Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Миллий бағ руўхый турмысымыздың айнасына айланады

2020-01-11 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 11-январь күни Ташкент қаласында әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары менен танысты.

Президентимиз Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий бағына барды.

Шавкат Мирзиёев Президентлик жумысының дәслепки күнлеринен баслап әдебиятқа, мәнаўиятқа айрықша итибар қаратпақта. Тараўды раўажландырыў, руўхый турмысымызда өшпес из қалдырған белгили жазыўшы ҳәм шайырлардың тарийхый естелигин мәңгилестириў, жас әўладтың руўхый-ағартыўшылық дәрежесин арттырыў бойынша бир қатар басламалар тек ғана жазыўшы ҳәм шайырларды емес, ал пүткил халқымызды руўхландырды.

Оны 2019-жыл даўамында өзбек романшылығының тийкарын салыўшы Абдулла Қадирийдиң естелигине жоқары ҳүрмет көрсетилип, пайтахтымызда оның атында дөретиўшилик мектеби ҳәм музей, жазыўшының саўлатлы естелигиниң ашылғанында да көремиз. 2020-жыл да халқымыз, миллий әдебиятымыз ушын усындай ийгиликли жумыслар менен басланды. Мәмлекетимиз басшысы жаңа жыл басында Миллий бағдағы Жазыўшылар қыябанында әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар менен танысты.

Әлийшер Наўайы бабамыздың аты менен аталыўшы Өзбекстан Миллий бағын әдебият ҳәм мәнаўият бағына айландырыў басламасы буннан үш жыл алдын Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен алға қойылған еди. 2017-жыл февраль айындағы сапар етиўи ўақтында мәмлекетимиз басшысы бул бағды халқымыздың мәдений-руўхый дәрежесин арттыратуғын, жасларымызда Ўатанға муҳаббат, әдебиятымызға ҳүрмет сезимин тәрбиялайтуғын ҳақыйқый дөретиўшилик ҳәм мәнаўият орнына айландырыў бойынша усыныслар белгиленди.

Арадан көп өтпей, сол жылы 18-апрельде Президентимиздиң «Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий бағы аймағында Жазыўшылар қыябанын қурыў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Қарар тийкарында бағдың аймағында кең көлемли дөретиўшилик жумыслар басланды. Сол жылы декабрь айында Өзбекстан Жазыўлар аўқамының заманагөй имараты пайдаланыўға тапсырылды. Мәмлекеимиз басшысы бағда қурылып атырған Жазыўшылар қыябанының жойбарлары менен танысты, дөретиўшилер ушын барлық шараят жаратылған Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының жаңа имаратын көзден өткерди, жазыўшы ҳәм шайырлар менен ушырасып, әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берди.

Усы тийкарда Жазыўшылар қыябанындағы дөретиўшилик жумыслар жаңа басқышқа шықты. Бул қыябан Әлийшер Наўайының естелиги менен үнлес болып,  тутас архитектуралық ансамбль пайда етиўи ушын жаңа жойбар ислеп шығылды. Оған бола, 8 гектардан аслам аймақ абаданластырылып, Әлийшер Наўайы естелигин қайта орнатыў белгиленген.

Жазыўшылар қыябанында өзбек әдебиятының руўхый-ағартыўшылық шежиреси сыпатында жетик жазыўшыларымыздың естеликлерин орнатыў нәзерде тутылған. Бул жерде Президентимиздиң идеясы тийкарында усы ўақытқа шекем орнатылған естеликлер қатарынан Бабур, Огаҳий, Муқимий, Фурқат, Бехбудий, Шолпан, Абдулла Қадирий, Абдулла Авлоний сыяқлы классикалық әдебиятымыздың дарғалары, сондай-ақ, Төлепберген Қайыпбергенов, Ибрайым Юсупов, Александр Файнберг сыяқлы заманагөй әдебиятымыз ўәкиллериниң естелик комплекслери орын ийелейди.

Шавкат Мирзиёев бул жерде алып барылып атырған жумыслар, естеликлердиң көринисине байланыслы жойбарлар менен танысты. Естеликлердиң жанында қосық қатарларын орнатып ҳәм аудиожазыўлар арқалы ҳәр бир жазыўшы ҳаққында қысқаша мағлыўмат бериў, олардың турмысы ҳәм дөретиўшилигине бағышланған илажлар өткериў ушын қосымша шараят жаратыў зәрүр екенлигин атап өтти. Әлийшер Наўайы естелигиниң гүмбезин безеў, аймақты абаданластырыў бойынша көрсетпелер берди.

