Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Исбилерменликти раўажландырыў ҳәм кәсипке таярлаў арқалы кәмбағаллықты азайтыў илажлары белгиленди

2020-02-28 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 27-февраль күни исбилерменликти раўажландырыў арқалы кәмбағаллықты қысқартыўға қаратылған илажлар бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Бизге белгили, ҳәр қандай мәмлекетте халықтың кем тәмийинленген қатламы бар, Өзбекстанда да адамлардың белгили бир бөлеги жетерли дәрамат дәрегине ийе емес.

Халқымыздың абаданлығын арттырыў мақсетинде «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен», «Жаслар – келешегимиз», «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле», қыйтақ жерди раўажландырыў сыяқлы бағдарламалар қабыл етилди. Соңғы еки жыл даўамында бир ғана шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде бюджеттен дерлик 10 триллион сум жеңиллетилген кредитлер ажыратылды. Әлбетте, бул халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, шаңарақлар ушын дәрамат дәрегин жаратыўға хызмет етти.

Кәмбағаллық елимизде көп жыллар «жабық тема» болып келди. Усы жылы 24-январь күни мәмлекетимиз басшысы Олий Мажлиске Мүрәжатында бул ҳаққында ашық-айдын айтты ҳәм тарийхымызда биринши рет кәмбағаллықты қысқартыў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленди.

Видеоселектор мәжилисинде бул бағдардағы жумысларды системалы шөлкемлестириў мәселелери додаланды.

– Дәслепки есап-санақларға бола, 12-15 процент ямаса 4-5 миллион халқымыз кәмбағал. Бул олардың бир күнлик дәраматы 10-13 мың сумнан артпай атыр, дегени. Ямаса бир шаңарақта машина да, қара мал да болыўы мүмкин, бирақ бир адам аўыр кесел болса, шаңарақ дәраматының кеминде 70 проценти оны емлеўге кетеди. Хош, бундай шаңарақты өзине тоқ деп айтыў мүмкин беЎ Президент сыпатында мени адамларымыздың аўқатланыўы, емлениўи, балаларды оқытыўы, кийиндириўи сыяқлы турмыслық талаплары не болып атыр, деген сораў ҳәр күни қыйнайды, – деди Шавкат Мирзиёев.

Социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, халықты исбилерменликке кеңнен тартыў бағдарындағы жумысларды нәтийжели әмелге асырыў мақсетинде Президенттиң 2020-жыл 18-февральдағы пәрманы ҳәм қарарына муўапық, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги шөлкемлестирилди. Мәҳәлле – район (қала) – ўәлаят – республика дәрежесинде исбилерменликти раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты азайтыўға жуўапкер лаўазымлар енгизилип, вертикал система жаратылды.

Сондай-ақ, күни  кеше Бас министрдиң қаржы-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша орынбасары лаўазымы ҳәм ҳүкиметте өз алдына секретариат шөлкемлестирилди.

– Кәмбағаллықты азайтыў мийнет ҳақы ямаса напақа муғдарын көбейтиў, ғалаба кредит бериў, дегени емес. Бул ушын, бәринен бурын, халықты кәсипке оқытыў, финанслық билимданлығын арттырыў, адамларда исбилерменлик сезимин оятыў, инфраструктураны жақсылаў, перзентлерди оқытыў, сапалы емлениў, мәнзилли напақа төлеў системасын енгизиў керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Усы мақсетте Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Жәҳән банки ҳәм басқа да абырайлы халықаралық шөлкемлер менен кәмбағаллыққа қарсы гүресиўдиң орта ҳәм узақ мүддетли стратегиясы ислеп шығылмақта.

Мәжилисте бәринен, ҳәр бир мәҳәлле, район, қала ҳәм ўәлаят дәрежесиндеги ҳақыйқый шараят ҳәм жағдайды таллаў керек екенлиги атап өтилди. Бул  ушын, биринши бағдарда кәмбағаллыққа байланыслы реал жағдай, яғный мәҳәллелердеги дәраматы кем шаңарақлардың саны ҳаққында мағлыўматтың жыйналыўы, екинши бағдарда район ҳәм қаланың потенциалы, тәбийғый ресурслар, жер ҳәм инфраструктура имканиятлары картасының дүзилиўи белгиленди.

