардың қурылысы жойбарластырылған. Бүгинги күнде 5 турақ жай бой тиклеп, ишки пардозлаў жумыслары алып барылмақта.
Президентимиз квартиралардан бирин кирип көрди, жайлардың қурылыс технологиясына ҳәм энергия үнемлеўшилигине итибар қаратты.
Сыртқы дийўаллар базальт материалы менен қапланғаны ҳаўа райы тәсирин азайтып, квартиралардың қыста ыссы, жазда салқын болыўын тәмийинлейди. Және бир унамлы тәрепи – бул толық жергиликлилестирилген өним.
Мәмлекетимиз басшысы жергиликли материалларды көбирек ислетип, турақ жайлардың баҳасын арзан етиў, оларды ҳәр түрли тараў ўәкиллери менен бирге кем тәмийинленгенлерге де ажыратыў бойынша көрсетпелер берди. Кредит мүддетин создырыў, ижараға бериў арқалы кәмбағал шаңарақларды қоллап-қуўатлаў зәрүрлигин атап өтти.
– Қалаларда адамлар коммуналлық хызметлердиң сапасызлығынан наразы. Имаратларды эксплуатациялайтуғын турақлы шөлкемлер, маман кадрлар жетиспейди. жаңа объектлер ески тармақларға жалғап қойылады. Пүткил квартал бирден узақтағы станциядан ысытылады. Негизинде, ақыл менен ислетилсе, коммуналлық төлемлерди 50 процентке шекем арзанлатыў мүмкин, – деди Шавкат Мирзиёев.
Жаңа массивте автономиялық ыссылық станциясын қурыў, имаратларды эксплуатциялайтуғын ҳәм сапалы хызмет көрсететуғын заманагөй ширкетти пайда етиў бойынша көрсетпе берилди.
Аймақта және бир неше 9, 16 ҳәм бир 25 қабатлы турақ жайдың қурылыўы режелестирилген. Жойбарда заманагөй қурылыс нормалары менен бирге миллий қәдириятларымыз, ҳәр түрли мәресимлер ушын қолайлықлар да инабатқа алынған. Барлық турақ жайларды 2020-жыл сентябрьде пайдаланыўға тапсырыў мөлшерленген.
Сондай-ақ, мектеп, балалар бақшасы, дем алыў ҳәм спорт майданшалары, балалар ойын майданшалары, көп қабатлы автомобильлер туратуғын орынлардың қурылыўы жойбарластырылған.
Ҳәзирги күнде Ташкенттиң санаат, транзит-логистика, инфраструктура имканиятларынан нәтийжели пайдаланып, жоқары қосымша қунға ийе өнимлерди ислеп шығарыў бағдарында избе-из жумыслар әмелге асырылмақта. Ташкент механика заводының үлкен аймағынан ҳәм имаратларынан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде шөлкемлестирилген Технопарк мине усындай санаат аймақларынан бири болып есапланады. Мәмлекетимиз басшысы өткен жылы 28-июньде бул жерге келип, жойбарлардың презентациясы менен танысқан еди.
Технопаркте 2020-2021-жылларда улыўмалық баҳасы 393 миллион доллардан зыят болған 15 кәрхананы иске қосыў мөлшерленген. Оларда кир жуўыў машиналарын, асхана плиталарын, суўытқышлар ҳәм музлатқышлар, санаат кондициорнелерин, лифтлер ҳәм эскалаторларды, электротехника өнимлерин ислеп шығарыў нәзерде тутылған.
Бул жерде зәрүр инженерелик-коммуникация тармақлары бар. Исбилерменлерге қолайлық жаратыў мақсетинде логистика орайы шөлкемлестириледи. Ислеп шығарылатуғын өнимлерди жергиликлилестириў дәрежеси 35-40 процент болады. Сондай-ақ, жылына 186 миллион долларлық экспорт етиў режелестирилген.
Президентимиз Технопарк аймағында иске түсирилген биринши жойбар – электрон газ есаплағышлар кәрханасының жумысы менен танысты, өнимлердиң үлгилерин көзден өткерди.
50 миллион доллар инвестиция есабынан шөлкемлестирилген кәрханада жылына 3 миллион дана электрон газ есаплағыш таярланады. Бул «ақыллы» есаплағышларға сим-карта орнатылған болып, жумсалған тәбийғый газдиң көлеми ҳаққындағы мағлыўматты онлайн режимде орайлық серверге жибереди. Усы тәризде есаплаўда биллинг системасы енгизиледи ҳәм инсан факторы қысқарады.