Жазыўшылар қыябаны жанында Ташкент музейи шөлкемлестириледи. Музей бурынғы Өзбекстан мәденият ҳәм көркем өнер көргизбеси имаратында жумыс баслайды. Ҳәзирги ўақытта бул имаратты реконструкциялаў жуўмақланбақта.

Өзбекстан тарийхы мәмлекетлик музейиниң филиалы болатуғын бул музей Шош, Чоч, Бинкат, Бинокат сыяқлы атамалар менен аталған Ташкент қаласының ески дәўирлеринен баслап XVI әсирге шекем болған тарийхын өзинде қамтып алады. Музейде Ташкент қаласының тарийхый дәўирлери сийрек ушырасатуғын экспонатлар, қымбат баҳалы дәреклер ҳәм көргизбели экспозициялар тийкарында сәўлелендириледи.

Соның ишинде, биринши қабатта ески Ташкенттиң электрон макети жайласады. Тамашагөй усы электрон макет арқалы өтмиште Ташкент қандай болғаны, қаланың раўажланыў процесслерин көз алдына келтиреди. Екинши қабаттан ҳәр қыйлы дәўирлерге тән экспозициялар орнатылады.

Улыўма бул музей тек ғана ўатанласларымыз емес, ал сырт елли туристлер ушын қызық болып, жаңа туризм объекти сыпатында халқымыздың миллий өзине тәнлигин кеңнен үгит-нәсиятлаўда үлкен әҳмийетке ийе болады.

Мәмлекетимиз басшысы музейдиң концепциясына байланыслы жойбарлар менен танысып, оның мазмун-мәнисин байытыў бойынша өз пикирлерин билдирди.

– Ташкент тарийхы, бул жердеги ойшыллардың мийрасы еле толық үйренилмеген. Бул жер илимий тийкарланған, қаланың уллы өтмишин жасларға, мийманларға жеткеретуғын жер болыўы керек, – деди Президент.

Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий бағы негизинде заманагөй ҳәм жоқары технологиялы мәденият ҳәм дем алыў бағы да қурылмақта.

Президентимиз дем алыў бағының қурылысын да көзден өткерди.

Бул бағтың концепциясында миллий архитектуралық дәстүрлер ҳәм заманагөй қала қурылысының үнлеслигине айрықша итибар қаратылған. Жойбар Австралияның «Sanderson Group» компаниясы менен биргеликте әмелге асырылмақта. Усы компания дүньядағы ең заманагөй елиўден аслам парк жойбарларын таярлаўда қатнасқан.

Мәмлекетимиз басшысына жойбарды әмелге асырыў процеси ҳаққында мағлыўмат берилди.

Бағдың аймағы 21 гектар болып бул жерде жәҳән архитектурасы дурданаларының үлгилери, амфитеатр ҳәм музыкалы фонтан, аттракционлар, шаңарақлық дем алыў ушын басқа да объектлер, ири саўда-кеўилашар орай, қорған-сарай көринисиндеги салтанатлы мәресимлер орны, балалар кафеси ҳәм басқа да орынлардың қурылыўы мөлшерленген.

Аймақтың тазалығын тәмийинлеў мақсетинде бағқа каштан, қарағай, япон софорасы, магнолия, дуб, қайың сыяқлы ҳаўаны тазалаўшы ҳәм кислород пенен байытыўшы дарақлар, путалар егиледи. 70 ҳәм 100 жыллық тереклер сақланып қалынады.

Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 4-сентябрьдеги қарары тийкарында дөретиўшилик жумыслар еки басқышта әмелге асырылмақта.

Биринши басқышта 9 гектарда қурылыс-абаданластырыў жумыслары алып барылады. Заманагөй океанариум, 650 орынға ийе амфитеатр, 57 метрлик қорған, музыкалы фонтан, имаратлар, жабық шаңарақлық кеўилашар орай, кинотеатр, 600 орынға ийе автомобильлер туратуғын жер қурылады.

Бағдағы ең сийрек гезлесетуғын имаратлардың бири океанариум болып есапланады. Бул жерде сыйымлылығы 1 миллион литрге шекем болған 22 аквариум болады. Океанариумда жигирмадан аслам түрдеги сийрек ушырасатуғын балықлар, теңиз жәнликлери тәрбияланады.

Және бир әҳмийетли тәрепи, аймақтағы имаратларды қурыўда Барселона, Париж, Москва, Лондон, Амстердам, Рим, Венеция, Прага, Вена, Берлин сыяқлы дүньяға белгили қалалардағы архитектуралық үлгилерден пайдаланылды. Аймақта усы қалалардың өзине тән тағамлары, мазалы затлар таярланады ҳәм усыған тән орталық жаратылады.