– Адамлардың мийнет етип, бай болыўы ҳәм жақсы турмыс кешириўи ушын барлық шараятларды жаратыўымыз зәрүр, – деди Президент.

Атап өтилгениндей, исбилерменлик жақсы раўажланған ҳәм халық тығыз жайласқан аймақлардың әтирапында аўыл хожалығына мөлшерленбеген ҳәм бос турған жер майданларында киши санаат зоналары шөлкемлестириледи. Зәрүр инфраструктура жаратыў ушын Киши санаат зоналарын басқарыў дирекцияларына бюджеттен 100 миллиард сум ажыратылады. Олардағы жер участкалары исбилерменлерге базар баҳасында ийелик ҳуқықы менен сатылады. Усы жойбар өзин ақласа, екинши ярым жыллықта және қосымша 150 миллиард сум ажыратылады.

Экономика ҳәм санаат министрлигине ҳәкимлер менен биргеликте жаңа киши санаат зоналары ушын бос жер майданларын анықлап, инфраструктура менен тәмийинлеў ўазыйпасы жүкленди.

Пайдаланыўдан шығып кеткен жерлерди кәмбағал халыққа ажыратып бериў, зәрүр жерлерде артезиан ҳәм қудықлар қазыў бойынша тапсырма берилди.

Халықты исбилерменликке үйретиў, кәсиплик маманлығын арттырыў арқалы кәмбағаллықты азайтыў ең тийкарғы мәселе есапланады.

Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде рәсмий түрде жумыс пенен бәнт болмаған 1 миллион 400 мыңға шамалас ҳаял-қызлар ҳәм жаслар бар. Ҳаял-қызлар арасында жумыссызлық дәрежеси 13 процент, жасларда болса 15 процентти қурамақта. Ферғана, Самарқанд, Әндижан, Қашқадәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларында бул көрсеткиш жоқары.

Соның менен бирге, бүгинги күнде қурылыста 104 мың, коммуналлық тараўда 71 мың, хызмет көрсетиў тараўында 68 мың, жеңил санаатта 46 мың қәнигеге талап бар.

Мәжилисте усындай талап бар орынларға маман қәнигелер жеткерип бериў, бәнтликти тәмийинлеў ушын ҳәр бир аймақта жумыссыз халықты исбилерменликке оқытыў курсларын шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Оқыў жуўмағы бойынша Киши бизнес ҳәм исблерменликти раўажландырыў агентлиги тәрепинен таңлаў жәрияланып, ең алдынғы жойбар ушын «стартап»қа 20 миллион сум муғдарында грант ажыратылады. Ҳәкимлер де жергиликли бюджет қаржылары есабынан алдынғы исбилерменлик жойбарларға грантлар береди.

Кәсипке оқыў тилегин билдирген жалғыз баслы ҳаяллар ҳәм көп перзентли ҳаяллар, жумыссызлар ушын күнделикли турмыста талап жоқары болған өнерлер, атап айтқанда, тигиўшилик, кулинария, шаштарезлик ҳәм басқа да бағдарларда кәсипке үйретиў курслары шөлкемлестириледи. Буның ушын мәҳәлле уйымлары ямаса аймақтағы имаратлардан орын ажыратылып, зәрүр үскенелер менен тәмийинленеди.

Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигине «Мәҳәлле гүзарларында кәсипке оқытыў бағдарламасы»н ислеп шығып, талапкерлер дизимин кәлиплестириў бойынша тапсырма берилди.

Бир қатар аймақларда кәсипке оқытыў бағдарындағы жумыслар кескин сынға алынды. Соның ишинде, Қарақалпақстанның 11 районында, Бухара ҳәм Ташкент ўәлаятларында 9 дан, Сурхандәрьяның 7, Жиззақтың 5 районында бирде-бир бундай орайлардың жоқ екенлиги атап өтилди.