Бул есаплағышлар қәўипсизлик жағынан да қолайлы. Оларға орнатылған норма үскенеси артықша газ басымын төменлетип, тутыныўшыға бир бапта жеткерип береди. Бул арқалы халықтың квартираларында ҳәм имаратларында өрт ямаса газден зәҳәрлениў сыяқлы кеўилсиз жағдайлардың алды алынады.
Ҳәзирги күнде елимизде 3,5 миллион электрон газ есаплағышқа талап бар. Кәрхана бул талапты бир жылда қаплап, келеси жылдан 7,7 миллион долларлық өнимди экспорт етиў қуўатлылығына ийе. Бул ушын кәрхананың бирге ислесиўшиси – Италияның «Petro Fiorentini» компаниясы менен тийисли шәртнама дүзилген.
Мәмлекетимиз басшысы кәрхана тек ғана сатыў менен шекленип қалмай, есаплағышларды орнатыўдан баслап хызмет көрсетиўге шекем жуўапкер болыўы, эксплуатацияға жуўап бериўи керек екенлигин атап өтти.
– Ҳәр бир өндириске кирисиўден алдын стандартты ойлаў керек. Жетик сервис ушын да, экспорт ушын да стандарт зәрүр. Тилекке қарсы, биз бул тараўда дүньядан әдеўир артта қалдық. Орынларда стандарт кепиллигин тәмийинлейтуғын кадрлар жүдә аз. Соның ушын мине усындай санаат кәрханаларының өзинде сервис бойынша қәнигелер таярлаўды жолға қойыў керек, – деди Президент.
Кәрхананың сервис орайының жумысы ҳаққында мағлыўмат берилди. Бул орай кәрхана ҳәм «Аймақгазтәмийнат» акционерлик жәмийети менен тығыз бирге ислейди. Усы жылы «Аймақгазтәмийнат» тәрепинен 3 миллион 480 мың есаплағыш орнатыў режелестирилген. Бул жумысты шөлкемлестириўде Технопарк сервис орайының орынлардағы 15 филиалы жәрдем береди. Ҳәзирги күнде бул филиалларда 150 қәниге мийнет етпекте. Бир жумысшы бир күнде 30 газ есаплағыш үскенесиниң дурыс орнатылғанын тексерип, кепиллик мүддетин береди.
Сервис орайындағы бирден-бир байланыс бөлиминде қарыйдарлардың мүрәжатлерине жуўап бериледи. Бир оператор күнине 60 қоңыраўды қабыл етеди. Сервис орайында ислеп шығылған «Texnosoft» бағдарламалық өними арқалы орнатылған газ есаплағышлардың саны, дурыс орнатылғаны қадағалап барылады. «Texnosoft» есаплағышларға кепиллик мүддетин бериў ушын арзаларды қәнигелерге бөлистиреди, қарыйдарларға хызмет көрсетеди.
Президентимиз кәрхана ислеп шығарған газ есаплағышлардың сапасына жуўап бериўи, сервис орайы кәрхана – «Аймақгазтәмийнат» – қарыйдар арасындағы байланысты тәмийинлеў зәрүрлигин атап өтти.
Мәмлекетимиз басшысы Технопаркте әмелге асырылып атырған гезектеги жойбарлар, ислеп шығарыўы режелестирилген санаат өнимлери менен де танысты.
Шавкат Мирзиёев Яшнабад районындағы Қорғаныў министрлигине қараслы Руўхый-ағартыўшылық орайын барып көрди.
Бул орайдың имараты 1980-жылы қурылған. Ҳәзирги ўақытта онда Қураллы Күшлер ансамбли, Орайлық әскерий оркестр, «Туран» мәмлекетлик әскерий театры, тигиў-пишиў кәрханасы ҳәм балалар дөгереклери жайласқан. Бирақ имканиятлардан толық пайдаланылмай атырған еди.
Президент орай имаратын реконструкциялап, оннан мақсетли пайдаланыў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында кеўил ашар орынды шөлкемлестириў зәрүрлигин атап өтти.
Бул жерде концертлер, байрам илажлары өткериледи. Әтирапы абаданластырылып, исбилерменлердиң қатнасыўында саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшалары шөлкемлестириледи.
