Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Президенти Түркия Президенти менен телефон арқалы сөйлести

2020-02-26 | Сиясат

Бүгин, 26-февраль күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған менен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысы Түркия жетекшисин туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған бахыт-ығбал ҳәм жаңа табыслар, дос Түркия халқына болса абаданлық тиледи.

Президент Режеп Таййип Эрдоғанның мәмлекетти турақлы раўажландырыў, халықаралық майдандағы абырайын арттырыўдағы тарийхый орны айрықша атап өтилди. Мәмлекетлеримиз арасындағы дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўге қосқан үлкен үлеси жоқары баҳаланды.

Президентлер усы айда Түркияға әмелге асырылған жоқары дәрежедеги сапар етиўдиң табыслы нәтийжелерин үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Сөйлесиў ўақтында кең көлемли бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша еки тәреплеме келисимлерди әмелге асырыў мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

Өзбекстан ҳәм Түркияның жетекши компанияларының қатнасыўында перспективалы жойбарларды ислеп шығыў ҳәм өз ўақтында әмелге асырыў әҳмийетли екенлиги айрықша атап өтилди.

Сондай-ақ, Президентлер регионаллық бирге ислесиў ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысты.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться