Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Электр энергетикасы тармағын 2020-жылда раўажландырыў бойынша ўазыйпалар додаланды
2020-01-13 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 13-январь күни электр энергетикасы тараўын және де раўажландырыў бойынша усы жылға белгиленген баслы ўазыйпаларды додалаўға бағышланған мәжилис өткерди.
Электр энергетикасы экономикалық раўажланыўдың турақлылығын ҳәм халықтың абаданлығын тәмийинлейтуғын фактор болып есапланады. Бул тармақты модернизациялаў, энергия қуўатлықларын көбейтиў ҳәм тутыныўшыларға үзликсиз жеткерип бериў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылмақта.
Мәмлекетимиз басшысының 2019-жыл 1-февральдағы қарарына муўапық, Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги шөлкемлестирилди. Сол жылы 27-марттағы Президенттиң қарары тийкарында, «Өзбекэнерго» акционерлик жәмийети реформаланып, оның негизинде «Ыссылық электр станциялары», «Өзбекстан миллий электр тармақлары» ҳәм «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийетлери шөлкемлестирилди.
Өткен жылы мәмлекетимизде 6 ири жойбар шеңберинде улыўма 1076 мегаватт электр энергиясы қуўатлықлары иске түсирилди.
Быйлғы жылда электр энергиясынан пайдаланыў 71 миллиард киловатт-саатты қурап, өткен жылға салыстырғанда 9 процентке, яғный экономика тармақларының талабы 10, халықтики болса 8,5 процентке артыўы күтилмекте.
Мәжилисте усы мүтәжлик қайсы дәреклер есабынан қапланатуғыны, Жәҳән банки ҳәм Азия раўажланыў банки менен биргеликте ислеп шығылған «Жол картасы»ның орынланыўы додаланды.
Президентимиз 2020-жылда электр энергиясын ислеп шығарыў, бөлистириў ҳәм жеткерип бериў бойынша белгиленген илажларды толық, сапалы әмелге асырыў зәрүрлигин атап өтти.
Усы жылда ыссылық электр станцияларында 1177 мегаватт, гидро электр станцияларында 120 мегаватт қосымша қуўатлықлар иске түсирилиўи режелестирилген. Сондай-ақ, тиккелей сырт ел инвестициялары есабына 3 мың 500 мегаваттлы пуў-газ қурылмалары, 400 мегаваттлы самал ҳәм усындай қуўатқа ийе қуяш электр станцияларын қурыў бойынша жойбарлар қәлиплестирилген.
Мәжилисте тармақ кәрханаларында рентабелликти тәмийинлеў, энергиядан пайдаланыўы ушын қарыздарлықты сапластырыў мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Электр энергиясын қадағалаў ҳәм есапқа алыўдың автоматластырылған системасы бул бағдарда жақсы нәтийже берип атырғанлығы атап өтилип, «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийетине жыл ақырына шекем және 4 миллион 500 мың дана заманагөй есаплағыш орнатыў ўазыйпасы қойылды.
Мәмлекетимиз басшысы электр энергиясын ислеп шығарыў, бөлистириў ҳәм жеткерип бериўде жоғалтыўларды азайтыў мәселесине айрықша әҳмийет қаратып, бул бойынша жуўпкерлерге әҳмийетли тапсырмалар берди.
Тараўдағы реформалардың кейинги басқышында электр энергиясының бәсекили көтере-саўда базарын қәлиплестириў, генерация процесине мәмлекетлик жеке-меншик шериклик принципи тийкарында инвесторларды тартыў ҳәм бунда мәмлекет үлесин басқышпа-басқыш азайтыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте тараўды раўажландырыўдың узақ перспективалары да көрип шығылды.
Есап-санақларға бола, 2030-жылға жетип елимизде электр энергиясынан пайдаланыўы ҳәзиргиге салыстырғанда 2 есеге көп болыўы күтилмекте. Усыған бола Энергетика министрлигине кейинги он жылда улыўма қуўатлылығы 7 мың 900 мегаватт болған жаңа ыссылық электр станцияларын иске түсириў бойынша тапсырмалар берилди.
Сондай-ақ, инвесторларды тартқан ҳалда, 8 мың мегаватт қуўатлылыққа ийе қуяш ҳәм самал электр станцияларын қурыў, гидро электр станцияларын 1 мың 935 мегаваттқа арттырыў, киши гидро электр станцияларын иске түсириўди жеке-меншик секторға бериў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Жуўапкер шөлкемлерге Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте электр энергиясы тараўында заманагөй технологиялар менен тиккелей ислесетуғын орта ҳәм киши буўын қәнигелерди таярлаў бойынша бес жыллық бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.
Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша тараў кәрханалары басшылары есабат берди, илажлар белгиленип алынды.