Мәмлекетимиз басшысы бул жердеги Авиақурылыслар спорт комплексин де кирип көрди. Оның аймағын абаданластырыў, спортсүйерлерге қолайлықлар жаратыў бойынша көрсетпелер берилди.
Елимизде исбилерменликти раўажландырыў, жумыссызларды кәсипке қайта таярлаў ушын зәрүр шараят жаратылмақта.
Яшнабад районында 2019-жыл сентябрь айында жумыс баслаған «Жумысқа мәрҳамат» моно–орайы мине усындай мәкемелерден бири болып табылады. Онда қурылыс, турмыслық хызмет, техникалық-инженерлик сыяқлы тараўлар бойынша 22 кәсипке үйретиў жолға қойылған. Оның ушын керекли станоклар, мебель, муляж ҳәм басқа да әмелият қураллары алып келинип орнатылған. Орай жылына 5 мың 600 адамды оқытыў имканиятына ийе.
Бул жерге келген адамға дәслеп бәнтлик мәселелери бойынша мәсләҳәт хызмети көрсетиледи. Турақлы жумысқа ийе болмаса, бос жумыс орынлары усыныс етиледи. Социаллық қорғаўға мүтәж мүрәжатшылар турақлы квоталы жумыс пенен тәмийинлениўи де мүмкин.
Кәсиплик маманлық талап етилетуғын жумысты таңлағанлар усы жердеги оқыў курсына тартылады. Басқа елде ислеў тилегин билдирген пуқараларға бул бағдардағы көнликпелер ҳәм шет тили үйретиледи.
Орайда инглис, япон, қытай, корейц ҳәм рус тиллерин оқытыў бойынша қысқа мүддетли курслар жумыс алып бармақта. Сырт елдеги бир қатар жоқары оқыў орынлары, халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиў жолға қойылған.
Бул жерге өткен 5 айда 550 ден аслам пуқара мүрәжат еткен. Олардың тийкарғы бөлегин ҳаял-қызлар ҳәм жаслар қураған. 267 пуқара оқыўды питкерип, сертификат алған.
Президентимиз орайда жаратылған шараятлар менен танысты, уста ҳәм кәсип үйренип атырған жаслар менен сәўбетлести.
Бундай орайлар адамлардың талап бар кәсиплерди тез үйренип, өз жумысын табыўы ушын жүдә зәрүрлигин, бос турған колледжлерди ҳәм басқа имаратларды оңлап, Ташкент қаласының ҳәр бир районларында ҳәм барлық ўәлаятларда усындай мәкемелер шөлкемлестириў зәрүрлигин атап өтти.
Кәсип-өнер бағдарларын усы қәнигеликтеги оқыў орынларына бириктирип, жоқары қәнигели оқытыўшыларды тартыў, сондай-ақ, кешки сабақларды да жолға қойыў бойынша көрсетпелер берилди.
Президент Шавкат Мирзиёев Яшнабад районының басшылары, мәҳәлле баслықлары, исбилерменлер, мектеп ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң ўәкиллери менен ушырасыў өткерди.
Мәмлекетимиз басшысы районды абат ҳәм таза, үлгили аймаққа айландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, кәмбағаллықты азайтыў, билимлендириўдиң сапасын арттырыў, саламат турмыс тәризин ен жайдырыў, тынышлықты тәмийинлеў бойынша бир қатар басламаларды айтты, тапсырмалар берди.
– Сизлер менен, халық арасында жүрип, реформаларымызды әмелге асырып атырған адамлар менен пикир алысып, бар машқалалар ҳәм мәселелерди ашық-айдын додалаўға келдим. Соның ушын ядланған гәплерди айтпай, көбирек сораў берип, усынысларыңызды айтсаңыз қуўанаман, – деди Шавкат Мирзиёев.
Райондағы 58 мәҳәлледе 240 мың халық жасайды. 8 мыңнан аслам пуқара жумыссыз, 10 мың адам жумыс ислеў мақсетинде басқа мәмлекетлерге кеткен. Демек, Яшнабадтың 18 мыңнан аслам халқына мүнәсип жумыс керек.
Мәмлекетимиз басшысы районда жумыссызлықтың алдын алыў, кәмбағаллықты сапластырыў мақсетинде «Жол картасын» ислеп шығыў ҳаққында тапсырма берди.