Екинши басқышта 12 гектар аймақта аттракционлар, аквапарк ҳәм сейил етиў орынлары қурылады. Дүньяға белгили «Диснейленд» парки аттракционларының көширмелеринен  пайдаланылады. Италия, Германия ҳәм АҚШта ислеп шығарылған усындай ең заманагөй аттракционлар алып келинип орнатылады. Миллий бағ аймағындағы көл де реконструкцияланбақта.

Мәмлекетимиз басшысы дем алыў бағының жыл даўамында жумыс ислеўин тәмийинлеў, адамлар шаңарағы менен келип дем алыўы ушын кеңнен имканият жаратыў бойынша көрсетпелер берди. Бағда Самарқанд, Бухара, Хийўа сыяқлы қалаларымыздағы ески орынлардың макетин орнатып, жаслар ҳәм туристлердиң тарийхымызға қызығыўшылығын арттырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Усы жойбардың әмелге асырылыўы мазмунлы мәдений дем алыўын шөлкемлестириў ҳәм адамлардың бос ўақытларын кеўилли өткериўин тәмийинлейди, Ташкент қаласының туристлик тартымлылығын арттырады.

Усы жерде Ташкент қаласы районларының ҳәкимлери менен пикирлести.

Ташкент қаласын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған ең әҳмийетли бағдарлар додаланды.

Жуўапкерлердиң 8-январь күни Мәмлекетлик бюджет параметрлерин орынлаў ҳәм аймақларда исбилерменликти раўажландырыў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинен шығарған жуўмақлары, оларды тәмийинлеў бойынша режелери тыңланды.

Район ҳәкимлери инвестицияларды тартып, жаңа жойбарларды иске қосыў, исбилерменлерге мүнәсип шараят жаратып, жергиликли бюджетти беккемлеў ҳәм адамлардың дәраматларын көбейтиў жолында турақлы излениўи зәрүр екенлиги атап өтилди.

Социаллық тараў, қурылыс ҳәм коммуналлық тармақларды раўажландырыў, халық ҳәм туристлер ушын қолайлықларды арттырыў бойынша да перспективадағы әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди.

Сол күни Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Республикасы Президентиниң Ташкент қаласындағы Халық қабыллаўханасына да барды.

Мәмлекетимиз басшысы сиясатының тийкары болған халық пенен пикирлесиў системасы халықтың мәплерин тәмийинлеп, адамлардың турмысқа, мәмлекетке исенимин беккемлемекте.

Жақында Ташкент қаласы, Бунёдкор проспект көшеси, 2-үйде  жаңа Халық қабыллаўханасының имараты пайдаланыўға тапсырылды. Бул жерде пуқараларды қабыллаў ушын ханалар, Мәмлекетлик хызметлер орайының шақапшасы, халыққа бийпул юридикалық жәрдем көрсетиўши «Мәдет» мәмлекетлик емес-коммерциялық емес шөлкеминиң бюросы, психолог, медициналық хызмет көрсетиў, ана ҳәм бала ханалары, буфет, пуқаралар күтиў залы бар. Бул жерде күнине 200 ге шекем мүрәжат етиўшини қабыллаў мүмкин.

Қабыллаўханада халық пенен тиккелей сөйлесиў, мүрәжатларды көрип шығыў ушын заманагөй шараятлар жаратылған. Пуқараларға қолайлы болыўы ушын тараўлық бөлимлер шөлкемлестирилген.

Өткен дәўирде Президенттиң виртуал қабыллаўханасы ҳәм Халық қабыллаўханалары арқалы 3 миллион 650 мыңнан аслам адам мүрәжат еткени жәмийетимизде әдиллик принциплерин беккем енгизиўде Халық қабыллаўханаларының әҳмийети қаншелли жоқары болып атырғанын көрсетеди. Бул мүрәжатлардың 2 миллионға шамаласы шешилген, 1,5 мүрәжат етиўшиге ҳуқықый түсиник берилген. Буннан тысқары, орынлардығы Халық қабыллаўханалары тәрепинен көшпели қабыллаўларда 1 миллион 700 мың пуқара менен пикирлесиўлер шөлкемлестирилген. Халық қабыллаўханалары ҳәм секторлардың жуўапкерлери үйме-үй жүриўиниң нәтийжесинде 988 мың машқалалы жағдайға шешим табылған.

Мәмлекетимиз басшысы Халық қабыллаўханасында жаратылған шараятларға жоқары баҳа берди.

– Бул жерге келген адам барлық сораўларына жуўап табыўы, Ташкент бул бағдарда үлги болыўы керек, – деди Президентимиз.

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Умар АСРОРОВ,

ӨзАның хабаршылары

Поделиться