Кәсипке таярлаў орайларын шөлкемлестириўге мәмлекетлик емес шөлкемлерди жедел тартыў, олардың арасында ең жақсы кәсипке таярлаў оқыў бағдарламасы бойынша таңлаў өткерип, жеңимпазларға Бәнтликке жәрдемлесиў қорынан грант ажыратыў бойынша тапсырмалар берилди.

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигине ҳәр бир аймақта «Жумысқа мирәт етемиз» моно-орайларын ҳәм кәсипке таярлаў орайларын шөлкемлестирип, жумыссызларға кәсиплик билим ҳәм көнликпелер, сондай-ақ, талапқа қарап шет тиллерин де үйретиў ўазыйпасы жүкленди.

Шаңарақлық исбилерменлик бағдарламалары шеңбериндеги қаржылардың 70 проценти кәмбағал халыққа жумыс орнын жаратыўды нәзерде тутатуғын киши ҳәм орта бизнес жойбарларына бағдарланатуғыны белгиленди. Сондай-ақ, кәмбағал адамды жумысқа алған кәрханаларға банк кредитлери бойынша қолайлықлар берилетуғыны атап өтилди.

Мәлимлеме технологиялары тараўы бир тәрептен бизнеске жәрдемлесетуғын қурал, екинши тәрептен бизнестиң өз алдына бағдары болып есапланады. Сол себепли, өзин-өзи бәнт етиўди қәлеўшилерге түсиникли болған интерактив мобиль қосымшалар, барлық сораўларға жуўап беретуғын «бизнес навигатор»лар жаратыў зәрүр.

Саўда-санаат палатасы, Киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлигине коммерциялық банклер менен бирге әпиўайы тилде таяр бизнес жойбарлар ислеп шығып, адамларға усыныс етиў бойынша көретпе берилди. Бул бизнес жойбарларда қәрежет ҳәм дәраматқа байланыслы барлық есап-санақлар, өндирис қуўатлылықлары, өнимниң муғдары сыяқлы мәселелер «ийнесинен жибине шекем» анық болады.

Усы жойбарлар ҳаққында орынлардағы сөйлесиўлер, ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақлар арқалы халықтың барлық қатламына мағлыўмат жеткериў керек екенлиги атап өтилди.

Саўда-кеўилашар орайларды көбейтиў ҳәм көшпес саўданы раўажландырыў, бул бағдардағы артықша шеклеўлерди алып таслаў бойынша усыныслар билдирилди.

Киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги, бизнес-омбудсман, Саўда-санаат палатасы ҳәм Бас министр қабыллаўханалары мәмлекет ҳәм исбилерменлер арасындағы «көпир» ўазыйпасын орынлаўы, исбилерменлик басламалардың әмелге асыўына ҳәр тәреплеме жәрдемлесиўи шәрт екенлиги атап өтилди.

Усы жылы 1-марттан баслап экономикалық комплекс уйымларының жумысын рейтинг тийкарында баҳалаў системасында баҳалаў системасы ҳәм Аймақларда исбилерменликтиң раўажланыўы индекси енгизилмекте. Халық арасында ашық ҳәм жасырын сораўлар өткериў арқалы олардың экономикалық комплекс шөлкемлерине болған мүнәсибети үйренип барылады. Нәтийжелерге қарап, белгили аймақтағы экономикалық комплекс басшыларының жумысы «үлгили», «жақсы», «қанаатландырарсыз» деп табылады. Унамлы баҳаланғанлар хошаметленеди ҳәм төмен баҳа алғанларға жаза илажлары көриледи. Баҳалаў нәтийжелери бир жылда еки рет Олий Мажлис палаталары, халық депутатлары ўәлаятлық кеңеслерде ҳәм ҳүкиметте додаланады.

Видеоселектор мәжилисинде додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлер мәлимлеме берди, тийисли илажлар белгилеп алынды

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться