Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Президенти Сергей Лавровты қабыл етти
2020-01-16 | Сиясат
Бүгин, 16-январь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мәмлекетимизде рәсмий сапар менен болып турған Россия Федерациясының сыртқы ислер министри ўазыйпасын атқарыўшы Сергей Лавровты қабыл етти.
Ушырасыў басында Президентимиз стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлыққа тийкарланған еки тәреплеме қатнасықлардың раўажланыў пәти барған сайын артып баратырғанлығын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер турақлылыққа ийе болғаны, өз-ара алмасыўлар мисли көрилмеген дәрежеде жеделлескени, көп қырлы бирге ислесиўлер, бәринен бурын, саўда-экономикалық, инвестиция, энергетика, транспорт-коммуникация, мәдений-гуманитарлық тараўлар, билимлендириў ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда кеңейип атырғанлығы буны айқын дәлиллейди.
Сергей Лавров қызғын қабыллағаны ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң шын жүректен сәлемлерин жеткерди. Еки басшының мәмлекетлеримиздиң өз-ара бирге ислесиўде бүгинги дәрежеге ерисиўиндеги шешиўши роли айрықша атап өтилди.
Ушырасыўда Өзбекстан-Россия қатнасықларының әҳмийетли мәселелери көрип шығылды, халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе темалар бойынша пикир алысылды.
Быйылғы жылда өткерилиўи режелестирилген жоқары дәрежедеги ушырасыўларға таярлық мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги