Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Кластерлердиң жумысын раўажладырыў мәселелери додаланды
2020-02-04 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 4-февраль күни аўыл хожалығында кластерлердиң жумысын буннан былай да раўажландырыў бойынша мәжилис өткерди.
Мәмлекетимизде аграр тараўын реформалаў, тараўға базар механизмлерин ҳәм заманагөй технологияларды енгизиў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, кластер усылы жолға қойылды, егин түрлери заман талабынан келип шығып өзгертилди. Нәтийжеде өнимдарлық та, дәрамат та артпақта. Елимизде жетистирилип атырған 80 нен аслам түрдеги аўыл хожалығы өнимлери 66 мәмлекетке экспорт етилмекте.
Мәмлекетимиз басшысының 2019-жыл 23-октябрьдеги пәрманы менен Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясы қабыл етилди. Усы ҳүжжетке муўапық, жоқары қосымша қунлы өнимлерди ислеп шығарыў мақсетинде мийўе-овощ кластерлери шөлкемлестирилмекте. 2019-жыл 11-декабрьде бул бойынша Президент қарары қабыл етилип, барлық шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тийкарлар жаратып берилди. Өткен қысқа ўақытта ҳәкимликлер тәрепинен 86 усындай кластер шөлкемлестириў бойынша усыныслар қәлиплестирилди.
Мәжилисте усы кластерлердиң режедеги қуўатлықлары, инвестиция муғдары ҳәм экспорт көлеми бойынша мағлыўмат берилди.
Атап өтилгениндей, кластерлер тәрепинен қайта ислеў, сақлаў ҳәм кептириў бойынша 430 мың тонна қосымша қуўатлықларды иске түсириў мақсетинде 96 жойбар режелестирилген. Сондай-ақ, 6 мың гектарда интенсив бағ ҳәм 8 мың гектарға шамалас майданда жүзим бағын қурыў бойынша жойбарлар ислеп шығылған. Быйылғы жылда 410 миллион долларлық өнимлердиң экспорты мөлшерленген.
Аўыл хожалығы министрлигине кластерлердиң жумысын шөлкемлестириў, сырт ел экспертлериниң жуўмағы тийкарында егинлерди нәтийжели жайластырыў, зәрүр туқымларды ҳәм нәллерди ҳәзирден баслап таярлаў, Қаржы министрлигине кластерлерди айланба қаржылар менен тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.
«Ўзбекозиқовқатхолдинг» компаниясы кластерлерге жаңа базарларды табыў ҳәм экспорт етиўде турақлы түрде әмелий жәрдем берип барыўы зәрүрлиги атап өтилди.
Мәжилисте пахташылық кластерлериниң жумысын жетилистириў, пахта ҳәм ғәлле жетистириўде мәмлекетлик режени басқышпа-басқыш бийкар етиў мәселеси де додаланды.
Мәмлекетимиз басшысы бул ҳаққында усы жыл 24-январьдағы Мүрәжатында былай деген еди: «Пахта ҳәм ғәлле жетистириўге мәмлекетлик буйыртпаны бийкар етип, усы өнимлерди базар принциплери тийкарында сатып алыў системасына басқышпа-басқыш өтемиз. Егер усы жолдан бармасақ, фермер ҳәм дийқанларымыз өним жетистириўде еркин болмайды, олар өзлери күткенлериндей пайда көрмейди, ҳәкимлердиң болса жумыс усылы өзгермейди».
Бул тараўда мәмлекеттиң араласыўын кескин азайтыў менен бирге ҳәкимлердиң реже изинен қуўыў ҳәм мәжбүрий мийнетке тартыў әмелиятына пүткиллей шек қояды.
Базар принциплерине өтиўде кластер системасы әҳмийетли фактор болып есапланады. Бүгинги күнге шекем мәмлекетимизде 73 пахта-тоқымашылық кластери шөлкемлестирилген, өткен жылғы пахта өниминиң 73 проценти солардың үлесине туўра келген. Орташа өнимдарлық кластер болмаған жерлерге салыстырғанда 4,1 центнерге жоқарылап, қосымша 428 мың тонна пахта алынған.
Мәжилисте кластерлердиң ҳуқықый статусын белгилеў, оларды таңлаў, фермерлер менен қатнасықларын дурыс жолға қойыўдың ашық-айдын механизмлерин енгизиў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
27 кластерге пахта жетистириў ушын олардың қуўатлылығына байланыслы көп жер майданы ажыратылғаны, 500 мың тонна талшық ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе айырым кластерлерге болса жетерли муғдарда жер берилмегени кескин сынға алыўға себеп болды.
Президентимиз кластерлерди таңлаўда терең қайта ислеў дәрежеси ҳәм инвестициялар көлеми, фермерлер менен есап-санақ етиўде қаржының жетерлилиги тийкарғы өлшем болыўы зәрүрлигин атап өтти.
Кластер шөлкемлестирилмеген пахта майданларында фермерлердиң қатнасында кооперациялардың жумысы жолға қойылыўы белгиленди. Онда сол аймақлардағы пахта тазалаў заводлары фермерлерге кооперация шөлкемлестириў ушын бериледи, қосымша қуннан түскен дәрамат кооперация ағзалары – фермерлер арасында бөлистириледи.
Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Әдиллик министрлигине кластерлер ҳәм фермерлердиң миннетлемелерин анық белгилеп, олардың жумысын тәртипке салыў механизмлерин ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.
Пахта жетистириўди қаржыландырыўдың әмелдеги системасы кластерлер менен ислесиўге бейимлеспегени атап өтилди. Сонлықтан, кластерлер ҳәм фермерлерди финанслық қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириў бойынша тапсырмалар берилди.
Пахта ҳәм ғәлле бойынша мәмлекетлик режени бийкарлаў, егинлерди мәжбүрий жайластырыў тәртибинен 2023-жылға шекем басқышпа-басқыш ўаз кешиў бойынша быйылғы ҳәм келеси жылда әмелге асырылатуғын илажлар ҳәр тәреплеме көрип шығылды.
Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлер мәлимлеме берди.