– Бир инсанның аўырын жеңил етиў Қудайға да жағады. Кәмбағал адамның да перзенти бар, өмирден үмити бар. Сонша жыл бул ҳаққында айтпадық, жасырып келдик. Енди буны да сапластырайық. Кәмбағаллықты жоғалтайық, – деди Президентимиз.
Оның ушын, бәринен бурын, жасларды қандайда бир кәсип ийеси етип жетистириў, жаңа жумыс орынларын көбейтиў, Яшнабад районындағы бәнт болмаған халыққа хызмет көрсететуғын «Жумысқа мәрҳамат» моно-орайы түриндеги орайларды барлық районларда ашыў ҳаққында пикир билдирилди. Район ҳәкимлери ҳәм басқа да тийисли шөлкемлердиң басшыларына қысқа ўақытта колледжлерде мәҳәлле жасларын кешки сменада кәсип-өнерге оқытыў курсларын енгизиў ҳаққында тапсырма берилди.
Мәмлекетимиз басшысы кәсип-өнер ийелеген жаслардың жумыс өнимдарлығына, шаңарағына, экономикамызға пайдасы ҳаққында айтты. Атап өтилгениндей, санаатты раўажландырыўда жаслардың күшинен пайдаланыў керек. Оның ушын олар заманагөй үскенелерде ислеўди билиўи талап етиледи. Сонда олардың айлық мийнет ҳақысы да артады.
Мәмлекетимиз басшысы саламат турмыс тәризин ен жайдырыў бағдарында әҳмийетли идеяларды айтып, және бир машқала халықтың саламат аўқатланыў нормаларына әмел етпейтуғынында екенин атап өтти.
Нуранийларға, шаңарақлық поликлиника шыпакерлерине мәҳәллелерде кеңнен үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыў ўазыйпасы тапсырылды. Көбирек пияда жүриў ҳәм бул бойынша Яшнабад районының тәжирийбесин енгизиў усыныс билдирилди.
Ушырасыўда мәҳәлле ҳәм шаңарақ системасындағы уқсас реформалар, соның ишинде, жаңадан шөлкемлестирилген Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң жумысы ҳаққында сөз болды. Жынаят жүз бериўиниң алдын алыў, жумыссызлықты, кәмбағаллықты сапластырыўда мәҳәллениң роли әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
– Президент сиясатының ең үлкен тийкары бул – мәҳәлле системасы. Сол себепли мәҳәлле баслықларын ҳәм профилактика инспекторларын мәжилислерге шақырмаймыз, керек болса мәҳәллеге келип мәжилис өткериледи, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Шаңарақлық келиспеўшиликлерге, ажырасыўларға қарсы гүрести күшейтиў керек екенлиги ҳаққында сөз болар екен, келешекте ерли-зайыпты ажыратыўда Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң руқсаты алыныўы шәрт екенлиги айтылды. Бул бойынша тийисли нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў бойынша тапсырма берилди.
Президент Шавкат Мирзиёев ушырасыўда Яшнабад районы мысалында мәмлекетлик басқарыў системасына өзгерис киргизиў ҳаққында пикир билдирди. Сондай-ақ, кәмбағаллықты азайтыў бойынша Сырдәрья ўәлаятының Боявуд ҳәм пайтахтымыздың Яшнабад районы үлги болыўы керек екенин айтты.
Онда тийкарғы итибар кем тәмийинленген шаңарақлар менен ислесиў, ҳаял-қызлардың машқалаларына шешим табыў, бәнтликти тәмийинлеў, мәҳәллелердеги саламат орталықты беккемлеўге қаратылады.
– Ислеген адамға жәмийет итибар қаратауғын заман келди. Тынышлығымыздың қәдирине жетип, пәк ҳәм ҳадал болып ҳәрекет етсек, әлбетте нәтийже болады. Ертеңги күнимизге бийпарўа болмайық. Яшнабад өз атына мүнәсип жайнап турыўы, төменги системада жумысты шөлкемлестириў бойынша үлги болыўы керек, – деди Президентимиз.
Бүгин Ташкент пайтахт статусына мүнәсип раўажланбақта. Реформалар халқымыздың турмысында өз сәўлелениўин таппақта. Адамларымыздың кейпияты да соған ылайықлы – көтериңки. Раўажланыў болса даўам етеди. Бул жолда мәмлекетимиз басшысының көрсетпелери, тапсырмалары, басламалары әҳмийетли бағдарлама болатуғыны сөзсиз.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги