Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Углеводород қазып алыў көлемин арттырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди
2020-02-06 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 6-февраль күни нефть-газ санаатындағы жумыслардың нәтийжелилигин, тәбийғый газ ҳәм суйық углеводородлар қазып алыў көлемин арттырыў бойынша быйылғы жылғы ўазыйпаларды додалаўға бағышланған мәжилис өткерди.
Нефть-газ санааты халық ҳәм экономика тармақлары ушын энергия дәреги, көплеген өнимлер ушын шийки зат жеткерип беретуғын әҳмийетли тараў болып есапланады. Сонлықтан энергетика, нефть-газ, геология бағдарларында терең структуралық реформалар, бәсекиге шыдамлылықты күшейтиўге қаратылған бағдарламалар әмелге асырылмақта.
«Өзбекнефтьгаз» акционерлик жәмийетиниң басқарыў системасы жетилистирилди, оның қурамында болған «Өзтрансгаз» ҳәм «Худудгазтаъминот» акционерлик жәмийетлери өз алдына бөлек шөлкемлер сыпатында қайта шөлкемлестирилди.
Мәмлекетимиз басшысының 2019-жыл 18-ноябрьдеги «Нефть ҳәм газ геологиялық-излеў жумысларын шөлкемлестириў ҳәм алып барыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен жаңа кәнлерди анықлаў, углеводород шийки заты резервлерин раўажландырыўдың барлық шөлкемлестириўшилик-финанслық тәреплери белгилеп берилди.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев жақында Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында сырт ел экспертлерин нефть-газ тараўындағы мәмлекетлик кәрханаларды басқарыўға тартыў, олардың нәтийжелилигин арттырыў және қәрежетлерин оптималластырыў, қарыз муғдарын азайтыўға ерисиў зәрүрлигин атап өтти. Жаңадан тастыйықланған ҳүкимет алдына усы бағдарда тийкарғы ўазыйпалар қойылды.
Мәжилисте нефть-газ тараўында быйылғы жылы әмелге асырылыўы тийис болған әҳмийетли илажлар додаланды.
Жаратылған шараятларға қарамастан, системалы машқалалар сапластырылмай атырғаны, бул басқа тармақлардың раўажланыўына да унамсыз тәсир етип атырғаны атап өтилди.
– Бир нәрсени ҳәммемиз түсинип алыўымыз тийис. Биз тараўдағы кемшиликлерди сапластырыў бойынша өткен үш жылда көплеген илажларды турмысқа енгиздик. Бирақ нәтийжелерди таллайтуғын болсақ, еле нефть-газ, электр энергиясының турақлы тәмийнатында халқымыздың, исбилерменлеримиздиң талабын толық қанаатландыра алмай атырмыз. Соның ушын, ҳәр бир мәселеге терең итибар қаратып, жаңаша көзқараслар тийкарында нәтийжели жумыс системасын шөлкемлестириўимиз керек. Егер бул ўазыйпаларды өз ўақтында әмелге асырмасақ, экономикамызда гөзлеген мақсетлеримизге ерисе алмаймыз, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Кәрханаларды модернизациялаў жумысларының жетерли емеслиги, газ жеткерип бериўде жоғалтыўлар көп екенлиги және үзилислерге жол қойылып атырғаны атап өтилди.
Энергетика министрлигине быйылғы жылда экономика тармақларына ҳәм халыққа жанылғы өнимлерин турақлы жеткерип бериў ушын тәбийғый газ қазып алыўды 2019-жылға салыстырғанда 4 миллиард куб метрден зыят көбейтиў ўазыйпасы қойылды. Өндирис ҳәм тутыныўшыларға жеткерип бериў аралығындағы технологиялық иркинишлер ҳәм жоғалтыўларды азайтыў бойынша тапсырмалар берилди.
Нефть-газ тараўын реформалаў бойынша «жойбарлаў офиси»не алдынғы халықаралық консалтинг компанияларын тартыў, кәрханаларда басшы хызметкерлердиң мийнет ҳақысын жумыс нәтийжелилигин баҳалаў көрсеткишлерине (KPI) байланыстырыў зәрүрлиги атап өтилди. Тараўдағы барлық кәрханаларда коррупцияға қарсы гүресиў бойынша «комплаенс қадағалаў» системасы енгизилетуғыны белгиленди.
«Өзбекнефтьгаз» акционерлик жәмийетине ҳәр бир кәнниң жағдайын сын көзқарастан таллап, тәбийғый газ қазып шығарыў көлемин арттырыў ўазыйпасы қойылды.
Халықтың суйылттырылған газге болған талабын қанаатландырыў мақсетинде пропан-бутан араласпасын ажыратып алыў қурылмасын қурыў ҳәм модернизациялаў бойынша 3 жойбарды жуўмақлаў зәрүрлиги атап өтилди.
Шортан газ-химия комплексинде синтетикалық суйық жанылғы (GTL) ислеп шығарыў заводы қурылысының барысы көрип шығылды. Тараў кәрханаларында «санлы кән», хожалық басқарыўы ҳәм ресурслардың автоматластырылған есабын жүргизиў бағдарламаларын (ERP) енгизиў бойынша тапсырмалар берилди.
«Өзтрансгаз» ҳәм «Худудгазтаъминот» акционерлик жәмийетлерине усы жылдың июль айына шекем 2,5 мың ири тутыныўшыны тәбийғый газ есабын жүргизиўдиң онлайн системасына жалғаў ўазыйпасы жүкленди. Тәбийғый газди қадағалаў ҳәм есапқа алыўдың автоматластырылған системасын енгизиў шеңберинде кеминде 2 миллион тутыныўшыға заманагөй электрон газ есаплағышты орнатыў зәрүрлиги атап өтилди.
Мәжилисте додаланған мәселелерди жеделлестириў бойынша жуўапкерлер белгиленди.